1-декабрь – Пүткил жер жүзилик АИЖСке қарсы гүресиў күни

Бүгин пүткил дүньяда АИВ инфекциясына шалынған дерлик 40 миллион наўқас дизимге алынбақта. Жылына болса 1,5 миллионға шамалас жаңа жағдайлар бақланбақта.
Ең ашынарлысы, бул инфекция ҳәр жылы дерлик 600 мың инсанның өмирине зыян жеткермекте. Бул санлар глобаллық көлемде кеселлик үстинен қадағалаўды күшейтиў, ерте диагноз қойыў ҳәм емлеў системаларын жетилистириў зәрүр екенлигинен дерек береди.
1988-жылы Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 1-декабрь сәнеси Пүткил жер жүзилик АИЖСке қарсы гүресиў күни сыпатында жәрияланғанынан берли бул сәне пүткил дүнья бойлап жәмийеттиң итибарын АИЖС машқаласына қаратыўда әҳмийетли роль атқарып келмекте. Бул сәне тек ғана кеселлик ҳаққындағы хабардарлықты арттырып ғана қоймастан, ал АИВ бенен жасап атырған инсанларға кемситиў ҳәм стигма сыяқлы социаллық машқалаларға қарсы гүресиў зәрүрлигин де еслетип турады.
Қәнигелер инфекцияның адамлар арасында артып баратырғанын ерте диагноз қойыў төменлиги менен байланыстырады. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Европа регионаллық бюросына қараслы 53 мәмлекетте, соның ишинде Орайлық Азия мәмлекетлеринде АИВ бенен жасап атырған наўқаслардың шерек бөлеги өз кеселлигинен пүткиллей хабарсыз. Айырымлары кеселликтиң кеш басқышында диагноз қойылғаннан соң ғана медициналық жәрдемге мүрәжат етеди.
Кеселликти кеш анықлаў оның басқаларға жуғыў итималын күшейтеди. Қалаберди, емлеў ҳәм процедуралардың нәтийжелилигин де азайтады. Сол себепли, дүнья көлеминде АИВты ерте анықлаў бойынша тексериў бағдарламаларын кеңейтиў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып есапланады.
Соңғы жыллары Өзбекстан АИЖСке қарсы гүресиўде сезилерли жетискенликлерди қолға киргизбекте. Бул жетискенликлер БМШтың АИВ бойынша қабыл етилген “95-95-95” стратегиясына муўапық әмелге асырылып атырған системалы реформалардан дерек береди.
Елимизде 2024-жылдың үшинши шерегиниң жуўмақларына бола, АИВ анықланған наўқаслардың 84 проценти емлеўдиң дүньяда тән алынған усылы – антиретровирус емлеўлери менен қамтып алынған.
Бул Орайлық Азия регионындағы ең жоқары көрсеткишлерден бири болып, зәрүр препаратлардың 80 проценти мәмлекетлик бюджет есабынан қаржыландырылып атырғаны денсаўлықты сақлаў системасында социаллық әдиллик принципиниң әҳмийетли көриниси, деп айтыў мүмкин.
Дүнья бойынша бақланып атырған ең қәўипли жағдайлардан бири АИЖСтиң жынысый жол менен жуғыў көрсеткишлериниң өсип баратырғаны.
2024-жылы Өзбекстанға қайтқан 158 мыңнан аслам мийнет мигрантларының дерлик 80 проценти АИВ бойынша медициналық тексериўден өткерилген.
Бул миграция процесслери себепли инфекция тарқалыў қәўпин азайтыўдың әҳмийетли факторларынан бири болып есапланады. Анықланған жағдайлар болса диспансерлик қадағалаўға алынып, емлениўге жиберилмекте.
Елимизде ҳәмиледар ҳаяллар арасында АИВны анықлаў бойынша кең көлемли скрининг бағдарламасы алып барылмақта. Ҳәр жылы орташа 600 мың ҳаял усы тексериўден өтеди. АИВ инфекциясы анықланған ҳаяллардан туўылған нәрестелер ушын арнаўлы профилактика протоколлары енгизилген болып, олар өз ўақтында ретровирусқа қарсы дәрилер менен тәмийинленеди. Бағдарламаның нәтийжелилиги жоқары болып, анадан балаға инфекция жуғыўының алдын алыў көрсеткишлери 95 проценттен асламды қурамақта.
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен наўқасларды вирусқа қарсы емлеў кеселликтиң басқышына қарамастан, ол анықланған күннен басланыўы зәрүр екенлиги усыныс етиледи.
Бул кеселликлерге қарсы гүресиў комплексли қатнас жасаўды талап етеди.
Бунда санлы технологияларды енгизиў де үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, олар ҳәкимшилик процесслерди оптималластырыў, мағлыўматларды басқарыўды жетилистириў, наўқаслардың жағдайын турақлы мониторинг етип барыў имканиятын береди.
Соннан келип шығып, Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайында жетилистирилген бирден-бир электрон система иске қосылды ҳәм Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң электрон базасы менен интеграция етилди. Бул болса, наўқаслардың жағдайын бақлаў, профилактика ҳәм емлеў процесслеринде анықлықты тәмийинлеў ҳәм статистикалық мағлыўматларды тез ҳәм анық таллаў имканиятын береди. Бул система АИВға қарсы гүресиў процеси сапа жағынан жаңа басқышқа өткенин аңлатады.
Халықаралық экспертлердиң пикиринше, 2030-жылға шекем АИВтың халық саламатлығына қәўип сыпатындағы глобаллық қәўпин азайтыўға байланыслы тийкарғы мақсетлерге ерисиў мүмкин. Буның ушын ҳүкиметлер кеселликтиң алдын алыў, оған қарсы гүресиў, инфекцияны ерте басқышта анықлаў ҳәм нәтийжели емлеў ушын зәрүр ресурсларды ажыратыўы керек.
1-декабрь – Пүткил жер жүзилик АИЖСқа қарсы гүресиў күни бизди және бир мәрте бул кеселликтиң глобаллық көлемдеги қәўпи, оның социаллық ҳәм экономикалық ақыбетлери, сондай-ақ, оған қарсы гүресиўде халықаралық аўызбиршиликтиң қаншелли әҳмийетли екенин еслетеди.
Бүгин дүнья бойлап миллионлаған наўқаслар бул кеселлик пенен жасап атырған бир ўақытта, ерте диагноз, заманагөй емлеў, санлы мониторинг системалары ҳәм профилактика бағдарламалары АИВ тарқалыўын қадағалаўда шешиўши роль атқармақта.
Бизиң тийкарғы ўазыйпамыз – АИВ бенен жасап атырған наўқасларға жәрдем бериў, жәмийетте саламат минез-қулық мәдениятын қәлиплестириў ҳәм ҳәр бир инсанның медициналық хызметтен тең пайдаланыўын тәмийинлеў болып есапланады. Мине усындай жантасыўлар ғана АИЖСти сезилерли дәрежеде азайтыў имканиятын береди.
ӨзА