1-декабрьден Өзбекстан нызамшылығында нелер өзгереди?

68

2025-жыл 1-декабрьден Өзбекстан нызамшылығында бир қатар өзгерислер ҳәм жаңалықлар күшке киреди. Төменде бул өзгерислерге қысқаша тоқтап өтемиз:

Экология бойынша мағлыўматлар ашық болады

Өзбекстан Қоршаған орталыққа байланыслы мәселелер бойынша мәлимлемеден пайдаланыў, қарарлар қабыл етиў процесинде жәмийетшиликтиң қатнасыўы ҳәм әдил судлаўға ерисиў ҳаққындағы Конвенцияға (Орхус конвенциясы, Орхус қаласы, Дания, 25.06.1998-ж.) қосылғанлығы мүнәсибети менен Экология министрлиги қоршаған орталықтың мәмлекетлик мониторинги мағлыўматлар базасының жәмийетшилик ушын ашық-айдынлығын тәмийинлейди ҳәм оған төмендеги мағлыўматларды жайластырады:

– “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәр жылы егилетуғын тереклер ҳәм нәллер (олардың мәнзили, тәрбиясы ушын жуўапкер шахслар, нәл түрлери ҳәм басқалар) ҳаққында;

– мәмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын тереклер ҳәм путаларды кесиў ушын руқсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетти алыў мақсетинде юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен усынылған арзалар (арза бериўшилер, тереклердиң саны, олардың түрлери ҳәм мәнзиллери ҳаққында) ҳәм тереклерди кесиў бойынша өткерилетуғын жәмийетлик тыңлаўлар (сәнеси, ўақты, мәнзили ҳәм нәтийжелери ҳаққында);

– суў бассейнлеринде рудалы емес материалларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў бойынша енгизилген мораторий тәртибин бузған шахслар ҳаққында ҳәм басқалар.

Сейсмологиялық онлайн платформа иске қосылмақта

Платформа төмендегилерди өз ишине алады:

– итималлы жер силкиниўлердиң регионаллық акселерограммалары базалары;

– республика аймақларын илимий таллаўлар тийкарында сейсмикалық қәўиплилик дәрежеси бойынша классификациялаўды нәзерде тутыўшы улыўма сейсмикалық ҳәм толық районластырыў карталары;

– республикада  болған актив тектоникалық жарықлардың карталары.

ПҲАЖ уйымларына усынылатуғын ҳүжжетлер саны қысқармақта

Төмендегилерге талап бийкар етиледи:

– некелениўши шахсларда ПҲАЖ уйымлары тәрепинен неке дизимге алынғанда, медициналық тексериў нәтийжелери усынылғанда, сондай-ақ, некеден ажырасыўда судтың шешиўши қарары қабыл етилгенде;

–  республика аймағында нотариал тастыйықланған неке шәртнамаларының түп нусқаларын нотариуслар тәрепинен олардың нусқасын “Нотариус” АТға мәжбүрий жүклеў тәртибин енгизиў есабынан.

Шарўа ҳәм қусшыларға субсидиялар

2025-жыл 31-декабрьге шекем мәмлекет тәрепинен төмендегилерге субсидиялар ажыратылады:

– шарўашылық өнимлерин жетистириўши хожалықларға – сырт мәмлекетлерден импорт етилген нәсилли қарамаллардың ҳәр бир бас саны ушын 2 млн сумнан, нәсилли қой ҳәм ешкилердиң ҳәр бир бас саны ушын 400 мың сумнан;

– қусшылық хожалықларына – бир күнлик нәсилли шөжелердиң ҳәр бир данасын импорт етиў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын 15 мың сум.

Барлық мәҳәллелер – бир реестрде

2025-жыл 1-ноябрьде жуўмақланған мәҳәллелер аудити нәтийжесинде олар ҳаққында топланған исенимли ҳәм әҳмийетли мағлыўматларды өз ишине алған мәҳәлле пуқаралар жыйынларының бирден-бир реестри иске қосылады.

“Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги”

Декабрь айының биринши күнлеринде “Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги” басланады. Оның шеңберинде “Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын” көкирек белгиси менен сыйлықлаў илажлары өткериледи. Ҳәптеликти өткериў Президенттиң 26.08.2024-жылдағы ПП-124-санлы Пәрманында нәзерде тутылған.

Аўыл хожалығын санластырыў

Жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыўды нәзерде тутатуғын “E-yaylov” электрон платформасы иске қосылмақта.

31-декабрьде нелер тамамланады

Төмендеги қәрежетлердиң бир бөлегин қаплаў тамамланады:

– Бизнести раўажландырыў банки жанындағы Киши бизнести қоллап-қуўатлаў орайлары жәрдеминде ислеп шығылған жойбарлар шеңберинде импорт етилетуғын әсбап-үскенелерди қамсызландырыў, сондай-ақ, шийки зат ҳәм материалларды сертификатлаў бойынша;

– инвесторларға 2025-жыл 31-декабрьге шекем пайдаланыўға тапсырыў шәрти менен жаңа аспа дар жолларын қурыў ҳәм үскенелеўге бағдарланған ҳәр 500 метр жол ушын 1 миллиард сумнан, дар жолларының узынлығы кеминде 500 метр болғанда;

– 2019-жыл 5-январьдан 2024-жыл 31-мартқа шекем жаңа мийманхана ҳәм басқа да қаржыларды қурыў ҳәм пайдаланыўға тапсырыўды әмелге асырған исбилерменлик субъектлерине, – деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги