Президент: “Ҳәр бир қарар, ҳәр бир хызмет, ҳәр бир процесс тек ғана инсан мәпине хызмет етиўи зәрүр”

Президент Шавкат Мирзиёев 28-ноябрь күни пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында бюрократияны сапластырыў мәселелерине бағышланған халықаралық форумның салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасты.
Форумда Өзбекстан Республикасы ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери ҳүкиметлери, сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң жоқары мәртебели ўәкиллери, мәмлекетлик хызмет тараўындағы жетекши экспертлер ҳәм жәмийетлик белсендилер қатнаспақта.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде әнжуманды шөлкемлестириўдеги жәрдеми ушын Бирлескен Араб Әмирликлериниң Ҳүкимет ислери бойынша министри Муҳаммад бин Абдуллоҳ ал-Гаргавийге шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Бул мәмлекеттиң халқын ҳәм басшылығын жақынласып киятырған әййям – Бирлескен Араб Әмирликлери шөлкемлестирилген күн мүнәсибети менен қутлықлады.
– Биз Жаңа Өзбекстанды қурыўда “Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек” деген инсаныйлық идеяға әмел етип атырмыз, – деди Президентимиз.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде халық ҳәм бизнес ушын бюрократия, әўерегершилик ҳәм басқа да ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта. Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў миллий системасын түпкиликли реформалаў ҳәм санластырыў, мәмлекетлик уйымлардың жумысын оптималластырыў, халық пенен мәмлекетлик уйымлар арасында тиккелей қарым-қатнас орнатыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Кейинги жыллары республикамызда бюрократияны қысқартыўға қаратылған 9 пәрман ҳәм қарар қабыл етилди. Мәмлекетлик хызметлер орайлары, Бирден-бир портал платформасы, “Санлы ҳүкимет” сыяқлы системалардың шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде мәмлекетлик хызметлер халқымыз ушын және де қолайлы, оператив ҳәм ашық-айдын болмақта.
Атап айтқанда, 2017-жылы тек ғана 444 түрдеги мәмлекетлик хызметлер көрсетилген болса, бүгинги күнде бул көрсеткиш 1 мың 40 қа жетти. Онда көрсетилген хызметлер саны дерлик 10 есеге көбейип, 55 миллионнан асты. 90 нан аслам хызметлерди проактив ҳәм композит тәризде көрсетиў жолға қойылды.

Мәселен, туўылыў менен байланыслы хызметлердиң композит тәризде көрсетилиўи ҳәр жылы дерлик 1 миллион пуқараға қолайлық жаратпақта. Халықтың жәрдемге мүтәж қатламларына социаллық напақалар, сондай-ақ, жасқа байланыслы пенсия тайынлаў халықтың мүрәжатысыз автомат түрде әмелге асырылмақта.

Санластырыў нәтийжесинде 30 түрдеги хызметлерди реал ўақыт режиминде алыў имканияты жаратылды. Усы жылдың өзинде 8 миллионға шамалас хызметлер автомат тәризде көрсетилди. Ҳүжжет алмасыўдың электрон түрге өткерилиўи халықтың жылына 23 миллиард сум қаржыларын үнемлеў имканиятын бермекте.
Соның менен бирге, бизнес ўәкиллерине де жеңилликлер ҳәм қолайлықлар жаратыў мақсетинде 160 тан аслам лицензия ҳәм руқсатнамалар бийкар етилди. 150 ден аслам руқсатнамалар бүгинги күнде электрон түрде берилмекте, 140 түрдеги ҳүжжет ҳәм мағлыўматларды талап етиў әмелиятына шек қойылды.

Мәмлекетлик хызметлер экстерриториал принцип тийкарында көрсетиле басланды. Сондай-ақ, “Бизнести 15 минутта баслаў” принципи әмелиятқа енгизилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы бүгин бюрократияны азайтыў бойынша айрықша бағдарлама тастыйықланғанын мәлим етти. Бул ҳүжжет, бәринен бурын, мәмлекет ҳәм халық, мәмлекет ҳәм бизнес және мәмлекетлик структураның ишки қатнасықларында бюрократияны сапластырыў, ҳәр тәреплеме қолайлы мәмлекетлик хызметлер экосистемасын жаратыўды нәзерде тутады.
– Тийкарғы мақсетимиз – 2030-жылға шекем Өзбекстанды артықша бюрократиядан жырақ аймаққа айландырыўдан ибарат, – деди Президент.

Бағдарлама шеңберинде 2030-жылға шекем әмелге асырылатуғын әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды. Соның ишинде, мәмлекетлик хызметлердиң саны 1,5 мыңға, электрон хызметлердиң үлеси 95 процентке жеткериледи. Келеси жылдың өзинде 250 хызмет электрон түрге өткериледи. Мәселен, автотранспорт қуралын дизимнен өткериў, қосымша қун салығын қайтарыў сыяқлы хызметлерден электрон пайдаланыў жолға қойылады.
Жаңа Өзбекстанда “Қағазсыз ҳүкимет” системасына толық өтилип, қағаз айланысынан пүткиллей ўаз кешиледи. 40 миллион ҳүжжеттен 25 миллионы, соннан кейинги жылдың өзинде 5 миллионы санластырылады.
Проактив ҳәм композит хызметлердиң саны 400 ге жеткериледи. Келеси жылдың өзинде 180 түрдеги бундай хызметлер енгизиледи.

– Нәтийжеде пуқара мүрәжат етпестен оған хызмет көрсетилетуғын системаға өтемиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Сондай-ақ, барлық мәмлекетлик хызметлер хатлаўдан толық өткериледи. Онда бир-бирин қайталайтуғын, керексиз, пуқараларға жүк болып атырған талаплар бийкар етиледи.
Лицензия ҳәм руқсатнамалар бериў, коммуналлық тармақларға жалғаныў, қурылыс тараўында 300 ден аслам мәмлекетлик хызметлер әпиўайыластырылады. Мәселен, 4 коммуналлық тармаққа бирден-бир арза тийкарында жалғаныў имканияты жаратылады.
Хызмет көрсетиў мүддетлери кескин қысқартылады ҳәм артықша ҳүжжет ҳәм мағлыўматлар талап етиў бийкар етиледи.
100 ден аслам мәмлекетлик хызметлердиң көрсетилиў мүддетлери 50 процентке қысқарады. 110 нан аслам мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлер талап етиў толық бийкар етиледи.
Мәмлекетлик хызметлер порталы, “Лицензия” системасы, “Бир айна” бажыхана платформасы ҳәм колл-орайлар толық жасалма интеллект тийкарында ислеўге өтеди.
Ҳәр жылы министрликлер ҳәм уйымлардың жумысы арнаўлы санлы платформа арқалы баҳаланады. Ең жақсы нәтийжеге ерискен уйымлар ҳәм хызметкерлерди хошаметлеў тәртиби енгизиледи.
Бағдарламаның нәтийжелилигин турақлы мониторинг етиў, министрликлер ҳәм уйымлардың бюрократияны қысқартыўға байланыслы жумысын муўапықластырыў ушын өз алдына Бағдарлама офиси жумысы жолға қойылады.
Халық ҳәм бизнес ўәкиллери ушын бағдарламаға қосымшалар ҳәм жаңа басламаларды тиккелей киргизиў, соның менен бирге, олар тәрепинен министрликлер ҳәм уйымлардың бағдарлама шеңбериндеги жумысын баҳалаў имканияты жаратылады. Буның ушын 3 миллион доллар муғдарында сыйлық қоры шөлкемлестириледи.
Бул қор есабынан бюрократияны сапластырыў бойынша жаңа баслама менен шыққан халық, бизнес ўәкиллери ҳәм мәмлекетлик хызметкерлер айрықша ақшалай сыйлықлар менен хошаметленеди.
Сондай-ақ, қосымша номинациялар бойынша да хошаметлеў механизмлери енгизиледи.
– Бюрократияны сапластырыў – мәмлекеттиң халыққа хызмет етиўге қаратылған тийкарғы ўазыйпасы. Биз биргеликте сондай системаны жаратыўымыз керек, пуқара мәмлекетлик уйымға емес, мәмлекеттиң өзи ҳәр бир пуқараның алдына барыўы ҳәм машқаласын шешиўи керек. Бул – Жаңа Өзбекстан мәмлекетлик басқарыўының заманагөй ҳәм адамгершиликли келбети болыўы зәрүр, – деди Президентимиз.
Буннан соң мәмлекетимиз басшысы рәмзий түймени басып, Бюрократияны сапластырыў бағдарламасын иске қосты.
Ашылыў мәресиминен соң Президентимиз форумның темасы, алға қойылған басламалардың әҳмийети ҳаққында жәмийетшилик ўәкиллери менен сәўбетлести. Елимизде “Инсан қәдири ушын” идеясы барлық реформалардың тийкарын қурап атырғаны, бюрократияны сапластырыў тийкарында ҳәр бир қарар, ҳәр бир хызмет, ҳәр бир процесс тек ғана инсан мәпине хызмет етиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
ӨзА