Конституция – әдил мәмлекет, бийғәрез суд ҳәм санлы раўажланыў тийкары

64

Дүньядағы дәслепки конституциялардан бири есапланған АҚШ Конституциясы 1787-жылы қабыл етилген болып, оған усы күнге шекем 27 мәрте өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген.

Бул процесс ҳәр қандай миллий конституция – жанлы механизм екенин, жәмийет раўажланыўы менен бирге жаңаланып баратуғынын көрсетеди. Усы мәнисте, Өзбекстан да ғәрезсизликке ерискеннен кейин өзиниң Тийкарғы нызамын қәлиплестирди ҳәм бүгинги күнге шекем оған 14 мәрте өзгерис ҳәм қосымшалар киргизди. Бул жаңаланыўлар мәмлекетлик басқарыўды демократияластырыў, инсан ҳуқықларын күшейтиў, мәмлекетлик уйымлар арасындағы тең салмақлылықты тәмийинлеў ҳәм жергиликли басқарыў системасын реформалаўға хызмет етти.

2023-жыл 30-апрельдеги улыўмахалықлық референдум миллий Конституциямыз тарийхында пүткиллей жаңа бет ашты. Конституция статьялары 128 ден 155 ке, ҳуқықый нормалар 275 тен 434 ке арттырылып, 65 процентке жаңаланды. Жаңа редакциядағы Конституциямызда мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте Өзбекстан “социаллық мәмлекет” сыпатында тән алынды. Бул болса, халықты социаллық қорғаў, кем тәмийинленген қатламларды қоллап-қуўатлаў, инсан мийнети ҳәм абырайына ҳүрмет, мүнәсип турмыс кепилликлери сыяқлы принциплерди мәмлекетлик миннетлеме дәрежесине алып шықты. Инсан ҳуқықлары бағдарында 40 тан аслам жаңа кепилликлер киргизилип, жеке мағлыўматларды қорғаў, адвокат жәрдеми, әдил судлаў ҳуқықлары күшейтилди. Жаслар, балалар, кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларды қорғаў бойынша бурын болмаған арнаўлы нормалар киргизилди.

Конституцияның турмыста әмел етиўин тәмийинлеўши тийкарғы институт – суд ҳәкимияты болып есапланады. Сонлықтан, кейинги жыллары суд-ҳуқық тараўында кең көлемли реформалар әмелге асырылды. Әсиресе, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти енгизиў тараўда жаңа басқышты баслады. Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2025-жыл 21-августта қабыл етилген “Судлардың жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў ҳәм суд системасының материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаў ҳаққында”ғы пәрман суд системасының раўажланыўында кескин бурылыс болды. Пәрманға муўапық, арза бериўден алдын AI жуўмақлаўшы қарардың шама менен алынатуғын модели ҳәм қәрежетлерди есаплайды. Мүрәжатлар толық электрон түрде қабыл етилип, тәреплер аралықтан турып қатнасады. Суд ҳүжжетлери онлайн усынылып, протоколлар реал ўақытта автомат түрде қәлиплестириледи ҳәм суд қарарларын таярлаўда жасалма интеллект жәрдем береди. 2025-жылы пайтахтта экономикалық, ҳәкимшилик ҳәм пуқаралық ислер бойынша биринши мәрте “Санлы суд” заллары иске түсирилип, 2026-2027-жылларда мәмлекет бойлап енгизилиўи белгиленген. Бул система пуқаралар ушын да, судлар ушын да оператив, аңсат, ашық-айдын ҳәм әдил орталық жаратады.

Суд ҳәкимиятының қалыс ҳәм еркин болыўы – Конституцияда белгиленген әдил мәмлекеттиң тийкарғы кепили болып есапланады. Сонлықтан мәмлекет басшысының суд тараўындағы және бир әҳмийетли ҳүжжети – “Судьялар жәмийетшилиги уйымлары жумысының нәтийжелилигин ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў және суд еркинлиги кепилликлерин буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы, судьялар корпусын беккемлеўге қаратылған стратегиялық қәдем сыпатында қабыл етилди.

Пәрман судьяларды таңлаў ҳәм тайынлаў процесслерин ашық-айдын етиў, олардың институционаллық еркинлигин тәмийинлеў, судьялар жәмийетшилиги уйымларының жумысын жетилистириў, пуқаралардың исенимине ылайық суд системасын қурыў сыяқлы мақсетлерди өз ишине алады. Бул – Конституцияда белгиленген “суд еркинлиги” принципин әмелде толық тәмийинлеўге қаратылған қүдиретли механизм болып есапланады.

Бүгинги Өзбекстанда Конституция бир ҳуқықый ҳүжжет емес – ол халықшыл сиясат, инсан қәдири, әдиллик ҳәм турақлы раўажланыўдың тийкарғы бағдарламасына айланған. Суд системасында болып атырған өзгерислер, жасалма интеллектке тийкарланған “Санлы суд”, судьялардың бийғәрезлигин беккемлейтуғын пәрманлар – ҳәммеси Конституциямыз белгилеп берген жолдың логикалық даўамы болып есапланады. Конституциядағы ҳәр бир норма, ҳәр бир ҳуқық ҳәм ҳәр бир принциптиң ҳақыйқый турмысқа енгизилиўи – елимизде нызам үстинлиги ҳәм әдил жәмийетти тәмийинлеў ушын хызмет етеди.

Камал Тарихов,

Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы.

Қарақалпақстан  хабар агентлиги