Экспортты көбейтиў ҳәм исбилерменлер ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў мәселелери додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев 1-декабрь күни экспорт потенциалын арттырыў ҳәм исбилерменлердиң мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўын әпиўайыластырыў бойынша презентация менен танысты.
Өзбекстан 2030-жылға шекем экспорт көлемин 45 миллиард долларға жеткериўди мақсет етип қойған. Бул көрсеткишке ерисиў ушын дәстүрий базарлар менен шекленбестен жоқары маржалы жаңа базарларға шығыў зәрүр.

Бул бағдарда сыртқы базарлардағы жетекши тутыныў сегментлери ҳәм жоқары талапқа ийе өнимлер бойынша терең таллаў өткерилди. Нәтийжеде қурылыс материаллары, жеңил санаат, электротехника, азық-аўқат, турмыслық химия, машина қурылысы ҳәм металларға байланыслы бағдарларда экспортты және де арттырыў ушын елимизде үлкен резерв ҳәм имканият бар екенлиги анықланды.
Усы мүнәсибет пенен презентацияда перспективалы базар есапланған мәмлекетлер менен жеңиллетилген саўданы жолға қойыў, саўда-экономикалық қатнасықларды жеделлестирип, экспорт-импорт көлеминиң өсиўине сәйкес түрде шегара өткериў пунктлериниң инфраструктурасы ҳәм қуўатлылығын кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Жуўапкерлер өнимлеримиздиң сыртқы базарларда ийелеген орны, талап жоқары болған товар түрлери, сырт елли шериклер менен әмелге асырылып атырған бирге ислесиў жойбарлары және экспортты диверсификациялаў бойынша орынланып атырған жумыслар бойынша мәлимлеме берди. Бар потенциалдан толық пайдаланыў, жаңа базарларды ашыў ҳәм сыртқы саўда механизмлерин әпиўайыластырыў тапсырылды.

Бүгинги күнде 81 мәмлекетлик уйым тәрепинен исбилерменлерге 739 түрдеги хызметлер көрсетилмекте.
Бирақ 576 түрдеги хызметлер тарқақ ҳалда көрсетилгени ушын исбилерменлер ҳүжжет жыйнап, уйымнан-уйымға сергиздан болып атырғаны көрсетип өтилди. Мәселен, гөш өнимлерин ислеп шығарыў ушын 17 басқыштан өтиў, 10 уйымға барыў керек.
Соның менен бирге, бухгалтерия, салық, экспорт ҳәм сертификатлаў бойынша консалтинг хызметин көрсететуғын бирден-бир жеке меншик сервис майданшасы жоқ. Бундай хызметлерди банклер, қамсызландырыў компаниялары, биржа, брокерлер ҳәм логистика операторлары, бизнес билимлендириў ҳәм тренинг бағдарламалары менен интеграциялаў мүмкин.
Презентацияда исбилерменлер ушын барлық мәмлекетлик ҳәм жеке меншик хызметлерди бир жерге жәмлейтуғын “Бизнес шерик” орайларын ашыў усыныс етилди.

Режеге бола, Саўда-санаат палатасы жанында шөлкемлестирилетуғын орайларда барлық мәмлекетлик ҳәм жеке меншик хызметлерди “бир айна” принципи тийкарында бир жерде, бирден-бир электрон платформа арқалы көрсетиў жолға қойылады. Исбилерменлердиң мүрәжатларына күни-түни жуўап беретуғын “колл-орай” да шөлкемлестириледи.
Президентимиз усынысты мақуллап, орай исбилерменлик субъектин шөлкемлестириўден баслап, жумысын жолға қойыў, таяр өнимлерди сатыў ҳәм экспорт етиўге шекемги барлық тараўларды қамтып алыўы зәрүр екенлигин атап өтти. Жуўапкерлерге бул бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА