Эркин Турдимов Сырдәрья ўәлаяты ҳәкими лаўазымына тастыйықланды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Халық депутатлары Сырдәрья ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтпекте.
– Халқымыз жақсы жасасын, перзентлери заманагөй билим ҳәм кәсип ийелесин, дәраматы көбейсин деп ҳәрекет етип атырмыз. Мен исенемен, және бир-еки жыл қатты изленсек, Сырдәрьяда жүдә үлкен өсиў, раўажланыў болады.
Ўәлаятта мине, усындай жумысларды шөлкемлестириў ушын исенимли, талапшаң, ең тийкарғысы, халық ҳәм исбилерменлерди қыйнап атырған мәселелерге жедел шешим табатуғын потенциаллы басшы керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Президентимиз халық ҳәм исбилерменлердиң пикирин үйренип, Сырдәрья ўәлаятыныӊ ҳәкими лаўазымына ҳәким ўазыйпасын атқарып атырған Эркин Турдимовты усыныс етиўге қарар еткенин атап өтти.
Ўәлаят белсендилериниң пикирлери тыңланып, ҳәкимди тайынлаў мәселеси даўысқа қойылды. Даўыс бериў нәтийжелерине бола, Эркин Турдимов Сырдәрья ўәлаяты ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.
Ҳәким Сырдәрьяны раўажландырыў бойынша режелерин турмысқа, халықтың турмыс тәризине көширип, ўәлаятты ең алдыңғы аймақлардан бирине айландырыў ушын келеси жылы ўәлаятқа жәми 3 миллиард доллар инвестиция киргизиў, экспортты 500 миллион долларға жеткериў, 185 мың адамды бәнт етиў бойынша қатты ислеўи керек екенлиги көрсетип өтилди.
ӨзА