Коррупцияға қарсы маўасасыз гүрес жаңа басқышқа көтерилмекте:  Коррупцияға қарсы гүрес улыўма миллий хәрекетке айланыўы тийис

97

Коррупцияға қарсы гүресиў – улыўма миллий ўазыйпа, ҳәр бир ўатанласымыздың ҳүждан иси болып есапланады”

Бүгинги күнде түпкиликли реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық ҳәм иркиниш ­ бул коррупция болып есапланады. Коррупция ақыбетинде жәҳән экономикасы жылына 3 триллион доллар зыян көрип атырғаны – бул глобаллық қәўип. Коррупция иллети себепли жәмийетте әдалатсызлықлар, социаллық теңсизликлер ҳәм жаўызлықлар пайда болады.  Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың сөзи менен айтқанда, «Коррупция сондай жаўыз иллет, ол халықтың мәмлекетке, Конституция ҳәм нызамларға болған исенимине зыян жеткереди, турақлы раўажланыў ҳәм қәўипсизлик ушын айрықша қәўипке айланады».

Бәршемизге мәлим  2003 жылдың 31 октябрь күни БМШ Бас Ассамблеясының 58–сессиясында “Бирлескен миллетлер шолекеминиң Коррупцияға қарсы конвенциясы” (8 бап, 71-статья) қабыл етилди.  Сол жылдың 9-декабрь күни Мексиканың Мерида қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги конференцияда БМШтың Коррупцияға қарсы Конвенциясы қол қойыў ушын ашық деп жәрияланды. Тийисли  келисим имзалары алынғаннан кейин Конвенция 2005-жыл  14 -декабрьде күшке кирди. Бүгинги күнге шекем оған 180 ға шамалас мәмлекет қосылған.  БМШтың  басламасы менен 2004 -жылдан берли ҳәр жылы 9-декабрьХалықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни” пүткил дүньяда белгиленип келмекте.

Өзбекстан Республикасы бул Конвенцияға 2008- жылдың 7-июль күни қосылды ҳәм оның принциплери, норма ҳәм қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары әмелге асырылып, бул жаўыз иллетке қарсы маўасасыз гүрес алып барылмақта. Елимизде 9-декабрь Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни байрамы шеңберинде ҳәр жылы кең көлемли “Коррупцияға қарсы айлығы” өткериледи.

Сиясатшылар атап өткениндей, ҳәр бир мәмлекетте реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўы оның басшысының сиясий ерк-ықрарына байланыслы. Ҳақыйқатында да, мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў мәселесине  шын мәнисинде  Президентимиз Шавкат Мирзиёев  ел басшысы болып келген биринши күнлерден баслап-ақ айрықша итибар қаратылды. 2016-жыл 14-октябрде  Президентимиздиң нызамшылық басламасы менен Өзбекстан  Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы нызам  жойбары Олий Мажлис Нызамшылық  палатасының додаланыўына киргизилди ҳәм қабыл етилди.

2017-жылдың 3-январында Президентимиз тәрепинен қол қойылған бул нызам алдын дара-дара болған ҳуқықый ҳүжжетлерди өзине жәмлеген, усы тараўдағы нызамларды унификациялаған ҳәм халық-аралық талапларға жуўап беретуғын  бир тутас нызам болды. Нызамда «коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары» белгиленди:

  1. 1. Халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыў, сондай-ақ, жәмийетте коррупциялық жағдайларға  маўасасызлық, тақатсызлық қатнасты қәлиплестириў.
  2. 2. Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында системалы ҳәм турақлы түрде коррупцияның алдын алыўға байланыслы илажларды әмелге асырыў.
  3. 3. Коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға шек қойыўҳәм олардың ақыбетлерин, имканият бериўши себепҳәм шараятларды сапластырыў.  Соның менен бирге, коррупцияға байланыслы жынаятларды ислегени ушын  “жуўапкершиликтиң сөзсизлиги”  принципин тәмийинлеў.

Соны да айтып өтиў керек, кейинги 8-9 жылда елимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша ҳуқықый, институционал ҳәм шөлкемлестириў тийкарларының анық системасы жаратылды, тийисли нызамлар қабыл етилди. Булар: «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы, «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы, «Жәбирлениўшилер, гүўалар ҳәм жынаят процесиниң басқа қатнасыўшыларын қорғаў ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик пуқаралық хызметлери ҳаққында»ғы, «Мәплердиң соқлығысыўы ҳаққында»ғы, «Норматив-ҳуқуқый хүжжетлердиң ҳәм олардың жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизасы ҳаққында»ғы  ҳәм тағы басқа нызамлар.

Президентимиздиң 2021-жылы баспадан шықкан “Жаңа Өзбекстан стратегиясы” китабы бәршемиз ушын бағдарламалық мийнет болды десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз. Шығарманың 7–бабында  коррупция темасына бәринен бурын тарийх көзқарасынан жақынласып, бүгинги раўажланған турмысымыз бенен байланыстырғаны ҳәр бир адамның қәлбинде терең орын алып бул иллетке тақатсызлық, жек көриўшилик сезимлерин оятады ҳәм әлбетте бәршемизди жаңаша пикирлеўге шақырады.

Бул мийнетте атап өтилгениндей, Жер жүзинде мәмлекет ҳәм жәмийет пайда болғаннан берли адамзат парахорлық ҳәм коррупцияны раўажланыў ҳәм абаданлықтың душпаны деп билген, оны жәмийетте әдиллик, теңлик, саламат бәсеки ҳәм ҳадаллық принциплери үстин болыўына тосқынлық ететуғын социаллық иллетлерден бири, деп баҳалап, оған қарсы гүресип жасаған.

Әййемги Бабылда (Вавилон) патша Хамурапи нызамлары бойинша, “Егер судья исти көрип шығып, қарар қабыл еткен ҳәм ҳүжжетти мөрлеген болса, соңынан қарарды өзгертсе, онда бул судья әшкара етилиўи ҳәм ол ис бойынша даўа суммасының он еки есеси муғдарында төлеўи керек болган.” Ол лаўазымынан шетлетилип ҳәм оған келешекте судья лаўазымын ийелеў қадаған етиледи.

Сондай-ақ, Мыср фараоны Рамзес I дәўиринде коррупциялық жынаятларда қолға алынған ҳәр бир адам өмириниң қалған бөлегин қуллықта өткерген. Эрамызға шекемги IV әсирде Ҳиндстанда Мауря империясы дәўиринде парахор лаўазымлы шахс ҳаққында мағлыўмат берген адам оның конфискация етилген мүлкинен бир бөлегин сыйлық сыпатында алған.

     Зардуштийликтиң муқаддес китабы Авестода “ҳақыйқатлы ҳүким шығарыў, пара алмаў, дурыс гүўалық бериў ҳәм дурыс сөйлеў” унамлы пазыйлетлер сыпатында улығланған болса, керисинше, “көре тура әдалатсызлық, наҳақлық еткен ҳәмелдарлардың айтқан ҳәм ислеген жаман пикирлери, жаман сөзлери ҳәм жаман әмеллери” қатты қараланған.

      Грек (Греция) ойшыллары Платон ҳәм Аристотель де коррупцияның сиясий системаны жемириўин айтып өткен. Бизге белгили, әййемги Римде: коррупция пүткил империяның ақыр-аяғында қулаўының себеплеринен бирине айланғаны менен де тарийхта қалған….Шыңғысханның “Уллы жасақлары”нда (Яса – нызам, қарарлар) коррупция жынаятлары ушын сөзсиз өлим жазасы көрсетилген.

Жәмийетте халық әрман еткен әдалатлы жәмийетти қурыў ушын коррупцияны ҳәттеки сатқынлық пенен, парахорларды болса жети әўладына шекем сатқынлар менен теңлестириў, ғарғыслаў сиясаты да қолланылғанын тарийх көрсетеди.

Барлық жәҳән динлери коррупция ҳәм парахорлықты қаралайды. Пайғамбарымыз рәўият қылган: “Алла пара бергенди де, пара алғанды да нәлетлеген”; “Баслықлардың саўға ҳәм сыйлықлар алыўы ҳарам”; “Биз бир иске басшы етип тайынлаған адам оған белгиленген мийнет ҳақыдан артық мал тапса, бул ол ушын ҳарам болып есапланады,” (декларация: мүлк ҳәм дәрамат) сыяқлы ҳәдислерди ата-бабаларымыз өз өмири ҳәм жумысында қолланба сыпатында билген.

      Темурийлер дәўиринде де өз лаўазымынан надурыс пайдаланыў аўыр гүна есапланган ҳәм қатты жазаланган. Әмир Темурдың баласы Мираншах, ақлықлары Пирмухаммед ҳәм Халил Султан усы нормаларды бузғаны ушын халық алдында жазаға тартылған.

Усы мийнетте әзелден бул иллетке қарсы гүресиў тек ғана нызамлар ҳәм анық жазалар арқалы емес, ал руўхый-әдеп-икрамлылық илажлар көриў, жәмийетте парахорлық ҳәм коррупцияға қарсы өзине тән “руўхый иммунитет”ти қәлип лестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылып келингени атап өтиледи.

Айтып өтиў керек, Президентимиздиң 2020-жыл 29-июньдеги «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6013-санлы Пәрманы менен Өзбекстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў Миллий кеңесиниң  дүзилиўи ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў Агентлиги  шөлкемлестирилиўи менен  коррупцияға қарсы маўасасыз , тақатсыз гүрес жаңа басқышқа көтерилди.

Миллий кеңес   коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жумыслардың әмелге асырылыўын ҳәм онда катнасыўшы уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырады ҳәмде  бирге ислесиўин тәмийнлейди, сондай ақ,  мәмлекетлик бағдарламалардың ислеп шығылыўын ҳәм әмелге асырылыўын шөлкемлестиреди.

Агентлик Миллий кеңестиң  жумысшы уйымы болып есапланады ҳәмде коррупцияға қарсы гүресиў  мәселелери бойынша  халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўде Өзбекстан Республикасы миллий координаторы ўазыйпасын атқарады.

Агентлик коррупцияга қарсы гүрес тараўында мәмлекетлик сиясатты кәлиплестиреди ҳәм әмелге асырады. Ол ҳәр жылы Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша  миллий баянат таярлайды,   оны Президентке ҳәм Олий Мажлис палаталарына киргизеди

Корррупцияға қарсы гүресиўде халық аралық норма-қағыйдаларды енгизиў, сондай-ақ тәжирийбелерден пайдаланыў ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў мақсетинде  Өзбекстан 2010-жылы  Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў(ОЭСР) шөлкеминиң Шығыс Европа ҳәм Орайлык Азия  мәмлекетлери ушын коррупцияға қарсы тармағының Стамбул хәрекетлер режесине қосылды ҳәм тиккелей бирге ислеспекте.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде коррупцияға қарсы басқа да халықаралық стандартларды енгизиў бойынша унамлы илажлар әмелге асырып атырғанлығы  жақсы баҳаланып, халықаралық  рейтингимиз өспекте. Олардың бири– республикамыздың министрликлери, басқармалары, мәкемелер ҳәм шөлкемлерде кеңнен енгизилип атырған ISO 37001:2016 «Коррупцияға қарсы гүресиў  менеджменти системасы – Талаплар ҳәм  оларды қоллаўға байланыслы усыныслар» халық аралық стандарты.  Бул стандарт «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик пуқаралық хызметлери ҳаққында»ғы, «Мәплердиң соқлығысыўы ҳаққында»ғы ҳәм тағы басқа коррупцияға қарсы нызымларды халықаралық тәртип-қағыйдалар  тийкарында  әмелиятқа енгизиўде үлкен әҳмийетке ийе.

Айрықша айтып өтиў керек, ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2025- жылдың 5‑март күни Коррупцияның алдын алыў бойынша жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм алдағы тийкарғы ўазыйпалар”ға арналған Коррупцияға қарсы гүресиў Миллий кеңесиниң кеңейтилген мәжилисине қатнасты. Биринши мәрте бундай тәризде коррупцияға қарсы гүреске арналған мәжилистиң кең көлемде, катаң талаплар менен, стратегиялық максет ҳәм ўазыйпалар белгиленип тәсирли етип өткерилиўи бәршемизде жуўапкершилик сезимин және де күшейтти.

Бул халқымыз күткен тарийхый әҳмийетке ийе мәжилис болып коррупцияға қарсы маўасасыз гүрес жаңа басқышқа көтерилди десек ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Бүгинги күни мәмлекетимизде коррупция машқаласын жәмийетшилик додалаўына алып шығатуғын ашық система ҳәм орталық жаратылды. Ашықлық бойынша халықаралық рейтинглердеги мәмлекетимиздиң орны 138 текшеге жақсыланып, Орайлық Азияда биринши, дүньяда 30-орынға көтерилди. Президентимиз өз сөзинде   Қайта-қайта айтаман: биз ашық-айдынлық сиясатын, сөз еркинлиги идеяларын турмысқа енгизиўде бәрқулла исенимли боламыз!” деди.

Мәмлекетимизде коррупцияны түп-тамырынан қуртыў ушын ең дәслеп инсан факторы ҳәм қағазпазлықты азайтыўға айрықша итибар қаратылмақта.    Мәселен, жерди ҳәким қарары менен ажыратыўдан толық ўаз кешип, аукцион системасына өтилгени нәтийжесинде коррупция «ошағы»на айланған бул система халықшыл болды. «Ашық-айдын қурылыс» бағдарламасы еңгизилип,  бул бағдарда унамлы өзгерислер болмақта.

«Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди, таңлаў ҳәм тендер санластырылып, саламат бәсеки болғаны себепли сатып алынатуғын товарлар ҳәм хызметлердиң  баҳасы арзанлап, өткен 2024-жылы 14 триллион сум бюджет қаржысы үнемленди.

    Адамларға 100 миллион сумға шекемги турмыслық кредитлерди инсан факторысыз 5-10 минуттың ишинде онлайн берилмекте. Мәҳәллелерде банк хызмети мүйеши ашылып, өзлери адамларға жойбар, кредит усыныс етип, орынланыўын қадағалап бармақта.

Жол ҳәрекети қәўипсизлиги инспекторларына боди-камера менен хызмет етиўдиң енгизилиўи, автономерлердиң аукционда сатылыўы,  «қол радары» ҳәм қағаз протокол дүзиўдиң бийкар етилиўи коррупция факторларының кескин азайыўына алып келди.

  «Халық хызметиндеги мәмлекет» принципи тийкарында исбилерменлерге хызмет көрсетиў жолға қойылып, 120 түрдеги ҳүжжетлерди талап етиў, 160 тан аслам лицензия ҳәм рухсатнамалар бийкар етилди. Нәтийжеде 200 мыңға шамалас жаңа исбилерменлер базарға кирип келди. Сырт ел қатнасыўындағы кәрханалар дерлик 5 есеге артып, 23 мыңға шамаласты ҳәм, ең әҳмийетли тәрепи, реформаларымызға исеними беккемленди. Соңғы жети жылда 120 миллиард доллардан аслам инвестиция киргени, экономикамыз 2 есеге өсип, өткен жылы 115 миллиард долларға жеткени буның айқын дәлили ҳәм нәтийжеси болды.

Президентимиз мәжилисте айтып өткениндей, «Коррупцияның алдын алыў – мәмлекетлик хызметке профессионал ҳәм пидайы кадрларды таңлаў ҳәмде оларды «ҳадаллық вакцинасы» менен шаншыўдан басланады».  Ҳақыйқатында да бул әҳмийетли пикирлер журтбасшымыздың 2020-жыл январь айындағы Олий Мажлиске Мүрәжатнамасында «…жәмийетимиздиң барлық ағзалары «Ҳадаллық вакцинасы» менен емленбес екен, өз алдымызға қойған жоқары шеклерге ерисе алмаймыз», – деген мақсет ҳәм  уазыйпаларымыздың даўамы еди.

Реформаларымыздың  нәтийжелилиги  бәринен  де бурын, садық,  пидайы ҳәм коррупцияға төзимсиз, тақатсыз жаңа әўладқа тиккелей байланыслы. Бул жумыста пикири дүзиў жас әўладты тәрбиялаў тийкарғы ўазыйпаға айланыўы шәрт. Мектеп ҳәм мектепке шекемги шөлкемлерде  «Тәрбия» пәни шеңберинде ул-қызларымызға ҳадаллық, биреўдиң ҳақысына қыянет етпеў сыяқлы ийгиликли идеяларды әпиўайы тилде түсиндирип барыўымыз керек.

Миллий кеңес мәжилисинде айтып өтилгениндей, коррупцияны жеңиў ушын биринши гезекте оның артықша салтанат ҳәм дәбдебе деген «оқ тамырларын» қуртыўымыз шәрт. Тилекке карсы адамлар оларға теңлесемен деп, өзин «отқа-шоққа» урмақта. Айырым басшылар бундай жалған қәдириятлардың тутқынына айланып, нызамсыз дәрамат табыўға умтылып атыр. Сонлықтан, пүткил жәмийетшилик бирлесип, коррупцияға «жәмийет денесиндеги рак» сыпатында қараўымыз тийис. Ҳақыйқаттан ҳәм айырым шаңарақлар биреўлерге жарысып дәбдебели той өткеремен деп қарызларға батып, жетиспеўшиликлер себепли үйининдеги аўыз биршиликлер бузылып атырғанлары аз емес.

Коррупцияға қарсы маўасасыз қатнаста болыў орталығын жаратыў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда коррупциялық факторларды кескин кемейтиў ҳәм бунда жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиў илажларын жеделлестириў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселеси болыўы зарүр ҳәмде коррупцияға қарсы гүрес улыўма миллий хәрекетке айланыўы тийис.

Б.Матмуратов,

 Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң

коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлиминиң баслығы

Қарақалпақстан хабар агентлиги