Сомалидиң Өзбекстандағы биринши елшиси тайынланды
63

Сомали Федеративлик Республикасының Өзбекстан Республикасындағы биринши елшиси тайынланды. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов өзиниң Телеграм каналында мәлим етти.
Сыртқы ислер министриниң жазыўынша, бүгин, 27-ноябрь күни Фатхудин Али Моҳамед Сомалидиң Өзбекстандағы биринши елшиси сыпатында исеним жарлықларын тапсырған.
Атап өтилиўинше, илаж даўамында еки мәмлекет арасындағы көплеген перспективалы бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де беккемлеўге садықлық билдирилген.
“Елшиниң әҳмийетли дипломатиялық миссиясында үлкен табыслар тилеймиз ҳәм нәтийжеге бағдарланған бирге ислесиўди биргеликте раўажландырамыз,” дейди Бахтиёр Саидов.
Қарақалпақстан хабар агентлиги