Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ Президент Олимпиадасы ойынларыныӊ ашылыў мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзи

21

Ассалаўма әлейкум, қәдирли ўатанласлар!

Ҳүрметли ветеранлар, устаз ҳәм тренерлер, күш-ғайратлы ул-қызларым!

Ҳүрметли мийманлар!

Бүгин сизлер менен Жаңа Өзбекстанның тымсалы болған мине, усы саўлатлы Олимпиада қалашасында Президент Олимпиадаcына старт берип атырмыз.

Мәмлекетимизде биринши мәрте өткерилип атырған, пүткил елимиз жасларын Олимпиада ҳәрекетиниң ийгиликли идеялары тийкарында бирлестирип атырған бул спорт байрамы бәршемизге мүбәрек болсын!

Әзиз дослар!

Биз реформаларымыздың дәслепки күнлеринен-ақ барлық тараўлар қатарында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға да үлкен итибар қаратып атырмыз. Кейинги сегиз жылда бюджеттен спортқа берилип атырған жыллық қаржы 250 миллиард сумнан 3 триллион сумға артты; тренерлердиң орташа мийнет ҳақысы 7 есеге көбейди; 250 ден аслам ири спорт объектлери жаңадан қурылды, 100 ге шамалас объект реконструкцияланды; мәҳәллелерде, әсиресе, шетки аўылларда 2 мыңға шамалас спорт майданшалары қурылды, олардың санын ҳәр жылы 500 ге арттырып бармақтамыз; 14 олимпиада ҳәм паралимпиада орайлары толық заманагөй инфраструктура менен тәмийинленди.

Бул жумысларымыз елимиздиң абырайлы халықаралық жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисиўи ҳәм спорты жоқары дәрежеде раўажланған мәмлекетлер қатарынан орын алыўы ушын беккем тийкар жаратпақта. Соның ишинде, Париж Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында мәрт ҳәм баҳадыр спортшыларымыз ҳақыйқый мәртлик көрсетип, 13-орынды ийелегени ҳәр қандай мақтаўға ылайық болып есапланады.

Мине, усындай табыслы жүристиң даўамы сыпатында быйылғы жылы жасларымыз Жәҳән универсиадасында 13-орынды, Бахрейнде өткерилген Жаслар ойынлары ҳәм Саудия Арабстанындағы Ислам тилеклеслиги жарысларында сыйлы 2-орынды ийеледи.

Әсиресе, ул-қызларымыз дүнья, Азия ҳәм Олимпиада ойынларында 50 ден аслам рекорд нәтийжелерге ерискени елимиздиң халықаралық Олимпиада ҳәрекетиндеги орнын ҳәм абырайын анық көрсетип тур.

Футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизгени халқымыз 34 жыл күткен тарийхый ўақыя болды.

Усы күнлерде шахмат бойынша жәҳән кубогиниң ярым финалында бир ўақыттың өзинде 2 шахматшымыз қатнасты. Жаңа ғана хош хабар алдық. 19 жасар халықаралық гроссмейстеримиз Жавоҳир Синдоров Ҳиндстанда өтип атырған бул абырайлы турнирде жеңимпаз болып, жәҳән кубогин қолға киргизди. Енди ол жәҳән тажы ушын талабанлар турниринде қатнасады ҳәм бундай нәтийжелер пүткил халқымызды қуўандырады.

Жаңа Өзбекстанның спорт тарийхын мине, усындай беккем ерк-ықрарлы, мәрт ҳәм жигерли, жоқары интеллектуаллық потенциалға ийе жүзлеген ул-қызларымыз жаратып атырғанына гүман жоқ.

Бундай қаҳарман спортшыларымызға даңқ болсын! Олардың басы үстинде Ўатанымыз байрағы ҳәмийше мақтанышлы желбиреп турсын!

Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!

Әлбетте, ерисилген нәтийжелер өзимиздики. Ең әҳмийетлиси, излениў ҳәм ҳәрекеттен тоқтап қалмаўымыз керек.

Дүньяда барлық тараўлар қатарында спортта да қандай кескин гүрес ҳәм бәсеки болып атырғанын ҳәммемиз көрип турмыз. Бул болса абырайлы халықаралық спорт жарыслары, соның ишинде, Олимпиада ойынларына таярлық системасын және де жетилистириўди талап етпекте.

Бул жумысларды ең төменги буўын болған мәҳәлледен баслаў ушын усы жылы бес басқышлы ғалабалық спорт жарыслары системасына 15 миллион халық қамтып алынды.

Адаптив спортқа берилип атырған итибар себепли кейинги үш жылда параспортшылардың саны дерлик 7 есеге артып, 70 мыңнан аслам майыплығы болған шахслар ғалабалық спортқа тартылды.

Тараўды санластырып, ашық-айдын система жаратқанымыз есабынан барлық 10 мың мектеп ҳәм 9 мың мәҳәлледеги ул-қызларымыз өз потенциалын көрсетиў имканиятына ийе болды.

Енди ең қәбилетли жасларды селекциялаў ҳәм оларды үлкен спортқа бағдарлаў бойынша пүткиллей жаңа система – Президентлик Олимпиада ойынларын баслап атырмыз.

Жарыстың районлық ҳәм ўәлаятлық басқышларында улыўма билим бериў мектеплериндеги спорт дөгереклери, жеке меншик спорт клублары ҳәм 310 спорт мектебинен 100 мыңнан аслам жасларымыз қатнасты.

Ўәлаят ҳәкимлери өзлери басшылық етип, орынларда ең жоқары нәтийжеге ерискен 3 мыңнан аслам ул-қызларымызды Президент олимпиадасына алып келди. Олар спорттың 10 бағдары бойынша өз-ара беллесиўлерди баслады. Жеңимпазлар арнаўлы саўғалар ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады. Ең тийкарғысы, олар сайланды командаларға тиккелей бағдарланады.

Жоқары дәрежедеги таярлықты даўам еттириў ушын олар Олимпиада ҳәм Паралимпиада орайларына қабыл етиледи ҳәм ҳәр бирине стипендия бериледи.

Бир сөз бенен айтқанда, буннан былай ҳәр жылы өткерилетуғын Президент олимпиадасы жаңа талант ийелерин ашып, нәтийжели селекция системасына айланады.

Келеси жылдан баслап суў спорты, велоспорт, триатлон, қылышласыў ҳәм командалық ойынлар бойынша да жарыслар өткерилип, Президент олимпиадасындағы спорт түрлери 20 ға жеткериледи.

Спорт министрлиги, Олимпиада комитети, спорт федерациялары Президент Олимпиадасының ҳәр бир басқышына халықаралық спорт талапларын толық енгизеди; жоқары шеберликтен пайдаланатуғын спортшыларды таярлаў ушын тренерлерди заманагөй методология ҳәм көзқараслар тийкарында оқытыў системасын жолға қояды; жарыс нәтийжелерин ашық-айдын баҳалаў ушын төрешилердиң потенциалын арттырып барады.

Ўәлаят ҳәкимлери спорт түрлеринен келип шығып, спорт мектеплери ҳәм дөгереклериндеги шараятларды жақсылап, заманагөй инвентарьлар менен толық тәмийинлейди; ҳәр жылы кеминде 10 мәҳәлледе заманагөй спорт залларын қурып, жеке меншик спорт клубларының басқарыўына береди.

Хабарыңыз бар, келеси жылы 46-Пүткил жәҳән шахмат олимпиадасы, 2027-жылы 20 жасқа шекемги футболшылар арасында жәҳән чемпионаты ҳәм 2029-жылы Жаслар Азия ойынлары Өзбекстанда өткериледи.

Бүгинги илажымыз болып өтип атырған бул саўлатлы Олимпиада қалашасы, орынларда қурылып атырған заманагөй спорт инфраструктуралары мине, усындай абырайлы халықаралық турнирлерди жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ушын үлкен тийкар жаратпақта. Бундай ири жарыслар халқымыз, әсиресе, жасларымыз ушын үлкен байрам, үлкен шеберлик мектеби болады, мәмлекетимиздиң дослық ҳәм бирге ислесиў ели сыпатындағы халықаралық абырай-мәртебесин және де арттырады.

Президент Олимпиадасы системасы болса бундай жарысларға гәўҳар спортшыларды таңлап алыўға, атап айтқанда, 2028-жылы Лос-Анжелесте өтетуғын Олимпиада ойынлары ушын ҳәр бир аймақтан лицензиялар санын көбейтиўге хызмет ететуғыны сөзсиз.

Келешекте олардың арасынан Баҳодир Жалолов, Улуғбек Рашидов, Диёра Келдиёрова, Акбар Жўраев сыяқлы жәҳән ҳәм Олимпиада чемпионлары әлбетте жетисип шығатуғынына исенемен.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Данышпанлар айтқанындай, ерк-ықрары күшли инсанды, халықты ҳәм миллетти жеңип болмайды.

Әсиресе, спорт қандай уллы күш, қандай жоқары өрнек ҳәм үлги екенин бүгинги салтанатлы мәресимде қатнасып атырған сиз, ҳүрметли спортшыларымыз, тараў ветеранлары, устаз-тренерлер жақсы билесиз.

Егер сизлер өзиңиздеги үлкен тәрбиялық потенциал ҳәм турмыслық тәжирийбени жасларымызға сиңдирсеңиз, оларды билимли ҳәм ақыллы, ўатансүйгиш инсанлар етип тәрбиялаўға үлес қоссаңыз, сизлерден халқымыз да, Президент те миннетдар болады. Себеби ҳәр қыйлы зыянлы идея ҳәм тәсирлер күшейип баратырған ҳәзирги қыйын дәўирде жас әўладымызды ҳәр тәреплеме саламат етип тәрбиялаў шешиўши әҳмийетке ийе болмақта.

Мен бул бағдарда спортты тәрбиядан, тәрбияны болса спорттан ажыратып көз алдына келтире алмайтуғын сиздей ҳүрметли спортшылар, ветеранларымыз ҳәм устаз-тренерлерге сүйенемен.

Әзиз спортшы ул-қызларым!

Ҳеш қашан умытпаң, сизлер мәмлекетимизде биринши мәрте өткерилип атырған Президент олимпиадасының қатнасыўшыларысыз. Әне, усындай ат пенен тарийхқа киресиз. Бул жоқары мәртебеге мүнәсип болып, ҳәммеңиз шеберлик, ҳадаллық ҳәм мәртлик үлгилерин көрсетесиз деп исенемен.

Спорттың қыйын ҳәм жуўапкершиликли жолында еле сизлердиң мойныңызда әзиз Ўатанымыз байрағын бәлент көтерип, оны дүньяға танытыўдай уллы ўазыйпалар турыпты.

Мине, усындай уллы ҳәм муқаддес ўазыйпаны орынлаўға ҳәзирден таяр болың!

Излениў, үйрениў ҳәм шынығыўдан ҳеш қашан тоқтамаң!

Бәрқулла күш-ғайрат ҳәм исеним менен, анық алға басың!

Бул жолда мәмлекетимиз, Президент сизлер ушын барлық зәрүр шараятларды жаратып береди.

Бәршеңизге әўмет ҳәм табыслар яр болсын, әзиз перзентлерим!