Өзбекстан ҳәм Канада парламентлераралық бирге ислесиўи жаңа басқышқа шықпақта

34

Алдын хабар бергенимиздей, 2025-жыл 25-27-ноябрь күнлери Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев басшылығындағы Өзбекстан делегациясының Канадаға рәсмий сапары әмелге асырылды.

27-ноябрь күни Өзбекстан делегациясы Канада пайтахты Оттава ҳәм Торонто қалаларында бир қатар ушырасыўлар өткерди.

Канада парламенти имаратында “Өзбекстан күнлери” ҳәм “Жаңа Өзбекстан: Шавкат Мирзиёев жолы” китабының презентациясы болып өтти. Презентациялық илажда парламент ағзалары, мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери, ири компаниялар, бизнес ассоциациялар, экспертлер ҳәм журналистлерден ибарат 80 нен аслам қатнасыўшы қатнасты.

Канада сиясий топарларының ўәкиллери Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады. Кейинги жылларда Президент Шавкат Мирзиёевтиң ашық ҳәм конструктивлик сыртқы сиясаты себепли еки мәмлекет арасында бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди.

Ушырасыўларда еки мәмлекет елшиханаларын шөлкемлестириў процесин жеделлестириў мәселеси де додаланды. Сондай-ақ, 2026-жылы Самарқандта биринши “Өзбекстан-Канада” парламент форумын өткериў усынысы қоллап-қуўатланды. Канада парламенти Сенатында болса Өзбекстанда “Канада күни”н шөлкемлестириў усынысы алға қойылды.

Соның менен бирге, делегация Канада парламенти Сенатының Спикери Раймонде Ганье ҳәм Жәмәәтлер палатасының Спикери Френсис Скарпаледжа менен де сөйлесиў өткерди.

Р.Ганье Өзбекстанда алып барылып атырған реформалар ҳаққында өзиниң унамлы пикирлерин билдирип, Оттавада Өзбекстан елшиханасының ашылыўын толық қоллап-қуўатлады. Ф.Скарпаледжа болса еки парламент арасындағы байланыслар жеделлесип атырғаны, әсиресе, Самарқандта өткерилиўи режелестирилип атырған форумда Канада исбилерменлери делегациясының қатнасыўы әҳмийетли екенин атап өтти.

Сондай-ақ, делегация ағзалары парламент дослық топарының баслығы Зиад Абуолтаиф ҳәм ағзалар менен ушырасыўда миграция, экономика ҳәм мәдений байланыслар мәселелерин додалады. Канадада жасап атырған 60 мыңнан аслам өзбекстанлы диаспораның унамлы үлеси айрықша атап өтилди. Канада денсаўлықты сақлаў системасында медицина хызметкерлерине талап жоқары болып, бул бойынша Алберта ҳәм Онтарио провинциялары менен сөйлесиўлер алып барылып атырғаны атап өтилди.

Канада парламенти сенаторлары менен болып өткен ушырасыўларда Өзбекстанда жәмийетлик қәўипсизлик, қала қурылысы ҳәм диний кеңпейиллик бағдарындағы реформалар жоқары баҳаланды, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң инвестициялық ашық-айдынлығы канадалы исбилерменлер ушын жаңа имканиятлар жаратқаны атап өтилди,- деп мәлимлеме береди senat.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги