Пайтахтта транспорт тараўын раўажландырыў ҳәм тығылысларды азайтыў бойынша презентация болып өтти

Президент Шавкат Мирзиёев 3-декабрь күни Ташкентте транспорт басқарыўын жетилистириў ҳәм тығылыслардың алдын алыў илажларына байланыслы презентация менен танысты.
Кейинги жыллары пайтахтта жәмийетлик транспортты раўажландырыў бойынша бир қанша жумыслар исленди. Автобуслар парки еки есеге кеңейтилип, олардың улыўма саны 1,9 мыңға шамаласты, қатнаў интервалы 30 минуттан 15 минутқа қысқарды. Нәтийжеде автобуслардан пайдаланыўшылардың саны күнлик 1,4 миллионға жетти.
Жер асты ҳәм жер үсти метро линияларының улыўма узынлығы 70,5 километрге жеткерилип, бәндиргилер саны 29 дан 50 ге шекем көбейди. Метро бир күнде 900 мың жолаўшыға хызмет көрсетпекте.
Қала көшелеринде ҳәрекетти шөлкемлестириўдиң техникалық жумысларының көлеми кеңейип, 2870 белги алмастырылды, 2770 жаңа белги ҳәм 55 светофор орнатылды.

Соның менен бирге, халық ҳәм транспорт қураллары санының өсиўи, қаладағы экономикалық процесслер нәтийжесинде жол инфраструктурасына жүклеме кескин артпақта. Пайтахттың тийкарғы транспорт жолларына басым 2 есеге артқаны, кейинги жыллардағы 7-8 баллық тығылыслар әдеттеги жағдайға айланғаны көрсетип өтилди. Жәмийетлик транспорттан пайдаланыў үлеси жеке меншик автомобильлердикинен аз болып қалмақта. Булардың барлығы экологиялық жағдайға да өз тәсирин көрсетип келмекте.
Дүнья әмелиятында жол ҳәрекетин басқарыўдың ең нәтийжели усылы сыпатында интеллектуаллық транспорт системасы (ITS) кеңнен қолланылмақта. Бул қатнасқа бола, қалаларда ҳәрекетти өз ўақтында қадағалаў, таллаўды алып барыў ҳәм режелестириў орайласқан ҳалда әмелге асырылады.
Презентацияда усы мақсетте Ташкент қаласында бирден-бир жол ҳәрекетин шөлкемлестириў орайын жаратыў усыныс етилди.

Орай транспорт ҳәм пиядалар ағымларын таллаў ҳәм моделлестириў, интеллектуаллық транспорт системасын енгизиў ҳәм басқарыў, транспорт мастер-режеси ҳәм каркасын ислеп шығыў ҳәм енгизиў, электр қуўатлаў инфраструктурасын раўажландырыў, индивидуал ҳәрекетлениў қуралларынан пайдаланыўды хошаметлеў сыяқлы ўазыйпалар менен шуғылланады.
Орай интеллектуаллық транспорт системасының операторы есапланады. Бул платформа камералар, сенсорлар, GPS қураллары арқалы топланған мағлыўматларды, атап айтқанда, жасалма интеллекттен пайдаланған ҳалда таллап, тығылыслар статистикасын жүргизиў ҳәм оларды болжаў, маршрутларды оптималластырыў, светофор фазаларын адаптив тәризде өзгертиў, жол-транспорт ҳәдийселери жүз бергенде айрықша хызметлерди шақырыў сыяқлы имканиятларға ие болады.
Системаның енгизилиўи нәтийжесинде жолларда транспорт ҳәрекетиниң орташа ўақты ҳәм айрықша хызметлердиң ЖТҲ орнына жетип келиў ўақтының қысқарыўы, тийкарғы жоллардағы тығылыслар ҳәм жол-транспорт ҳәдийселериниң азайыўы күтилмекте.
Президентимиз усынысларды мақуллап, пилот жойбарды усы жылдың өзинде иске қосып, келеси жылларда оны кеңейтиў, 2030-жылға шекем оны аймақлар менен интеграциялаўды тапсырды.
ӨзА