Жиззақ көп тармақлы медицина орайы заманагөй имканиятларға ийе имаратта жумыс баслайды

28

Президент Шавкат Мирзиёев жаңадан қурылған Жиззақ ўәлаяты көп тармақлы медицина орайына барды.

Бул комплекс халыққа барлық зәрүр медициналық хызметлерди бир орында көрсетиў имканиятын жаратыўы менен үлкен әҳмийетке ийе. Жойбар ўәлаятта шөлкемлестирилип атырған медицина кластериниң дәслепки басқышы болып есапланады.

Заманагөй медицинада бундай кластерли қатнас оператив диагностика, жоқары технологиялы емлеў ҳәм емлениўди қәлеўшилер ушын бюрократиялық процесслерди азайтыўдың ең нәтийжели модели сыпатында тән алынған.

Мәмлекетимиз басшысына мәкемениң имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Президент наўқасларды емлеў, шыпакерлердиң нәтийжели ислеўи ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Орай заманагөй жети қабатлы имаратта жайласқан болып, күнине 400 ге шекем наўқасты қабыллаў қуўатлылығына ийе. 344 стационар орынға ийе орайға улыўма баҳасы 100 миллиард сумнан аслам заманагөй үскенелер – МРТ, МСКТ, лаборатория комплекслери ҳәм жоқары технологиялы хирургиялық үскенелер орнатылған.

Поликлиника, радиология, кардиохирургия, нейрохирургия, офтальмология ҳәм урология сыяқлы бөлимлердиң бир комплексте жайласқаны медициналық хызмет көрсетиўди жеделлестиреди, шыпакерлер арасындағы бирге ислесиў ҳәм наўқаслардың ҳәрекетин жеңиллестиреди. Әсиресе, жаңа имканиятлар себепли жоқары технологиялы операциялар ушын гезеклердиң қысқарыўы жойбардың ең үлкен социаллық нәтийжеси болып есапланады.

Орайдың иске қосылыўы нәтийжесинде Жиззақ халқының республикалық емлеўханаларға ямаса қоңсы ўәлаятларға қатнаўы 75-80 процентке азаяды.

Медицина кластеринде Қазан федерал университети менен жергиликли қәнигелер ушын маманлық арттырыў, алдынғы диагностика ҳәм емлеў усылларын енгизиў, заманагөй медициналық стандартларды өзлестириў имканиятын беретуғын узақ мүддетли бирге ислесиў орнатылады.

Президентимиз денсаўлықты сақлаў системасының жуўапкерлери ҳәм хызметкерлери менен сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы медицина кластерлери ҳәм көп тармақлы клиникаларды басқарыўда ески усыллардан шығып, жаңа механизмлерди енгизиў, соның ишинде, медицинаның ҳәр бир бағдары бойынша сырт елден халықаралық экспертлер ҳәм жетекши менеджерлерди тартып, жергиликли қәнигелерди өзимизде, тиккелей мәкемелерде оқытыў, маманлығын арттырыў, санластырыў ҳәм жасалма интеллекттен пайдаланыўды кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти. Бул Жиззақ тәжирийбеси болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Президентимиз халықтың медициналық хызметлерден разылығы мәселесине айрықша тоқтап өтти. Тараўда әмелге асырылып атырған ҳәр қандай өзгерислерде, бәринен бурын, инсан қәдири үстин болыўы зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

– Адамларымызды көбирек имарат, ондағы шараят емес, хызметтиң сапасы, шыпакердиң билими, тәжирийбеси, ҳадаллығы ойландырады. Емлеўханаға келген адам бәринен бурын итибар ҳәм дурыс диагноз, тез ҳәм сапалы емлениўди қәлейди. Соның ушын ең үлкен ўазыйпа – халыққа шын кеўилден хызмет ететуғын, жоқары маманлық ҳәм компетенцияға ийе болған медицина системасын жаратыў болып есапланады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы жердиң өзинде Қазан медицина университетиниң Жиззақ филиалының муғаллимлери ҳәм студентлери менен сәўбетлесиў болып өтти. Оқыў процесинде әмелий сабақларды көбейтиў, студентлерди жәҳән медицинасының жетискенликлери ҳәм алдынғы тәжирийбеси менен турақлы таныстырып барыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

ӨзА