Президентимиздиң атап өткениндей, бюрократияны қысқартыў тараўында төмендегилер режелестирилген:

– 2030-жылға шекем мәмлекетлик хызметлер санын 1,5 мыңға жеткериў, электрон хызметлердиң үлесин 95 процентке шекем арттырыў, келеси жылы қосымша 250 хызметти санластырыў, “Қағазсыз ҳүкимет” системасына толық өтиў ҳәм бар 40 миллион ҳүжжеттен 25 миллионын санластырыў;
– проактив ҳәм композит хызметлер санын 400 ге жеткериў, келеси жылы 180 жаңа хызметти енгизиў; лицензиялаў, қурылыс ҳәм коммуналлық тармақларға жалғаныў тараўында 300 ден аслам хызметти әпиўайыластырыў, 4 коммуналлық тармаққа бирден-бир арза арқалы жалғаныў имканиятын жаратыў;
– 100 ден аслам хызметлердиң мүддетлерин 50 процентке шекем қысқартыў, 110 нан аслам ҳүжжет ҳәм мағлыўмат талап етиўди толық бийкар етиў, Мәмлекетлик хызметлер порталы, “Лицензия” системасы, “Бир айна” ҳәм колл-орайларды жасалма интеллект тийкарында ислеўге өткериў.
Қарақалпақстан хабар агентлиги