Кийим ислеп шығарыў бойынша жетекши аймақлар жәрияланды

26

Кийим ислеп шығарыў бойынша жетекши аймақлар жәрияланды.

Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-октябрь айларында Өзбекстанда ири кәрханалар тәрепинен 34,3 триллион сумлық кийимлер ислеп шығарылған.

Бул көрсеткиш 2024-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 32,9% ке артты.

Аймақлар кесиминде кийим ислеп шығарыў көлеми:

Әндижан ўәлаятында – 15,3 трлн сум;

Ташкент ўәлаятында – 3,4 трлн сум;

Наманган ўәлаятында – 3,4 трлн сум;

Ташкент қаласында – 2,4 трлн сум;

Ферғана ўәлаятында – 2 трлн сум;

Наўайы ўәлаятында – 1,7 трлн сум;

Қашқадәрья ўәлаятында – 1,5 трлн сум;

Бухара ўәлаятында – 1,3 трлн сум;

Самарқанд ўәлаятында – 1,1 трлн сум;

Сурхандәрья ўәлаятында – 520,7 млрд сум;

Жиззах ўәлаятында – 481,8 млрд сум;

Қарақалпақстан Республикасында – 457,5 млрд сум;

Хорезм ўәлаятында – 361,4 млрд сум;

Сырдәрья ўәлаятында – 358,7 млрд сум,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги