Европа Аўқамы менен саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеӊейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен елимизде болып турған Европа Аўқамының Халықаралық шерикликлер бойынша комиссары Йозеф Сикела ҳәм Кеңейиў мәселелери бойынша комиссары Марта Кос басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди усы жылы октябрь айында Брюссельге жоқары дәрежедеги сапар даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў арқалы раўажландырыў мәселелери додаланды.

Европа Аўқамының ўәкиллери Өзбекстан Президентине Европа кеңесиниң Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясының Президенти Урсула фон дер Ляйенниң қызғын сәлемин жеткерди.
Өзбекстан жетекшиси еврокомиссарларды Ташкентте “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” үшинши экономикалық форумы ҳәм Транскаспий транспорт коридоры және өз-ара байланыслылық бойынша инвесторлар форумының табыслы өткерилгени, жуўмағында регионаллық көлемдеги бир қатар жаңа биргеликтеги жойбарлар иске қосылғаны менен қутлықлады.

Өзбекстан – Европа қатнасықлары жедел раўажланып атырғаны, еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўдиң жаңа кең көлемли күн тәртиби қәлиплестирилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Быйыл Европа Аўқамы менен Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды, Самарқанд ҳәм Брюссельде саммитлер болып өтти, Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўы бойынша Европа Аўқамы менен сөйлесиўлер жуўмақланды.
Жылдыӊ басынан берли товар алмасыў дерлик 7 процентке өсти. КШҲКниң әмелиятқа енгизилиўи саўда көлеми ҳәм инвестициялар ағымының сезилерли дәрежеде артыўына хызмет ететуғыны атап өтилди.

Саўданы кеңейтиў ҳәм диверсификациялаў ушын бирге ислесиўдиң институционаллық механизмлерин буннан былай да жетилистириў, санаат кооперациясы, транспорт, санластырыў, әҳмийетли минераллар, энергетика, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда және жаңа қоспа инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.
ӨзА