Майыплығы болған балалар турақлы итибарда

11

Қарақалпақстан Республикасында улыўма орта билим бериў мектеплеринде майыплығы болған 1 мың 125 оқыўшы жеке тәртипте, улыўма орта билим бериў мектеплеринде шөлкемлестирилген 124 инклюзив класс ҳәм таяныш коррекция классларында болса 311 оқыўшы билим алмақта.

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов Нөкис қаласындағы 27-санлы мектепте шөлкемлестирилген инклюзив класста билим алып атырған балалар менен ушырасты, оларға жаратылған шараятлар менен таныстырылды, балалардың айтқан байрам қосықлары тыңланды, саўғалар тапсырылды.

Буннан соң, “Өрнек” ҳәм “Алмазар” мәҳәллелеринде денсаўлығы себепли жеке тәртипте үйде билим алып атырған оқыўшы-жаслардың шаңарақларында болып, машқалалар бойынша сәўбетлести, балаларға оқыў қураллары, байрам саўғалары берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги