Жиззақтың республика автомобиль қурылысы санаатындағы үлеси 25 процентке жетти

Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Халық депутатлары Жиззақ ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтпекте.
Президентимиз ўәлаятта санаат ҳәм инвестиция тараўларын раўажландырыў бойынша жаңа басламаларды алға қойды.
Жиззақтың республика автомобиль қурылысы санаатындағы үлеси 25 процентке жетти.
Гезектеги ўазыйпа заводлар әтирапында тутас тармақларды раўажландырып, локализациялаў дәрежесин арттырыў ҳәм өзине түсер баҳаны азайтыўдан ибарат.
Жиззақ қаласындағы Технопарк аймағында бос турған 10 мың квадрат метр имаратты тараўдағы исбилерменлерге қолайлы шәртлерде усыныс етиў, Шараф Рашидов районындағы санаат зонасының 118 гектар бос жеринде де таяр имарат қурып, жойбарларды жайластырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Келеси жылдан комплектлеўши бөлеклерди валидациялаў қәрежетлериниң 50 процентин Саўданы раўажландырыў компаниясынан қаплап бериў жолға қойылады.
ӨзА