Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темир жолының әҳмийети қәниге нәзеринде

9

“Өзбекстан темир жоллары” басқармасы баслығының биринши орынбасары Ҳикматулла Раҳматовтың пикиринше, Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан темир жолы, соның ишинде, Транскаспий халықаралық транспорт жөнелисиниң нәтийжелилигин де кескин арттырады. Қәниге бул ҳаққында Бакуде болып өткен ҒМДА темир жол транспорты кеңесиниң 83-мәжилисинде айтып өтти.

– Бүгинги күнде бул жолдан пайдаланыў көлеми жедел кеңейтилмекте, – дейди Ҳ.Раҳматов. – Қурылыс жедел даўам етпекте, жойбарды 2030-жылға жуўмақлаў режелестирилген. Биринши басқышта жүк тасыў көлеми жылына 3-4 миллион тоннаны қурайды. Кейин ала бул көрсеткиш 15 миллион тоннаға жеткериледи. Қытай, Өзбекстан ҳәм Қырғызстаннан жиберилген жүктиң тийкарғы бөлеги Европаға барады. Усы тәризде “Өзбекстан темир жоллары” мәмлекетимиз аймағынан тысқарыда биринши инвестициялық жойбарды әмелге асырмақта.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы себепли қоңсы мәмлекетлер менен келисилген ҳәрекетлер жүрип кетти. Дөретиўшилик пәти күтилгенинен әдеўир жоқары. Айтыў мүмкин, кестеден илгерилеп кеттик. Басқаша айтқанда, дәслеп алты жылға мөлшерленген қурылыс процесин төрт жылда питкериў имканияты бар. Усы жерде тәбийғый сораў туўылады: Бул темир жолдың қурылысы қандай нәтийже береди? Бириншиден, Қытай менен Европа арасында жүк тасыйтуғын ҳәзирги жол Орайлық Азия, Кавказ мәмлекетлери арқалы байланыс есабынан 1000 километрден көбирек қысқарады. Яғный, раўажланып атырған экономикаларға тиккелей унамлы тәсир жүдә жоқары. Еслетип өтемиз, 2024-жыл 27-декабрьде Қырғызстан Президенти Садир Жапаров Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темир жолы қурылысын рәсмий түрде баслап берди.

– Бул жөнелис Қытайдан Қырғызстан арқалы Орайлық Азия ҳәм Жақын Шығысқа және Европа Аўқамына жүк жеткерип берилиўин тәмийинлейди, – деген еди сонда Жапаров.

Улыўма, Чин үлкесин регионымыз бенен байланыстыратуғын темир жол тармағын қурыў жойбары дерлик 25 жылдан берли додаланбақта. Өткен дәўир даўамында Қытайдан Қырғыз Республикасы арқалы Өзбекстанға, соңынан Түркменстан, Иран ҳәм Түркияға баратуғын жөнелистиң бир неше варианты көрип шығылды.

Ҳүжжетке бола, тастыйықланған халықаралық транспорт коридоры “Қашқар – Торугарт – Макмал – Жалалабад – Әндижан” жөнелиси үйлескен варианты бойынша қурылады. Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан темир жолының улыўма узынлығы 532,53 км болып, шама менен 312 километри Қырғызстан аймағынан өтеди. Келисим шәртлерине тийкарланып, қоспа кәрхананың үлеси Қытайда 51, Қырғызстан ҳәм Өзбекстанда 24,5 проценттен.

 

Муҳаррама Пирматова таярлады. ӨзА