Ҳәзир планетамыздағы ең суўық жер қайсы мәмлекетте?

11

2025-жыл декабрь айының басында планетамыздағы ең суўық мәмлекет Россия болып тур, деп хабар берди Gismeteo порталы.

Порталға бола, гәп соңғы күнлерде Жердиң ең музлаған ноқатына айланған Верхоянск қаласы ҳаққында бармақта.

“Ҳәзир бул жерде сутка даўамында ҳаўа температурасы -50°С әтирапында сақланып тур. Салыстырыў ушын: Россияның Антарктикадағы “Восток” станциясында ҳәзир ҳаўа салқынлығы – “тек ғана” -30°С. Полярда жайласқан Верхоянскте қыраў аномалиясы басланғанына бир айдан асты. Ноябрьде орташа температура -39 градусты қурап, қала Россиядағы ең суўық елатлы пунктке айланды”, – дейди метеорологлар.

Егер 2025-жыл даўамындағы ең суўық жер нәзерде тутылса, минус температуралар рекордшысы – Антарктида. “Муз материк” ишинде ҳаўаның орташа температурасы -56,7°С ты қурады. 2004-жылы бул жерде -98,6°С белгиленгени жасалма жолдаслар арқалы бақланған. Бул Жердеги абсолют минимум.

Екинши орында – жоқарыда атап өтилген Верхоянск ҳәм Яқутия Оймякон. Ҳәр еки қалада да -67,8°С қа шекемги температура дизимге алынды.

Үшинши орында – Юкон (Канада).

Қарақалпақстан хабар агентлиги