Android – смартфонларда қәўипли вирус пайда болды

Android – смартфонларда оның экранын оқый алатуғын Sturnus вирусы анықланды, деп хабар берди Android Authority басылымы.
Вирус жәбирлениўши телефон экранын оқыўдан тысқары, мағлыўматларды шифрлаў системасын да айланып өтиўи мүмкин. Мәселен, Telegram ҳәм Signal мессенджерлериндеги хабарларға да Sturnus вирусы жол таба алады.
Экран арқалы вирус парольлерди жыйнаўы, банк қосымшалары мағлыўматларын қолға киргизиўи, жазыспаларды оқыўы ҳәм смартфондағы мағлыўматларды алыўы мүмкин.
Экспертлердиң пикиринше, вирус Google Chrome ҳәм басқа да ғалабалық қосымшалар нықабында жасырынған. Ол интернетте apk – файллар арқалы тарқатылып атырған болыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги