Статистика тараўындағы жумыслардың барысы ҳәм алдағы режелер көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Миллий статистика комитетиниң есабаты менен танысты.
Усы жыл февраль айында “Статистика жумысларын шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў системасын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент пәрманы қабыл етилген еди. Пәрманға бола, Президент жанындағы Статистика агентлиги Миллий статистика комитети сыпатында қайта шөлкемлестирилди ҳәм статистика жумысларының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўдың тийкарғы бағдарлары белгиленди.
Мәжилисте өткен дәўирде әмелге асырылған жумыслар көрип шығылды.
Соның ишинде, уйымлараралық мағлыўмат алмасыў кеңейтилип, 60 интеграция енгизилгени нәтийжесинде есабат жүклемеси 27 процентке қысқарды. Соның ишинде, салық уйымларының онлайн-касса мағлыўматлары, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден пайдаланыў, аўыл хожалығының егислик майданлары ҳәм зүрәәт ҳаққындағы мағлыўматларды автоматластырылған түрде қабыл етиў жолға қойылды.

Мәжилисте жалпы миллий өнимниң номинал көлемин есаплаўды жақсылаў бойынша исленген жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Базар хызметлери, қурылыс, аўыл хожалығы, санаат ҳәм бюджет қәрежетлерин статистика менен және де кеңирек қамтып алыў нәтийжесинде қосымша 81 триллион сум қосымша қун есапқа алынып, 2024-жылдың жуўмақлары бойынша ЖИӨ көлеми 115 миллиард доллардан 121,4 миллиард долларға артты.
Соның менен бирге, жасырын экономиканың үлеси 2017-жылдағы 50 проценттен 2024-жылы 35 процентке шекем азайғаны атап өтилди. Жақын келешекте және 79 триллион сумлық рәсмий емес экономиканы статистика менен қамтып алыў, жасырын экономика үлесин 29 процентке шекем түсириў имканияты бар екенлиги мәлим етилди.
Президентимиз глобаллық базарда электрон саўда көлеми жедел өсип атырғанын атап өтти. Мәмлекетимизде бул тараўдың өсиў пәтлери 9-11 процентке жетиўи күтилмекте. Сондай-ақ, мәлимлеме технологиялары ҳәм аралықтан хызметлер, фриланс сыяқлы жаңа тараўлар тез раўажланбақта. Миллий статистика системасы алдында бул тараўларды да қамтып алыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар турғаны көрсетип өтилди.

Тутыныў баҳалары индексин дүзиўде мағлыўматларды қолда жыйнаў әмелиятынан ўаз кешип, МT ҳәм жасалма интеллект технологияларына басқышпа-басқыш өтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Миллий статистиканы заманагөй ҳәм халықаралық дәрежеде тән алынатуғын системаға айландырыў мәселелери де көрип шығылды.
Халықаралық “Deloitte” консалтинг компаниясы тәрепинен 23 баслама ҳәм 70 жойбар ислеп шығылғаны айтылды. Оларды басқышпа-басқыш әмелге асырыў статистиканың анықлығы, оперативлиги ҳәм ашық-айдынлығын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди. Буннан тысқары, Жәҳән банки менен биргеликте 2030-жылға шекемги дәўирде статистиканы раўажландырыў миллий стратегиясы ислеп шығылмақта.
Келеси жылы январь айында басланатуғын халықты дизимге алыў жумысларына таярлық мәселелери додаланды.
Ҳәзирги ўақытқа шекем 9008 мәҳәлле бойынша шөлкемлестириў режелери тастыйықланды, дизимге алыўда қатнасатуғын 60 мыңнан аслам “мәҳәлле жетилиги” ўәкиллери ҳәм жуўапкер хызметкерлери ушын арнаўлы оқыў курслары өткерилди.

Дизимге алыў электрон түрде – арнаўлы портал арқалы өткериледи. Мағлыўматлар порталға дизимге алыўшылар тәрепинен үйме-үй жүрип, планшет қурылмалары жәрдеминде киргизиледи. Процесслер геомәлимлеме системасы арқалы мониторинг етип барылады. Буның ушын дизимге алынатуғын квартиралар ҳәм турақ жайлардың геоманзиллери қәлиплестирилди.
Мәмлекетимиз басшысына аймақларда бул бағдардағы жумыслардың таярлық жағдайы бойынша есабат берилди.
Дизимге алыў процесслерин буннан былай да жетилистириў жоллары, соның ишинде, санлы платформалардан пайдаланыў көнликпелерин арттырыў, сырт елге жумыс ислеў, оқыў ямаса хызмет сапарына кеткен пуқараларды дизимге алыў, үйме-үй ҳәм онлайн жыйналған мағлыўматларды интеграциялаў бойынша анық шешимлер ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Президентимиз анық, оператив ҳәм исенимли статистика мәмлекетлик сиясатты белгилеў, экономикалық ҳәм социаллық реформаларды әмелге асырыўдың әҳмийетли факторы екенин атап өтип, тараўды стратегиялық қатнас тийкарында трансформациялаўды даўам еттириў тапсырылды.
Жуўапкерлерге халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажларын жоқары дәрежеде өткериў бойынша көрсетпелер берилди.
ӨзА