Жиззақта инженерлердиң жаңа әўлады тәрбияланбақта

Президент Шавкат Мирзиёев Жиззақ политехника институты жанында шөлкемлестирилген Автомобиль қурылысы инженерлик мектебиниң жумысы менен танысты.
Бул жерде “BYD Uzbekistan Factory” ҳәм “АDМ Jizzakh” кәрханалары менен маман қәнигелер таярлаў ҳәм оларды жумысқа жайластырыў бойынша бирге ислесиў орнатылған.

Инженерлик мектебинде транспорт тараўына қәнигелескен төрт билимлендириў бағдары бойынша оқыў бағдарламалары жаңаша қатнас тийкарында шөлкемлестирилген. Атап айтқанда, екинши курсты жоқары нәтийжелер менен тамамлаған студентлер BYD заводының талаплары тийкарында ислеп шығылған заманагөй оқыў платформаларында еки жыллық дуал билим алады. Студентлер завод пенен тиккелей бирге ислесиўде әмелий сабақларды да өтип барады, бул болса оларға арнаўлы жумысқа жоллама сертификатына ийе болыў имканиятын береди.

Қысқа мүддетли таярлаў курсларында автомобиль заводына жумысқа кириўши талабанлар, завод жумысшылары ҳәм жумыссыз жасларға өзлери қызықтырған кәсиплер үйретиледи. Бул жерде BYD автомобиль ислеп шығарыў мини конвейери де шөлкемлестирилген. Өндирис цехында кепсерлеў, бояў, жыйнаў ҳәм сапа қадағалаўы бөлимлери бар.
Электромобиль ҳәм зарядлаў станциясының дүзилиси, электромобильлерге хызмет көрсетиў, санаат ҳәм бағдарламалаў инженерлиги, өзине түсер баҳаны ҳәм реверс инженерлиги бағдарларына қәнигелескен арнаўлы ханалар шөлкемлестирилген.

Дүнья автомобиль санаатында бир қағыйда бар: бәсекини талқыламаған компания раўажлана алмайды.
Жиззақтағы бул инженерлик мектебинде биринши мәрте өнимди техникалық-аналитикалық салыстырыў, қәрежетлерди модельлестириў (cost modeling), өндиристи оптималластырыў, процесслерди глобаллық стандартлар менен салыстырыў сыяқлы көнликпелер де үйретилмекте.

Инженерлик мектеби тек ғана студентлер ушын емес, ал тараўда жумыс ислеў тилегиндеги жаслар ҳәм қәнигелер ушын да ашық. Бул жерде маманлық арттырыў бағдарламалары, басланғыш кәсиплик таярлық курслары ҳәм исбилерменлер ушын әмелий оқыў модульлери шөлкемлестирилген. Оларда алдынғы қәнигелер ҳәм өндирис кәрханаларының тәжирийбели инженерлери белсене қатнасады.
Мектептиң тийкарғы мақсети – студентти таяр кадр сыпатында жумыс орнына барыўдан алдын әмелият орталығына алып кириўден ибарат. Нәтийжеде питкериўшилер базар талапларына толық жуўап беретуғын, жетик ҳәм бәсекиге шыдамлы қәнигеге айланады.

Мәмлекетимиз басшысы мектептеги сабақлар процесин бақлады, мини конвейерде ислеп атырған оқыўшылар менен сәўбетлести.
Президентимиз бул жерде республика ҳәм ўәлаяттың белсендилери менен де сөйлести.

Кейинги жыллары Жиззақта санаат, аўыл хожалығы ҳәм басқа да көплеген тараўларда жақсы нәтийжелерге ерисилип атырғаны атап өтилди. Бирақ иске қосылмаған имканиятлар еле көп екенлиги айтылды.
– Жиззаққа келип, жаңа өсиў ноқатларын белгилеп алыўды мақсет еткенбиз. Тийкарғысы, халық, атап айтқанда, жасларға мүнәсип шараят жаратыў, жоқары дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеў, – деди мәмлекетимиз басшысы.
ӨзА