Өзбекстанда пуқаралық объектлериниң қурылысы 28 процентке артты

19

Өзбекстанда 2025-жылдың январь-октябрь айларында пуқаралық объектлериниң қурылысында 51,6 триллион сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылған болып, жәми қурылыс жумысларындағы үлеси 20,9 процентти қурады. Бул ҳаққында Миллий статистика комитети мағлыўмат берди.

Аймақлар кесиминде пуқаралық объектлериниң қурылыс көлеми төмендегише бөлистирилген:

  • Қарақалпақстан Республикасында – 2 трлн сум;
  • Әндижан ўәлаятында – 1,8 трлн сум;
  • Бухара ўәлаятында – 3,8 трлн сум;
  • Жиззақ ўәлаятында – 1,1 трлн сум;
  • Қашқадәрья ўәлаятында – 1,6 трлн сум;
  • Наўайы ўәлаятында – 2,4 трлн сум;
  • Наманган ўәлаятында – 983,2 млрд сум;
  • Самарқанд ўәлаятында – 9,2 трлн сум;
  • Сурхандәрья ўәлаятында – 2,6 трлн сум;
  • Сырдәрья ўәлаятында – 1,8 трлн сум;
  • Ташкент ўәлаятында – 5,8 трлн сум;
  • Ферғана ўәлаятында – 3,1 трлн сум;
  • Хорезм ўәлаятында – 2,1 трлн сум;
  • Ташкент қаласы – 13,4 трлн. сум.

Комитет мағлыўматларына бола, бул көрсеткиш 2024-жылдың сәйкес дәўири менен салыстырғанда 28 процентке өскен,- деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги