Химия санаатын раўажландырыў режелери презентация етилди

14

Президент Шавкат Мирзиёев химия санаатында өндирис ҳәм экспортты арттырыў және өзине түсер баҳаны азайтыў бойынша презентация менен танысты.   

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде химия санаатын жедел раўажландырыў ҳәм санластырыў бойынша анық стратегия қабыл етилген. 2030-жылға шекем тармақ көлемин кеминде еки есеге арттырыў, минерал төгинлер ислеп шығарыўды 1,5 есеге көбейтиў ҳәм экспорт көлемин 1 миллиард долларға жеткериў режелестирилген.

Бүгинги күнде тармақта улыўма баҳасы 1 миллиард долларлық 21 ири жойбар әмелге асырылмақта, келеси үш жыл ушын және 4,5 миллиард долларлық басламалар қәлиплестирилген.

Презентацияда химия санаатындағы ири кәрханаларда айырым өндирис қуўатлықларының ескиргени ақыбетинде энергия қәрежетлериниң жоқарылығы ҳәм бәсекиге шыдамлылығының төменлиги көрсетип өтилди. Мысалы, азотлы төгинлер өзине түсер баҳасының 55 процентине шекемги бөлеги энергия қәрежетлерине туўра келмекте.

Тараўда энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм санластырыў арқалы қәрежетлерди кескин қысқартыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Дүньяда химия өнимлериниң базары тез пәтлер менен өсип бармақта. Қоңсы мәмлекетлерде 1 миллиард долларлық өнимлерге талап ҳәм логистика ушын қолайлы шараятлар болса да, бул потенциалдан жетерлише пайдаланылмай атырғаны атап өтилди.

Презентацияда жергиликли шийки затты терең қайта ислеў есабынан жаңа өним түрлерин өзлестириў ҳәм экспортты кеминде еки есеге арттырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Усы жылы Ташкент, Наўайы ҳәм Жиззақ ўәлаятларында “жасыл” минерал төгинлер, циан дузлары, калий ксантогенат, калий сульфат сыяқлы жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығаратуғын жойбарлар иске қосылды. Бул жаңа өнимлердиң экспортын арттырыўды ҳәзирден есап-санақ етиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Келеси жылы 4,5 миллион тонна пахта жетистириў мақсет етилген.

Оның ушын фосфорлы төгинлердиң резервин таярлаў, төгин ислеп шығарыўшыларға жетерли муғдарда сульфат кислотасын жеткерип бериў ўазыйпасы қойылды. Фермерлерди төгин менен тәмийинлеў ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратыў жумысларын тезирек баслаў зәрүрлиги атап өтилди.

Президентимиз химия санааты мәмлекет экономикасындағы стратегиялық тармақ екенин атап өтип, ишки базарды турақлы тәмийинлеў, экспорт потенциалын арттырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша анық тапсырмалар берди.

ӨзА