Усы жылдың өзинде Сырдәрья халқының турмысын жақсылаў ушын 100 миллион доллар берилди

Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Халық депутатлары Сырдәрья ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтпекте.
Сырдәрьяда бақша, мектеп, емлеўхана орынларын көбейтиў, электр, суў, канализация ҳәм жолларды жақсылаў бойынша да унамлы өзгерислер болды.
Бир ғана мысал, усы жылдың өзинде Сырдәрья халқының турмысын жақсылаў ушын 100 миллион доллар берилди.
Нәтийжеде 47 мектеп, 45 бақша, 31 медицина мәкемеси, 5 спорт ҳәм мәденият орайы толық оңланып үскенеленди.
Сондай-ақ, 87 километр тармақ тартылғаны себепли Гүлистан қаласындағы 22 мың шаңараққа ишимлик суўы үзликсиз барып тур.
Жылдың ақырына шекем және 9 километр жаңа тармақ тартылып, Мырзабад, Сардоба, Боёвут, Ховос районлары ҳәм Янгиер қаласындағы 12 мың шаңарақ турақлы ишимлик суўы менен тәмийинленеди.
Бул жумыслар даўам еттирилип, ўәлаяттағы электр, жол, суў, канализация ҳәм басқа да инфраструктураға байланыслы мәселелерди шешиў ушын келеси жылы және 100 миллион доллар ажыратылатуғыны белгиленди.
ӨзА