Жәмийетлик орынларда электрон идентификациялаў арқалы пуқаралардың шахсы анықланады

44

Ишки ислер уйымлары патруль-пост хызмети қатардағы бөлимлер хызметкерлери тәрепинен жәмийетлик орынларда пуқараларды электрон идентификациялаў тәртибине байланыслы реже тастыйықланды.

Реже ишки ислер уйымлары патруль-пост хызмети қатардағы бөлимлер хызметкерлери тәрепинен жәмийетлик орынларда пуқаралардың шахсын электрон техникалық қураллар, соның ишинде, планшет арқалы анықлаў тәртибин белгилейди.

Хызметкерлер төмендеги жағдайларда пуқараларды тоқтатыўы ҳәм шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер ямаса “Э-патруль” системасы арқалы олардың шахсын анықлаўы мүмкин:

– Шахс жынаят ямаса ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислеген ямаса излеўде деп гүман етиў ушын тийкарлар бар болғанда;

– Шахсты исленген жынаят ямаса ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында мағлыўматқа ийе деп есаплаў мүмкин болғанда;

-Нызамға муўапық шахсты услап турыў ушын басқа да нызамлы тийкарлар бар болғанда.

Хызметкер шахсқа оны тоқтатқанлығы ҳәм оннан шахсын анықлаў талап етилип атырған себеплерин ҳәм тийкарларын түсиндирип бериўи шәрт.

Пуқаралардың шахсқа байланыслы мағлыўматлары планшет арқалы “Э-патруль” системасына дурыс киргизилиўи ушын патруль-пост хызмети хызметкери жуўапкер болып есапланады.

Хызметкер “Э-патруль” системасындағы шахсқа тийисли мағлыўматлардың үшинши шахсларға берилиўи ҳәм бул мағлыўматлардан ғәрезли мақсетлерде пайдаланбаўы ушын жуўапкер.

Н.Абдураимова, ӨзА