Самарқандта өткерилип атырған SITESтиң 20-конференциясы: биокөптүрлиликти сақлаўда халықаралық бирге ислесиў 2025-жыл 24-ноябрьде Самарқандта 184 мәмлекеттен 3000 нан аслам ўәкил қатнасып атырған SITESтиң 20-конференциясы өз жумысын баслады

Фото ҳәм видеорепортаж
Конференцияның тийкарғы темалары – биокөптүрлиликти сақлаў ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астындағы түрлер менен халықаралық саўданы тәртипке салыў мәселелери
CITES COP20 ның ашылыўы 12 күнлик кең көлемли бағдарламаға жол ашты. Бул бағдарлама жалпы мәжилислер, Конвенция қосымшаларына өзгерис киргизиў бойынша усынысларды додалаў ҳәм тематикалық илажларды өз ишине алады.
Конференция қоршаған орталықты қорғаў тараўында тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги стратегияларды ислеп шығыў ушын сийрек ушырасатуғын имканият жаратып, глобал экологиялық машқалаларды шешиўде халықаралық бирге ислесиўдиң әҳмийетин арттырады.


Конференцияда Қарақалпақ тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институты директоры, профессор Светлана Мамбетуллаева ҳәм бөлим хызметкерлери қатнаспақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги