Жасалма интеллект: келешекте жумыссызлық саны артып барады (ма?)

14

Кейинги жылларда жасалма интеллект технологиясы түрли тараўларға жедел кирип бармақта. Инсан мийнетине тийкарланған процесс автоматластырылып, айырым тармақларда жумыс орны қысқарып атырғаны ҳаққындағы пикирлер дүнья көлеминде айрықша додалаўларға себеп болмақта. “Келешекте жумыссызлық күшейип бара ма?” деген сораў бүгин тек ғана экономистлер емес, ал сиясатшылар, социаллық тараў қәнигелери ушын да әҳмийетли түс алды.

Ҳәзирги жағдайды талласақ, жасалма интеллект бәринен бурын тәкирарланатуғын, стандарт ҳәм үлкен көлемдеги мағлыўматқа таянатуғын ўазыйпаларды тез ҳәм аңсат орынлаў имканиятын беретуғынына гүўа боламыз. Бул болса өндирис, логистика, банк секторы, хызмет көрсетиў сыяқлы тараўларда санлы шешимлерди жедел енгизиўге түртки береди. Айырым мәмлекетлерде бухгалтерия, диспетчерлик, қолдан мағлыўмат киргизиў сыяқлы техникалық ўазыйпалар қысқартылып, автомат система енгизилмекте. Соның менен бирге, кәрханалар бәсекиге шыдамлылықты арттырыў ҳәм қәрежетти қысқартыў ушын интеллектуаллық технологияны барған сайын кеңнен қолланбақта.

Қәнигелердиң пикиринше, бул процессти жумыссызлықтың мәжбүрий өсиўи, деп баҳалаў бир тәреплеме қатнас есапланады, себеби тарийхый тәжирийбе көрсетеди, ҳәр бир технологиялық революция жаңа түрдеги жумыс орынларын жаратып, жаңа кәсиплердиң пайда болыўына алып келеди. Әсиресе, жасалма интеллект тараўында мағлыўмат анализи, алгоритмди жойбарлаў, модель жаратыў, IТ-қәўипсизлик, робототехника, интеллектуаллық сервисти мониторинг етиў сыяқлы онлаған жаңа бағдарлар қәлиплеспекте. Бул тараўлар мийнет базарында жоқары талапқа ийе болып, келешекте және де кеңейиўи күтилмекте. Қалаберди, санлы хызмет көрсетиў, инсан ҳәм жасалма интеллект бирге ислесиўи, интеллектуаллық таллаў ҳәм санлы логистика сыяқлы жаңа ўазыйпаларды орынлайтуғын қәнигелерге талап артпақта. Ҳәзир ири көлемли мағлыўматлар менен ислесиў, бизнес процесин әпиўайыластырыў, автомат системаны қадағалаў бойынша қәнигелер ең қолайлы ҳәм жоқары мийнет ҳақы төленетуғын кадрлар қатарынан орын ийелемекте.

Усы көзқарастан экспертлер жасалма интеллекттиң раўажланыўы жумыс орнын азайтыў менен бирге жаңа тараўларға талап арқалы мийнет базарын қайта қәлиплестириўи де мүмкин екенлигин атап өтеди. Басқаша айтқанда, мәселе жумыссызлықтың кескин артыўы емес, ал кадрлардың жаңа шараятқа бейимлесиў дәрежесине байланыслы болады. Егер жәмийетте қайта таярлаў, қәнигелик арттырыў ҳәм санлы көнликпе пайда етиў системасы нәтийжели шөлкемлестирилсе, жасалма интеллект жумыссызлықты көбейтпей, керисинше, жаңа инновациялық хызметлер, заманагөй қәнигеликлер қәлиплесиўине жәрдемлеседи.

Бул бағдарда мәмлекеттиң роли де әҳмийетли. Раўажланған мәмлекетлер интеллектуаллық технологиядан келип шығатуғын социаллық қәўипти азайтыў ушын арнаўлы бағдарламалар ислеп шықпақта. Мәселен, санлы саўатлылықты арттырыў, жаңа кәсиплер бойынша қысқа курсларды енгизиў, жумыс орнының өзгериўине бейимлесиў механизмин қәлиплестириў бойынша. Усы қатнас санлы трансформация даўамында халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдем береди.

Соған бола, жасалма интеллект инсан мийнетин толық алмастырады, деген пикир еле жетерли тийкарға ийе емес. Қәнигелердиң пикиринше, экономикалық процесс анализи, билимлендириў тараўында жүз берип атырған санластырыў тенденциясы ҳәм технологиялық өзгерислер тәжирийбеси мийнет базарында түпкиликли жаңаланыў жүз беретуғынын, соның менен бирге жаңа имканиятлар да қәлиплесетуғынын көрсетпекте.

Демек, келешекте жумыссызлық дәрежеси жасалма интеллект имканиятына емес, ал жәмиеттиң санлы орталыққа қай дәрежеде таяр екенлигине байланыслы. Санлы көнликпени раўажландырыў, заманагөй кәсиплерге өтиў ҳәм жаңа технологиялар менен ислесиў мәдениятын қәлиплестириў болса бул процессте турақлы раўажланыўды тәмийинлейтуғын тийкарғы факторлар болып есапланады.

Д.Ҳакимов, ӨзА