Излеўде болған “LACETTI” Шымбай районынан табылып, аукционға шығарылды

11

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Айрықша орынлаў ислерин орынлаў бөлими ис жүргизиўинде болған, Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлар аралық судының 2024-жыл 23-май күнги орынлаў ҳүжжетине бола, қарыздар Н.Б. дан өндириўши АКБ “Капитал банк” Нөкис филиалы пайдасына 118 миллион сум кредит қарызын өндириў белгиленген.

Орынлаў ҳәрекетлери даўамында, қарыздардың атында “LACETTI” маркалы автотранспорт қуралы бар екенлиги анықланып, оны хатлаў мақсетинде қарыздар жайласқан мәнзилге бир неше мәрте барылғанда, мүлк усы мәнзилде болмағанлығы себепли оған қарата излеў жәрияланған.

Бөлим инспекторы Ш.Ималатдинов тәрепинен Бюроның Шымбай районлық бөлими мәмлекетлик орынлаўшысы менен биргеликте алып барылған ҳәрекетлер нәтийжесинде қарыздарға тийисли болған автомашина Шымбай районында жайласқан мешит жанынан табылған.

Қарыздар тәрепинен көрсетилген қарсылықларға қарамастан автомашина жәрийма майданшасына қойылған ҳәм усы жылдың 24-ноябрь күни электрон онлайн-аукцион саўда майданшасы арқалы сатыўға шығарылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги