Жиззақ жаңа өсиў ноқатлары орайына айланбақта

Президент Шавкат Мирзиёев 2-декабрь күни социаллық-экономикалық реформалар процесслери менен танысыў ҳәм келешектеги ўазыйпаларды белсендилердиң қатнасыўында белгилеп алыў ушын Жиззақ ўәлаятына барды.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп заманагөй ҳәм қолайлы жол инфраструктурасын қурыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Ўәлаят орайын М-39 халықаралық автомобиль жолына байланыстырыў мақсетинде дерлик 290 миллиард сум есабынан 700 метрлик жол өткели ҳәм 4 километрлик жаңа автомобиль жолы қурылды.
Бул жол ҳәр күни 14 мыңнан аслам транспорт қуралын өткериў имканиятына ийе.

Усы ўақытқа шекем бул жөнелистен халық қалаға кирип-шығыў ушын 25 километрлик айланба жолдан пайдаланыўға мәжбүр еди. Жаңа қурылыс себепли бул аралық 4 километрге шекем қысқарды, ески жолдағы тығылыслар сапластырылды. Бул тек ғана айдаўшылар емес, ал исбилерменлер, логистика ҳәм хызмет көрсетиў тараўы ушын да айрықша әҳмийетке ийе.
Металл конструкциялардан заманагөй технология тийкарында қурылған өткелдиң хызмет мүддети 100 жыл деп баҳаланбақта. Дәстүрий темир-бетон өткеллер әдетте 50 жыл хызмет етеди. Демек, хызмет мүддети еки есеге узайды.
Жойбардың және бир әҳмийетли тәрепи – бурын жолаўшы ҳәм жүк поездлары өткен ўақытта автомобильлер темир жол кесилиспесинде тоқтап қалыўға мәжбүр еди, енди болса жол өткели қурылғаны себепли тез медициналық жәрдем, өрт өшириў ҳәм басқа да арнаўлы хызметлердиң ҳәрекети бираз жеңиллеседи.
Усы жердиң өзинде мәмлекетимиз басшысына атом энергетикасы жойбарларының барысы ҳаққында мәлимлеме берилди.
Ҳәзирги ўақытта Жиззақ ўәлаятында интеграцияласқан еки аз қуўатлықтағы реактор ҳәм еки үлкен реактордан ибарат атом электр станциясын қурыў басланған.
Ҳәзирги басқышта реактор имараты ушын котлован қазыў жумыслары жедел басқышқа кирген. Қурылыс-монтажлаў базасы ушын жер тегислеў, бетонлаў, арматура орнатыў жумыслары орынланбақта. Қурылысшылар жасаўы ушын ўақтынша турақ жай комплекси қурылған.
Атом электр станциясы ушын зәрүр қурылыс материалларын локализациялаў, жоқары оқыў орынларында тараў ушын кадрлар таярлаўды кеңейтиў режелери таныстырылды.

Болажақ электр станциясында мийнет ететуғын қәнигелер ҳәм олардың шаңарақлары ушын моноқалаша қурыў жойбары ҳаққында мағлыўмат берилди. Қалаша АЭСтен 16 километр қашықлықта жайласқан, 10 мың адамға мөлшерленген болады, онда барлық зәрүр инфраструктура, социаллық ҳәм хызмет көрсетиў объектлери нәзерде тутылады.
Президентимиз Жиззақ қаласына кириў бөлегин заманагөй көриниске келтириў бойынша мастер-реже ҳәм реновация жойбарларының презентациясы менен де танысты.
Реновация бағдарламасы тийкарында Жиззақта ески турақ жайлардың орнында заманагөй, қолайлы ҳәм қәўипсиз турақ жайлардың қурылыўы режелестирилген. Сондай-ақ, IT-орай имаратын қурыў, өнерментшилик орайын шөлкемлестириў, айырым бар комплекслерди реконструкциялаў ҳәм ғалабалы көшелерди тәртипке келтириў сыяқлы жойбарлар менен танысты.
– Бүгинги Жиззақ – кешеги Жиззақ емес. Ўәлаяттың потенциалы, имканияты есесине артты, адамлардың турмысқа, жумысқа мүнәсибети түп-тийкарынан өзгерди. Бул имканиятларды халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғын анық жойбарларға айландырыўымыз керек, -деди Президент.
Презентациялар даўамында додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Мәмлекетимиз басшысы Жиззақ политехника институты жанында шөлкемлестирилген Автомобиль қурылысы инженерлик мектебиниң жумысы менен танысты.
Бул жерде “BYD Uzbekistan Factory” ҳәм “АDМ Jizzakh” кәрханалары менен маман қәнигелер таярлаў ҳәм оларды жумысқа жайластырыў бойынша бирге ислесиў орнатылған.
Инженерлик мектебинде транспорт тараўына қәнигелескен төрт билимлендириў бағдары бойынша оқыў бағдарламалары жаңаша қатнас тийкарында шөлкемлестирилген. Атап айтқанда, екинши курсты жоқары нәтийжелер менен тамамлаған студентлер BYD заводының талаплары тийкарында ислеп шығылған заманагөй оқыў платформаларында еки жыллық дуал билим алады. Студентлер завод пенен тиккелей бирге ислесиўде әмелий сабақларды да өтип барады, бул болса оларға арнаўлы жумысқа жоллама сертификатына ийе болыў имканиятын береди.
Қысқа мүддетли таярлаў курсларында автомобиль заводына жумысқа кириўши талабанлар, завод жумысшылары ҳәм жумыссыз жасларға өзлери қызықтырған кәсиплер үйретиледи. Бул жерде BYD автомобиль ислеп шығарыў мини конвейери де шөлкемлестирилген. Өндирис цехында кепсерлеў, бояў, жыйнаў ҳәм сапа қадағалаўы бөлимлери бар.

Электромобиль ҳәм зарядлаў станциясының дүзилиси, электромобильлерге хызмет көрсетиў, санаат ҳәм бағдарламалаў инженерлиги, өзине түсер баҳаны ҳәм реверс инженерлиги бағдарларына қәнигелескен арнаўлы ханалар шөлкемлестирилген.
Дүнья автомобиль санаатында бир қағыйда бар: бәсекини талқыламаған компания раўажлана алмайды.
Жиззақтағы бул инженерлик мектебинде биринши мәрте өнимди техникалық-аналитикалық салыстырыў, қәрежетлерди модельлестириў (cost modeling), өндиристи оптималластырыў, процесслерди глобаллық стандартлар менен салыстырыў сыяқлы көнликпелер де үйретилмекте.
Инженерлик мектеби тек ғана студентлер ушын емес, ал тараўда жумыс ислеў тилегиндеги жаслар ҳәм қәнигелер ушын да ашық. Бул жерде маманлық арттырыў бағдарламалары, басланғыш кәсиплик таярлық курслары ҳәм исбилерменлер ушын әмелий оқыў модуллери шөлкемлестирилген. Оларда алдынғы қәнигелер ҳәм өндирис кәрханаларының тәжирийбели инженерлери белсене қатнасады.
Мектептиң тийкарғы мақсети – студентти таяр кадр сыпатында жумыс орнына барыўдан алдын әмелият орталығына алып кириўден ибарат. Нәтийжеде питкериўшилер базар талапларына толық жуўап беретуғын, жетик ҳәм бәсекиге шыдамлы қәнигеге айланады.
Мәмлекетимиз басшысы мектептеги сабақлар процесин бақлады, мини конвейерде ислеп атырған оқыўшылар менен сәўбетлести.
Президентимиз бул жерде республика ҳәм ўәлаяттың белсендилери менен де сөйлести.
Кейинги жыллары Жиззақта санаат, аўыл хожалығы ҳәм басқа да көплеген тараўларда жақсы нәтийжелерге ерисилип атырғаны атап өтилди. Бирақ иске қосылмаған имканиятлар еле көп екенлиги айтылды.
– Жиззаққа келип, жаңа өсиў ноқатларын белгилеп алыўды мақсет еткенбиз. Тийкарғысы, халық, атап айтқанда, жасларға мүнәсип шараят жаратыў, жоқары дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президент Шавкат Мирзиёев жаңадан қурылған Жиззақ ўәлаяты көп тармақлы медицина орайына барды.
Бул комплекс халыққа барлық зәрүр медициналық хызметлерди бир орында көрсетиў имканиятын жаратыўы менен үлкен әҳмийетке ийе. Жойбар ўәлаятта шөлкемлестирилип атырған медицина кластериниң дәслепки басқышы болып есапланады.
Заманагөй медицинада бундай кластерли қатнас оператив диагностика, жоқары технологиялы емлеў ҳәм емлениўди қәлеўшилер ушын бюрократиялық процесслерди азайтыўдың ең нәтийжели модели сыпатында тән алынған.
Мәмлекетимиз басшысына мәкемениң имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Президент наўқасларды емлеў, шыпакерлердиң нәтийжели ислеўи ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Орай заманагөй жети қабатлы имаратта жайласқан болып, күнине 400 ге шекем наўқасты қабыллаў қуўатлылығына ийе. 344 стационар орынға ийе орайға улыўма баҳасы 100 миллиард сумнан аслам заманагөй үскенелер – МРТ, МСКТ, лаборатория комплекслери ҳәм жоқары технологиялы хирургиялық үскенелер орнатылған.
Поликлиника, радиология, кардиохирургия, нейрохирургия, офтальмология ҳәм урология сыяқлы бөлимлердиң бир комплексте жайласқаны медициналық хызмет көрсетиўди жеделлестиреди, шыпакерлер арасындағы бирге ислесиў ҳәм наўқаслардың ҳәрекетин жеңиллестиреди. Әсиресе, жаңа имканиятлар себепли жоқары технологиялы операциялар ушын гезеклердиң қысқарыўы жойбардың ең үлкен социаллық нәтийжеси болып есапланады.
Орайдың иске қосылыўы нәтийжесинде Жиззақ халқының республикалық емлеўханаларға ямаса қоңсы ўәлаятларға қатнаўы 75-80 процентке азаяды.
Медицина кластеринде Қазан федерал университети менен жергиликли қәнигелер ушын маманлық арттырыў, алдынғы диагностика ҳәм емлеў усылларын енгизиў, заманагөй медициналық стандартларды өзлестириў имканиятын беретуғын узақ мүддетли бирге ислесиў орнатылады.
Президентимиз денсаўлықты сақлаў системасының жуўапкерлери ҳәм хызметкерлери менен сөйлести.
Мәмлекетимиз басшысы медицина кластерлери ҳәм көп тармақлы клиникаларды басқарыўда ески усыллардан шығып, жаңа механизмлерди енгизиў, соның ишинде, медицинаның ҳәр бир бағдары бойынша сырт елден халықаралық экспертлер ҳәм жетекши менеджерлерди тартып, жергиликли қәнигелерди өзимизде, тиккелей мәкемелерде оқытыў, маманлығын арттырыў, санластырыў ҳәм жасалма интеллекттен пайдаланыўды кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти. Бул Жиззақ тәжирийбеси болыўы керек екенлиги атап өтилди.
Президентимиз халықтың медициналық хызметлерден разылығы мәселесине айрықша тоқтап өтти. Тараўда әмелге асырылып атырған ҳәр қандай өзгерислерде, бәринен бурын, инсан қәдири үстин болыўы зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
– Адамларымызды көбирек имарат, ондағы шараят емес, хызметтиң сапасы, шыпакердиң билими, тәжирийбеси, ҳадаллығы ойландырады. Емлеўханаға келген адам, бәринен бурын, итибар ҳәм дурыс диагноз, тез ҳәм сапалы емлениўди қәлейди. Соның ушын ең үлкен ўазыйпа – халыққа шын кеўилден хызмет ететуғын, жоқары маманлық ҳәм компетенцияға ийе болған медицина системасын жаратыў болып есапланады, -деди мәмлекетимиз басшысы.
Усы жердиң өзинде Қазан медицина университетиниң Жиззақ филиалының оқытыўшылары ҳәм студентлери менен сәўбетлесиў болып өтти. Оқыў процесинде әмелий сабақларды көбейтиў, студентлерди жәҳән медицинасының жетискенликлери ҳәм алдынғы тәжирийбеси менен турақлы таныстырып барыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Президентимиз Жиззақ ўәлаятына сапары шеңберинде Шараф Рашидов районындағы “Агроорай” аўыл хожалығы кәрханалары комплексинде де болды.
Елимизде аўыл хожалығын раўажландырыўға қаратылып атырған итибар себепли тараўда имканиятлар кеңейип, зүрәәтлиликти арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Орынларда агроорайлар шөлкемлестирилип, фермер ҳәм дийқанларға комплексли хызмет көрсетиў жолға қойылмақта.
Жиззақ ўәлаятының Шараф Рашидов районында да әне усындай орай жумыс баслады.
Орайда өсимликлерди қорғаў лабораториясы, ветеринария дәриханасы, агроном мәсләҳәт, туқым ҳәм нәллер жеткерип бериў, халықтың шаңарақларына ыссыханалар қурыў, агромаркет дүкәны, мини-техникалар сатыў ҳәм оларға хызмет көрсетиў сыяқлы бағдарлар бар.
Бул жерде аўыл хожалығы бойынша барлық хызметлер “бир айна” принципи тийкарында жолға қойылған. Бир гектар майданды қамтып алған орайдың биринши қабатында өсимликлерди қорғаў қураллары дүкәны, ветеринария дәриханасы, туқым дүкәны, агромаркет, мобиль бригада ханалары ҳәм 8 басқа да хызмет бөлмелери жайласқан.
Екинши қабатта өсимликлерди қорғаў лабораториясы бар. Сондай-ақ, топырақ ҳәм суў анализи ханасы, энтомология және фитопатология ханалары шөлкемлестирилген.
Орай аймағында ўәлаятлық аўыл хожалығы басқармасы, Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң бөлими, агроинспекция, туқымгершилик орайы, қаракөлшилик ассоциациясы ҳәм аўыл хожалығына хызмет көрсетиўши басқа да шөлкемлер жайласқан.
Мәмлекетимиз басшысы агроорайдың жумысы менен танысты, орайдың жумысын буннан былай да кеңейтиў, қарыйдарларға хызметлерди көбейтиў ҳәм аўыл хожалығында қосымша қун жаратыў бойынша усынысларын берди.
Буннан соң Халық депутатлары Жиззақ ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.
– Ўәлаятты қандай аўыр шараятлардан алып шыққанымызды, Жиззақтың ҳәр бир районында болып атырған үлкен өзгерислерди, адамлардың қуўанышын көрип, оғада қуўанышлыман ҳәм мақтанаман, – деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында.
Өткен дәўирде Жиззақ ўәлаяты республикадағы санааты ең тез өсип атырған аймаққа айланды. Сегиз жылда 6,5 миллиард долларлық инвестициялық жойбарлар иске қосылған болса, соның 45 проценти санаат үлесине туўра келеди. Жиззақта жылына 175 мың автомобиль ислеп шығарыў қуўатлықлары жаратылды.
Қысқа ўақыт ишинде Зомин, Фориш, Арнасай районлары ҳәм Жиззақ қаласында 2 миллиард долларлық 500 ден аслам туризм ҳәм сервис объектлери жумыс баслады. Арнасай ҳәм Зоминде 300 миллион доллар есабынан 12 ай даўамында толық ислейтуғын курорт зоналары иске қосылғаны, оларда аэропортлар қурылғаны нәтийжесинде Жиззақ ең тартымлы туристлик маршрутлардан бирине айланды.
Сегиз жыл алдын Жиззақтағы жумыс орынларының 42 проценти аўыл хожалығына туўра келген болса, бүгин 310 мыңға шамалас ўәлаят халқы санаат ҳәм сервис тараўларында жоқары дәраматлы жумыслар менен бәнт.
Пахташылыққа бейимлескен ўәлаяттың аўыл хожалығы да түп-тийкарынан диверсификацияланды. Бахмал, Ғәллеарал, Зомин, Янгиобод, Фориш районлары бағшылыққа қәнигелесип, 28 мың гектар жаңа бағ ҳәм жүзим атызлары жаратылды. Мырзашөл, Дослық, Зафаробод, Зарбдор, Пахтакор, Арнасайдың шөл аймақларында 12 мың гектар жерлерде де бағ ҳәм овощ плантациялары шөлкемлестирилди.
Улыўма, соңғы сегиз жылда Жиззақта санаат 2,5 триллион сумнан 25 триллион сумға, хызметлер 2,5 триллион сумнан 20 триллионға, аўыл хожалығы 9 триллион сумнан 30 триллион сумға артқаны атап өтилди.
– Әлбетте, бул – үлкен реформаларымыздың басланыўы. Жиззақ ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў жолында еле көп жумысларды ислеўимиз зәрүр, – деди Президентимиз.
Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Президентимиз Жиззақ ўәлаяты ҳәкими лаўазымына ҳәким ўазыйпасын атқарып киятырған Улуғбек Мустафоевтың кандидатурасын алға қойды. Даўыс бериў нәтийжелерине бола, Улуғбек Мустафоев Жиззақ ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды.
Мәмлекетимиз басшысы санаат, инвестиция, туризм, аўыл хожалығы, қурылыс ҳәм инфраструктура тараўларын раўажландырыў бойынша жаңа басламаларды алға қойды.
Жиззақтың республика автомобиль қурылысы санаатындағы үлеси 25 процентке жеткен. Гезектеги ўазыйпа заводлар әтирапындағы түрлес тармақларды раўажландырып, локализациялаў дәрежесин арттырыў ҳәм өзине түсер баҳаны азайтыўдан ибарат екени атап өтилди.
Исбилерменлерге қолайлы шәртлерде таяр имаратларды усыныс етиў, комплектлеўши бөлеклерди валидрациялаў қәрежетлериниң 50 процентин қаплап бериў ўазыйпалары белгилеп алынды.
Ўәлаятта жылына 1 мың тонна вольфрам қазып алыў жойбары әмелге асырылмақта. Ғәллеарал ҳәм Нурабадтағы жойбарлар иске қосылса, Өзбекстан вольфрам ислеп шығарыў бойынша жетекши мәмлекетлерден бирине айланатуғыны атап өтилди.
Жуўапкерлерге Ғәллеаралдағы алтын ресурсына ийе перспективалы майданға инвестор тартыў, Фориштеги қорғасын-цинк кәнинде геологиялық-излеў жумысларын жуўмақлап, Арнасайдағы уран резерви анықланған кәнниң техникалық-экономикалық тийкарын жуўмақлаў тапсырылды.
“Жиззақ” еркин экономикалық зонасындағы 510 миллион долларлық 30 жойбар есабынан 10 мыңға шамалас адамның бәнтлиги тәмийинленди. Бул жерде және 540 миллион долларлық жойбарлар жедел кетпекте.
Исбилерменлер жаңа жойбарлар ушын санаат зонасын жетерли қуўатлылықта электр менен тәмийинлеў ҳәм суў тазалаў имаратын қурып бериўди сорамақта.
Энергетика министрлигине бул жерге 40 километр жоқары күшлениўли тармақ тартып келип, 40 мегаваттлы подстанция қурыў тапсырылды. 2026-жыл санаат зоналары инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасында “Жиззақ” еркин экономикалық зонасында суў тазалаў имаратын қурыў ушын 100 миллиард сум нәзерде тутылады.
Санааттың энергия менен тәмийинлениў дәрежесин арттырыў ушын усы жылы 200 мегаватт, келеси жылы 300 мегаваттлы қуўатлықлар жаратылады. Оған қосымша 30 мегаваттлы 150 киши ҳәм мини ГЭСлер иске қосылады.
Ўәлаятта инфраструктураны жақсылаў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў ушын келеси жылы дерлик 10 триллион сум ресурс берилетуғыны жәрияланды.
Бахмал ҳәм Зомин районларындағы таўлы аймақларды бирден-бир туризм айланасына бирлестириў арқалы жүзлеген сервис объектлерин иске қосыў, мыңлаған адамларды жумыс пенен тәмийинлеў, туризм экспортын есесине арттырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Жуўапкерлерге келеси жылы “Зомин – Бахмал – Ғәллеарал” жолының 158 километр бөлегин оңлаўды баслаў тапсырылды. Бахмал районында 39 гектар майданда 40 миллион доллар инвестиция есабынан туризм кластерин шөлкемлестириў басламасы мақулланды. Бахмалға да “туризм районы” статусы берилетуғыны белгиленди.
Арнасай аэропортында үлкен самолётларды да қабыл етиў имканиятын жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Буннан тысқары, Айдар-Арнасай көлине шекем темир жол да алып келинеди.
Президентимиз аўыл хожалығына айрықша итибар қаратты.
Ўәлаяттағы жәми 900 мың гектар суўғарылмайтуғын ҳәм жайлаў жерлердиң 110 мың гектары резервте турғаны, оларда от-жем, майлы егинлер егиў ҳәм санаат бағларын жаратыў арқалы кеминде 20 мың адамды жумыс пенен тәмийинлеў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, ўәлаяттағы көплеген шарўа ҳәм фермерлер от-жем және мийўе-овощ жетистириўде суў насосына жумсалған электр ушын субсидияны ҳәр айдың басында төлеп бериўди сораған. Жуўапкерлерге пүткил республикада бул субсидияларды айдың басында беретуғын система жаратыў әҳмийетли екени көрсетип өтилди.
Картошка жетистириўди раўажландырыў бағдарында Жиззақ ўәлаяты үлги болыўы керек екенлиги атап өтилди. 2026-жылдан баслап картошка жетистириўшилерди қоллап-қуўатлаўдың жаңа механизмлери енгизилетуғыны белгиленди.
Онда минерал төгин, техника, жанылғы ҳәм басқа да қәрежетлер ушын 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен бир жыл мүддетке 12 процентлик кредит ажыратылады. Кредитлердиң 50 процентке шекемги бөлегине кепиллик бериледи, суўғарыў насосларына қуяш панелин орнатыў қәрежетиниң ярымы қаплап бериледи.
Келеси жылдан суўғарыў насосларының электр қәрежетиниң 50 проценти қаплап бериледи, шеттен алып келинген картошка егиў ҳәм жыйнаў техникалары бажыхана бажыларынан азат етиледи.
Соның менен бирге, суперэлита ҳәм элита туқымларын фермерлерге жеткерип бериўге шекемги дәўирде музлатқышлы қоймаханаларда сақлаў қәрежетиниң 50 процентин қаплап бериў механизми енгизиледи.
Буннан тысқары, Бахмалдағы бағшылық хожалықлары ушын бир қатар жаңалықлар жәрияланды. Атап айтқанда, интенсив бағ шөлкемлестириўде 7 жыл мүддетке 3 жыл жеңиллетилген дәўир менен 14 проценттен кредит бериледи. Мийўениң түрине қарап, шпалерлер ушын 20 мың сумнан 70 мың сумға шекем субсидия ажыратылады.
Сондай-ақ, музлатқышлы қоймаханалар ушын кредит процентиниң тийкарғы ставкадан артқан 8 процентке шекемги бөлеги қаплап бериледи. Мийўе-овощ экспортшылары ҳәм бағманларға да қадақлаў қәрежетлериниң 50 процентин қаплаў ушын субсидия төленеди.
Улыўма, келеси жылы бағшылық бойынша Бахмалда тәжирийбе мектеби жаратылып, бул жеңилликлер пүткил республикамызда енгизиледи.
АҚШлы шериклер менен Зоминде қусшылық бойынша ири нәсилшилик кәрханасы шөлкемлестирилмекте. Бул кластерде 100 мың бас қуўатлылықтағы биринши нәсилли ана таўық ҳәм 9 миллион дана инкубациялық мәйек ислеп шығарыў жолға қойылады. Бул сийрек ушырасатуғын жойбар республикада қусшылықты жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.
Қурылыс ҳәм инфраструктура мәселелери додаланып, социаллық хызметлер, мийнет базары ҳәм инфраструктураны орайдан узақ мәҳәллелер халқына жақынластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Урбанизация миллий комитети ҳәм ўәлаят ҳәкимлигине Европадан қәнигелерди тартып, Жиззақ қаласы ҳәм Шараф Рашидов районын бирден-бир агломерация тийкарында раўажландырыў бойынша мастер-реже ислеп шығыў тапсырылды.
Ўәлаят халқының талап ҳәм тилеклерин есапқа алып, Жиззақ қаласындағы тығылысты сапластырыў ушын 10 километрлик айланба жол қурылады. Сондай-ақ, Даштобод қалашасы ҳәм Ховос районы арасындағы темир жол үстинде де жаңа көпир қурылысы басланды.
– Бүгин сизлер менен ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша алдымызда турған жаңа ўазыйпаларды белгилеп, тийкарғы мәселелерди додалап алдық. Бул ҳәрекетлер ҳәм қабыл етип атырған қарарларымыздан мақсет бир – усы жерде жасап, мийнет етип атырған адамларды разы етиў, ўәлаятты ҳәр тәреплеме раўажланған аймаққа айландырыў, – деди мәмлекетимиз басшысы мәжилис жуўмағында.
Сессия даўамында ўәлаят ҳәм район ҳәкимлериниң есабатлары, белсендилердиң пикирлери тыңланды.
Президент Шавкат Мирзиёев Жиззақ қаласында жайласқан “Көк сарай” саўда ҳәм хызмет көрсетиў комплексиниң жумысы менен де танысты.
Елимизде саўда тараўында заманагөй хызметлер көрсетиў, киши бизнес ҳәм исбилерменлик жумысы ушын қолайлы шараят жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Жиззақ қаласындағы 3,5 гектар майданда жумыс алып барып атырған “Көк сарай” комплекси саўда ҳәм турмыслық хызмет тараўында ўәлаяттағы ең ири объектлерден бири болып есапланады.
Бул жерде 300 ден аслам жаңа исбилерменлик субъектлери жумыс баслаған. Нәтийжеде 800 ден аслам жумыс орны жаратылды, соның ишинде, жәрдемге мүтәж категориядағы 100 пуқара жумыс пенен тәмийинленди.
Комплексте ири саўда тармақларының филиаллары, 10 ири жергиликли ҳәм сырт ел брендлери ислемекте, 250 саўда дүкәны, фуд-корт ҳәм балалар майданшасы жайласқан. Көрсетилген хызметлердиң көлеми жылына 223 миллиард сумды қурамақта.
Итибарлы тәрепи, комплексте китапхана ҳәм китап дүкәны да шөлкемлестирилген.
Жойбардың екинши басқышы сыпатында мың саўда шақапшасын өз ишине алған, аўыл хожалығы өнимлерине қәнигелескен үш қабатлы “Экобазар”дың қурылысы режелестирилген. Нәтийжеде 2 мың жаңа жумыс орны жаратылады.
Президентимиз комплекстиң жумысы менен танысып, келгенлер менен қызғын сөйлести. Хызметлерди комплексли қатнас тийкарында және де раўажландырыў, бундай орайларды басқа аймақларда да көбейтиў зәрүрлигин атап өтти.
Соның менен мәмлекетимиз басшысының Жиззақ ўәлаятына сапары жуўмақланды.
ӨзА