Президент Олимпиадасы ойынларыныӊ жеӊимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери ҳәм барлық қатнасыўшыларына

11

Әзиз перзентлерим!

Ҳүрметли ата-аналар, устаз ҳәм тренерлер!

Бәринен бурын, бәршеңизди Ўатанымыз турмысында өшпес из қалдырған Президент Олимпиадаcы ойынларындағы табыслы қатнасыўыңыз бенен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Әлбетте, сайлап алыў басқышларында 100 мыңнан аслам ул-қызларымыз арасында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған 3 мыңға шамалас сиздей ең күшли ҳәм нәўқыран спортшыларымыздың мүнәсип қатнасыўы себепли бул жарыслар Өзбекстан спорты теӊи-тайы жоқ система болып қәлиплескенин бүгин терең қанаатланыўшылық пенен атап өтиўге ҳақылымыз.

Дерлик он күн даўам еткен қызғын ҳәм маўасасыз беллесиўлерде ерисилген жеңислер, рекорд нәтийжелер бул пикирди айқын дәлиллеп тур.

Әсиресе, аўыр атлетикашы қызларымыз Шаҳноза Ҳайдарова, Моҳинур Эсонбоева, жеңил атлетикашы қызларымыз Садафбону Нусратуллоева Өзбекстан рекордын жаңалағаны, грек-рим гүреси бойынша 17 жасар Қамариддин Худойберганов әмелдеги Азия ҳәм жәҳән чемпионларын, Комила Султанова, Умарали Абдужабборов, Мираслава Омелченко сыяқлы таеквондошыларымыз болса мәмлекет чемпионларынан үстин келип, ең жоқары минберлерге көтерилгени мақтаўға ылайық.

Және бир әҳмийетли тәрепи – буннан төрт жыл бурын жолға қойылған “Бес баслама олимпиадасы” системасында табылған қәбилетли жасларымыздан 23 и усы Олимпиаданың жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине айланды.

Булардың барлығы Президентлик олимпиадасының жасларымыз ушын оғада жуўапкершиликли жарысқа айланғанын ҳәм өзиниң даңқлы дәстүрлерин қәлиплестире баслағанын көрсетеди.

Спорт тараўындағы дәслепки қәдемлерин қәдирдан мәҳәллесинен баслаған, бүгин өз аймағының абырайын исенимли қорғаған бул перзентлеримиз келешекте жәҳән ареналарында Ўатанымыздың даңқын пүткил дүньяға жаятуғынына исенемен.

Қәдирли спортшы жаслар!

Сизлердиң қатнасыўыңызда болып өткен беллесиўлерди биз пүткил халқымыз бенен биргеликте үлкен қызығыўшылық ҳәм толқынланыў менен бақлап, Жаңа Өзбекстанда жоқары потенциаллы олимпиада резервлери жетистирилип атырғанынан кеўлимиз қуўаныш ҳәм мақтанышқа толды.

Жарыстың жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери, олардың ата-аналары ҳәм тренерлерин айрықша қутлықлаған ҳалда бир пикирди атап өтпекшимен. Негизинде бундай жарысларда қатнасыўдың өзи үлкен бахыт, үлкен жетискенлик. Себеби бул ойынлар сизлердиң қәлбиңизге Олимпиада руўхын, Олимпиада идеяларын алып киреди, жәҳән ареналарына исенимли барыўда үлкен тәжирийбе ҳәм шеберлик мектеби болып хызмет етеди.

Сөзсиз, биз бул системаны және де жетилистирип, оның қурамына келеси жылдан баслап, суў спорты, велоспорт, триатлон, қылышласыў ҳәм командалық спорт түрлерин де киргиземиз. Олимпиадамыздың ҳәр бир басқышына халықаралық спорт нормалары толық енгизиледи ҳәм жоқары шеберликтен пайдаланатуғын спортшыларды таярлаў ушын тренерлерди заманагөй методология ҳәм көзқараслар тийкарында оқытыў системасы жолға қойылады.

Сондай-ақ, жарыслардың нәтийжелерин ашық-айдын усылда баҳалаў ушын төрешилердиң маманлығы арттырылып барылады, спорт түрлеринен келип шығып, спорт мектеплери ҳәм дөгереклериндеги шараятлар жақсыланады.

Мине, усы жумысларды әмелге асырыўда быйылғы жарысларда топлаған билим ҳәм тәжирийбеңиз, әмелий усынысларыңыз бенен сизлер де мүнәсип қатнасасыз, деп исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, бул беллесиўлердиң сайлап алыў ҳәм финал басқышларын жоқары дәрежеде шөлкемлестирген аймақларымыз, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары және жуўапкер шахсларға, спорт федерациялары, жоқары оқыў орынлары, техникум ҳәм мектеплердиң жәмәәтлерине, жанкүйер волонтёрларымызға, жасларымызды қоллап-қуўатлап атырған барлық спорт ықласбентлерине, көп миллетли халқымызға шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Сизлер бүгин үлкен шеклерди қолға киргиздиңиз. Алдыңызда болса буннан да бийик асырымлар турыпты.

Бәршеңизге алдағы жарысларда және де жарқын жеңис ҳәм нәтийжелер яр болыўын тилеймен.

Тынымсыз излениўден, алға барыўдан ҳеш қашан тоқтамаң, әзиз перзентлерим!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти