O‘zLiDeP кекселер саламатлығын қорғаўға байланыслы нызам жойбарын ислеп шықпақшы

42

Мәмлекетимизде кекселерди қәдирлеў, оларға мүнәсип шараят жаратыў, олардың саламатлығын қорғаў, социаллық қорғаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.

O‘zLiDePтиң “Кекселерге мәдет” жойбары шеңберинде “Кекселер саламатлығын қорғаў: машқалалар ҳәм шешимлер” атамасында дөгерек сәўбети өткерилди. Онда депутатлар, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, “Нураний” қоры, Кәсиплик аўқамлары федерациясы ҳәм партия белсендилери қатнасты. Илажда кексе әўладты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарындағы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Ушырасыўда O‘zLiDePтиң Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, “Кекселердиң саламатлығын қорғаў ҳаққында”ғы нызам жойбарын ислеп шығыў концепциясы ҳәр тәреплеме додаланды.

Бул нызам жойбарын ислеп шығыўдан тийкарғы мақсет кекселердиң ҳуқықларын ҳәм социаллық қорғалыўын беккемлеў, медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў, салық ҳәм социаллық хызметлерден пайдаланыў механизмлерин әпиўайыластырыў, сондай-ақ, мәҳәлле – шаңарақ – жәмийеттиң бирге ислесиўин күшейтиўден ибарат екени атап өтилди.

Додалаўларда профилактикалық медициналық тексериўлерди турақлы жолға қойыў, патронаж хызмети, реабилитация орайларының жумысын раўажландырыў, “Кекселер картасы” арқалы социаллық жеңилликлерди кеңейтиў, аймақларда “Кекселер орайлары” ҳәм “Социаллық шаңарақлар”ды шөлкемлестириў сыяқлы бағдарлар усыныс етилди.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбарының ислеп шығылыўы ҳәм қабыл етилиўи кекселердиң турмыс сапасын және де жақсылаў, социаллық қорғалыўын күшейтиў, саламатлығына және де итибарды арттырыў және жәмийетте кексе әўладқа болған ҳүрмет ҳәм итибарды және де беккемлеўге хызмет етеди.

ӨзА