Экологиялық турақлылық, қыс мәўсимине таярлық ҳәм өрт қәўипсизлиги мәселелери додаланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң жанында мәжилис болып өтти.
Мәжилисте экологиялық турақлылық, соның ишинде, шығындыларды қайта ислеў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды, сондай-ақ, жуўапкерлердиң қысқа таярлық бойынша есабатлары тыңланды.
Бәринен бурын, Ташкент қаласында экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша арнаўлы комиссияның есабаты тыңланды. Ҳаўаның патасланыўына қарсы көрилип атырған, патасланыў дереклерин анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар додаланды.
Атап өтилгениндей, соңғы күнлерде мәмлекетимиз аймағы бойлап суўық антициклон тәсири күшейип бармақта. Нәтийжеде ҳаўа басымы артып, температура төменлемекте, инверсия қубылыслары күшеймекте. Бундай шараятта ҳаўадағы майда бөлекшелер жоқарыға көтерилмей, төменги қатламларда топланып қалады. Метеорологиялық шараятлар себепли ҳаўаның тәбийғый тазаланыў пәти төменлемекте.
Кейинги күнлерде ҳаўаны патасландырып атырған дереклерди анықлаў ҳәм олардың жумысына шек қойыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди. Ыссыханалар, қурылыс майданлары, автотранспорт қураллары ҳәм нызамсыз жумыс алып барып атырған объектлер бойынша өткерилген тексериўлер, қала бойлап көшелерди ығалландырыў, салмаларды тазалаў, фонтанларды иске қосыў сыяқлы турақластырыў илажлары усылардың қатарына киреди. Күшейтилген тәртипте рейдлер ҳәм профилактикалық жумыслар алып барылмақта.

Президентимиз бул илажларды тек ғана пайтахтта емес, ал аймақларда да системалы даўам еттириў, анықланған нызамбузыўшылықларды жедел сапластырыў, ҳаўаға тәсир көрсетиўши барлық факторларды қатаң қадағалаўға алыўды тапсырды.
Турмыслық шығындылардан электр энергиясын ислеп шығарыў бойынша 933 миллион долларлық жойбарлар 6 аймақта – Әндижан, Наманган, Ферғана, Самарқанд, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында басланған, бирақ басқа ўәлаятларда бул бағдарда исенимли ҳәрекет бақланбай атыр. Басланған жойбарларда да инвесторларды инфраструктура – жол, электр, суў менен тәмийинлеў жумыслары талап дәрежесинде емес.
Ўәлаятлар ҳәкимликлери ҳәм Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетине кемшиликлерди сапластырып, келеси жылы қалған аймақларда да усындай жойбарларды баслаў тапсырылды.
2030-жылға шекем турмыслық шығынды полигонларын 50 процентке қысқартыў белгиленген. Кейинги жыллары 47 полигонның жумысы сапластырылып, рекультивация етилди, нәтийжеде 243 гектар жер тәбиятқа қайтарылды.

Бирақ ҳәзирги ўақытта жумыс ислеп атырған 132 полигонның көпшилигинде елеге шекем қорғаныў дийўаллары, “жасыл белбеў,” суў тәмийнаты ҳәм экологиялық қәўипсизлик имаратлары шөлкемлестирилмегени көрсетип өтилди.
– Бул қоршаған орталыққа унамсыз тәсир көрсетип атыр ҳәм халықтың наразылықларына себеп болмақта. Сол себепли, турмыслық шығынды полигонларын экологиялық қәўипсиз аймаққа айландырыў зәрүр. Биринши гезекте, адамлардың тараўдан разылығына ерисиўимиз керек. Бул мәселеге тек ғана шығындыны басқарыў емес, ал санаат, энергетика, экологиялық мәденият пенен тығыз байланыслы бағдар сыпатында қатнас жасаў керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Жуўапкерлерге рекультивацияланған 47 полигон жерин қайта пайдаланыўға киргизип, оларда “жасыл майданлар” жаратыў, жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў керек екенлиги көрсетип өтилди. Барлық полигонлардың әтирапында “жасыл белбеў” жаратыў, терек ҳәм нәл егиў жумысларын ярым полигонларда бәҳәр мәўсиминде, қалған ярымында гүз мәўсиминде жуўмақлаў ўазыйпасы қойылды.
2026-жылдан бул жумысларға республикалық бюджеттен ҳәр жылы кеминде 150 миллиард сум ажыратып барылатуғыны белгиленди.
Соңғы еки жылда бурын қайта исленбеген санаат ҳәм қәўипли шығындыларды қайта ислеў дәрежеси 4,5 процентке алып шығылды. Бул көрсеткиш аз екенлиги атап өтилип, санаат ҳәм қәўипли шығындылар пайда болып атырған және сақланып атырған орынларды хатлаўдан өткерип, оларды қайта ислеў және утилизациялаў бойынша кеминде 1 ден жойбарды баслаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Қәўипли шығындыларды қадағалаў бойынша бирден-бир мәлимлеме-мониторинг платформасын иске қосыў тапсырылды.
Атап өтилгениндей, жеңиллетилген шәртлерде суйылтырылған газ жеткерип бериўде кемшиликлер сақланып қалмақта, талан-тараж етиў жағдайлары ушыраспақта. “Аймақгазтәмийнат” системасына бул жағдайларға шек қойыў, аймақпа-аймақ жүрип, халықтың машқалаларын шешиў тапсырылды. Гөнерген электр тармақлары ҳәм артықша жүклемеде ислеп атырған трансформаторларды хатлаўдан өткерип, олардың турақлы ислеўин тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

Сондай-ақ, 1800 километр электр тармақларында оңлаў жумыслары сапасыз орынланғаны анықланған. Бас прокуратураға бул жағдайларды үйрениў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў, “Энергоинспекция”ға болса қадағалаў жумысларын жаңаша көзқарас тийкарында шөлкемлестирип, айрықша тәртипте жумыс ислеўге өтиў тапсырылды.
Қыс мәўсиминде энергия ресурслары халыққа үзликсиз жеткерип берилиўи шәрт екенлиги айрықша атап өтилди.
Мәжилисте өрт қәўипсизлиги мәселелерине де тоқтап өтилди.
Елимизде 44 мыңнан аслам көп қабатлы имаратларда өрт қәўипсизлиги жағдайын толық үйрениў, айрықша жағдайлар системасы бундай қәўип-қәтерлерге қарсы ҳәрекет етиўге таяр турыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Имаратлардың сыртқы дийўалларында күшли жаныўшы материалларды қолланыўды қадаған ететуғын қатаң талапларды нызам ҳүжжетлерине киргизиў ўақты келгени атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен көп қабатлы турақ жайларда қурылыс нормалары ҳәм өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын халықаралық тәжирийбеге бейимлестириў және жуўапкер басшылардың жуўапкершилигин күшейтиў бойынша нызам жойбарын ислеп шығыў тапсырылды.
Коммуналлық хызметлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм айрықша жағдайларда оператив ҳәрекет етиў системасын жетилистириў мәселелери додаланды. Өткен мәўсимде пайтахтта топланған тәжирийбе тийкарында республиканың басқа аймақлары кесиминде жумысшы топарлар шөлкемлестириў, барлық коммуналлық хызметлер ҳәм басқарыў сервис компанияларын АЖМ диспетчерлик системасына байланыстырыў ҳәм үйме-үй профилактика жумысларын күшейтиў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА