Шахмат бойынша Жәҳән кубоги жеңимпазы болған шахматшымыз Президент саўғасы – 3 бөлмели квартира, оның тренерлери болса ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады

43

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен елимизде шахмат спорт түрин буннан былай да раўажландырыўға, халқымыз арасында усы спорт түрин ғалаба ен жайдырыўға қосып атырған үлкен үлеси, ел-халқымыз алдындағы перзентлик миннетине садық қалып, күш-ғайраты, жоқары ерк-ықрары ҳәм шеберлигин, ўатансүйиўшилик пазыйлетлерин айқын көрсеткени, дүнья көлеминде Ўатанымыздың абырайын мүнәсип қорғап, жоқары нәтийжеге ерискени, Жаңа Өзбекстанның абырай-мәртебесин дүньяға танытыў, жасларымызды ана ўатанға муҳаббат, миллий мақтаныш сезимлери руўхында тәрбиялаў бағдарындағы айрықша хызметлери ушын шахмат бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы Синдаров Жавоҳир Санжарбековичке “Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы” ҳүрметли атағы берилди.

 

ӨзА