Өзбекстан Президенти Франция делегациясын қабыллады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Транскаспий транспорт коридоры бойынша инвесторлар форумында қатнасыў ушын Ташкентке келген Франция Республикасы транспорт министри Филипп Табараны қабыллады.
Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Усы жылдың март айында Парижге әмелге асырылған жоқары дәрежедеги тарийхый сапар даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў арқалы Өзбекстан ҳәм Франция арасындағы стратегиялық шериклик, әсиресе, транспорт-логистика тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.


Ушырасыўда пуқаралық авиациясында байланысларды кеңейтиў, транспорт тараўында жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў, соның ишинде, жақында шөлкемлестирилген Өзбекстан – Франция университетиниң имканиятларынан пайдаланыўға айрықша итибар қаратылды.
ӨзА