Мәмлекетимиз басшысы жасалма интеллект тараўын раўажландырыў бойынша режелерди айтты:

– “Нвидиа” компаниясы менен суперкомпьютер кластери иске қосылады, АҚШтың Кремний алабында Миллий трансфер офиси ашылады, барлық аймақлардағы “Келешек орайлары”нда ЖИ бойынша мектеп бағдарламасы енгизиледи;
– мектеплер арасында ҳәр жылы жасалма интеллект бағдарында ең жақсы стартап идеялары бойынша таңлаў өткериў системасы жолға қойылады. Ҳәр бир аймақта жеңимпаз болған мектепте ең заманагөй жасалма интеллект лабораториясы шөлкемлестириледи;
– Жасалма интеллект бойынша Президент таңлаўы шөлкемлестириледи. Ҳәр жылы 100 ең қәбилетли жаслар сайлап алынып, АҚШ, Бирлескен Араб Әмирликлери, Европаның алдынғы технологиялық компанияларына стажировкаға жибериледи;
– жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған ири баслама – “5 миллион жасалма интеллект жетекшилери” жойбарына старт бериледи. 2030-жылға шекем 4,75 миллион оқыўшы ҳәм студент, 150 мың муғаллим, 100 мың мәмлекетлик хызметкер оқытылады. Бунда жасалма интеллект мектеп, кәсиплик билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириў системаларына да интеграцияланады;
– ҳәр жылы ноябрь айы “Жаслар ушын жасалма интеллект айлығы” деп жәрияланады ҳәм турақлы түрде “Жипек жолы жасалма интеллект форумы” өткерип барылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги