Синдаров Жавохир Санжарбековичке «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы» ҳүрметли атағын бериў ҳаққында

15

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Елимизде шахмат спорт түрин буннан былай да раўажландырыўға, халқымыз арасында усы спорт түрин ғалаба ен жайдырыўға қосып атырған үлкен үлеси, ел-халқымыз алдындағы перзентлик миннетине садық қалып, күш-ғайраты, жоқары ерк-ықрары ҳәм шеберлигин, ўатансүйиўшилик пазыйлетлерин айқын көрсеткени, дүнья көлеминде Ўатанымыздың абырайын мүнәсип қорғап, жоқары нәтийжеге ерискени, Жаңа Өзбекстанның абырай-мәртебесин дүньяға танытыў, жасларымызды ана ўатанға муҳаббат, миллий мақтаныш сезими руўхында тәрбиялаў бағдарындағы айрықша хызметлери ушын:

Шахмат бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы Синдаров Жавохир Санжарбековичке «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы» ҳүрметли атағы берилсин.

Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев.