Қарақалпақстанлы Зульфияханым избасарлары таңлап алынды
84

ФОТОРЕПОРТАЖ
Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектептиң Нөкис филиалында Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа талабанларды таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти. Онда район ҳәм қала басқышларында жоқары балл топлаған жәми 108 қәбилетли қыз қатнасты.
Комиссия ағзалары қатнасыўшыларды тийкарғы сегиз бағдар – әдебият, билимлендириў, мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары ҳәм жәмийетлик жумыс бойынша ерискен жетискенликлери, илимий-дөретиўшилик ҳәм әмелий жумысларын, билим ҳәм қәбилетин реже қағыйдаларына муўапық баҳалады.
Ҳәр бир бағдар бойынша жоқары нәтийже көрсеткен талабанлар кейинги басқышқа жоллама алды.
Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет), ӨзА