Президентимиз заманагөй жол, энергетика ҳәм қала қурылысы жойбарлары менен танысты

Президент Шавкат Мирзиёев 2-декабрь күни Жиззақ ўәлаятына барды.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп заманагөй ҳәм қолайлы жол инфраструктурасын қурыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Ўәлаят орайын М-39 халықаралық автомобиль жолына байланыстырыў мақсетинде дерлик 290 миллиард сум есабынан 700 метрлик жол өткели ҳәм 4 километрлик жаңа автомобиль жолы қурылды.

Жаңа жол ҳәр күни 14 мыңнан аслам транспорт қуралын өткериў имканиятына ийе.
Усы ўақытқа шекем бул жөнелистен халық қалаға кирип-шығыў ушын 25 километрлик айланба жолдан пайдаланыўға мәжбүр еди. Жаңа қурылыс себепли бул аралық 4 километрге шекем қысқарды, ески жолдағы тығылыслар сапластырылды. Бул тек ғана айдаўшылар емес, ал исбилерменлер, логистика ҳәм хызмет көрсетиў тараўы ушын да айрықша әҳмийетке ийе.

Металл конструкциялардан заманагөй технология тийкарында қурылған өткелдиң хызмет мүддети 100 жыл деп баҳаланбақта. Дәстүрий темир-бетон өткизгишлер әдетте 50 жыл хызмет етеди. Демек, хызмет мүддети еки есеге узайды.
Жойбардың және бир әҳмийетли тәрепи – бурын жолаўшы ҳәм жүк поездлары өткен ўақытта автомобильлер темир жол кесилиспесинде тоқтап қалыўға мәжбүр еди, енди болса жол өткел қурылғаны себепли тез медициналық жәрдем, өрт өшириў ҳәм басқа да арнаўлы хызметлердиң ҳәрекети бираз жеңиллеседи.
Усы жердиң өзинде мәмлекетимиз басшысына атом энергетикасы жойбарларының барысы ҳаққында мәлимлеме берилди.

Ҳәзирги ўақытта Жиззақ ўәлаятында интеграцияласқан – еки аз қуўатлықтағы реактор ҳәм еки үлкен реактордан ибарат атом электр станциясын қурыў басланған.
Ҳәзирги басқышта реактор имараты ушын котлован қазыў жумыслары жедел басқышқа кирген. Қурылыс-монтажлаў базасы ушын жер тегислеў, бетонлаў, арматура орнатыў жумыслары орынланбақта. Қурылысшылардың жасаўы ушын ўақтынша турақ жай комплекси қурылған.

Атом электр станциясы ушын зәрүр қурылыс материалларын локализациялаў, жоқары оқыў орынларында тараў ушын кадрлар таярлаўды кеңейтиў режелери таныстырылды.
Болажақ электр станциясында мийнет ететуғын қәнигелер ҳәм олардың шаңарақлары ушын моноқалаша қурыў жойбары ҳаққында мағлыўмат берилди. Қалаша АЭСтен 16 километр қашықлықта жайласқан, 10 мың адамға мөлшерленген болады, онда барлық зәрүр инфраструктура, социаллық ҳәм хызмет көрсетиў объектлери нәзерде тутылады.

Президентимиз Жиззақ қаласына кириў бөлегин заманагөй көриниске келтириў бойынша мастер-реже ҳәм реновация жойбарларының презентациясы менен де танысты.
Реновация бағдарламасы тийкарында Жиззақта ески турақ жайлардың орнында заманагөй, қолайлы ҳәм қәўипсиз турақ жайлардың қурылыўы режелестирилген. Сондай-ақ, IT-орай имаратын қурыў, өнерментшилик орайын шөлкемлестириў, айырым комплекслерди реконструкциялаў ҳәм ғалабалы көшелерди тәртипке келтириў сыяқлы жойбарлар менен танысты.
– Жиззаққа келиўимизден мақсет – ўәлаяттың жаңа өсиў ноқатларын анықлаў ҳәм жүзеге шығарыў. Бүгинги Жиззақ – кешеги Жиззақ емес. Ўәлаяттың потенциалы, имканияты есесине артты, адамлардың турмысқа, жумысқа мүнәсибети түп-тийкарынан өзгерди. Бул имканиятларды халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғын анық жойбарларға айландырыўымыз керек,-деди Президент.
Презентациялар даўамында додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
ӨзА