Мәмлекетлик уйымлар ҳәм халық арасындағы сөйлесиў механизмлерин және де жетилистириў мәселелери додаланды

Президент Шавкат Мирзиёевқа мәмлекетлик уйымлардың халық пенен коммуникациясы нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жумыслар бойынша мәлимлеме берилди.
Елимизде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында әмелге асырылып атырған кең көлемли жаңаланыўлар процесинде халықтың мүрәжатлары менен ислесиў системасын да жетилистириў, Халық қабыллаўханаларының имканиятларын кеңейтиў, жумысына заманагөй қатнасларды енгизиў, жәмийетшиликтиң пикирин тереңирек үйрениў ҳәм қарарлар қабыл етиўде оны есапқа алыў барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болып атырғаны атап өтилди.

Халықтың кейпияты, талап ҳәм арзыў-нийетлерин анық және толық үйрениўде заманагөй, профессионал социология ҳәм таллаў усылларынан пайдаланыў зәрүр екенлиги, бул реформалар қаншелли нәтийжели болып атырғаны ҳаққында қалыс мәлимлеме алыў және келешекке мөлшерленген раўажланыў бағдарламаларын дурыс ислеп шығыўдың әҳмийетли факторы екени көрсетип өтилди.
Президентимиз халық пенен пикирлесиў мәдениятын избе-из арттырыў, пуқараларды тыңлаў, олардың пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда қарар қабыл етиў мәмлекетлик уйымлардың жумысында баслы норма болыўы шәрт екенлигин атап өтти.

Пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатларға тек ғана оператив жуўап бериў емес, ал оларды системалы таллап, социологиялық изертлеўлер нәтийжелери менен салыстырыў арқалы тийисли шешимлерди усыныс етиў, улыўма, мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы қарым-қатнастың сапасын ҳәм исенимди беккемлеў мәмлекетлик ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының тийкарғы ўазыйпаларынан бири екени және бир мәрте көрсетип өтилди.

Ҳәкимият ҳәм халық арасындағы турақлы қарым-қатнастың институционаллық тийкарларын беккемлеп, жаңаша қатнасықларға тийкарланған заманагөй моделин қәлиплестириў, оны жәмийетлик пикирди үйрениў системасына байланыстырыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Жуўапкерлерге халық пенен пикирлесиў механизмлерин буннан былай да жетилистириў, пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў нәтийжелилигин арттырыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА