Президент Олимпиадасынан-Жәҳән Олимпиадасына: Жасларымыз қәбилетин көрсететуғын үлкен спорт байрамы басланды
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-ноябрь күни Олимпия қалашасындағы стадионда Президент Олимпиадасының салтанатлы ашылыў мәресиминде қатнасты.
Үлкен спорт байрамына шақырық музыкасы жаңлады. Стадионға аймақлық сайлап алыў жарысларынан табыслы өткен спортшылар ҳәм командалар, жәҳән, Азия ҳәм Олимпиада ойынларының чемпионлары шығып келди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.
– Бүгин Жаңа Өзбекстанның тымсалы болған мине усы саўлатлы Олимпиада қалашасында сизлер менен биргеликте Президентлик Олимпиада ойынларына старт бермектемиз. Мәмлекетимизде биринши мәрте өткерилип атырған, пүткил елимиз жасларын олимпиада ҳәрекетиниң ийгиликли идеялары тийкарында бирлестирип атырған бул спорт байрамы бәршемизге мүбәрек болсын! – деди мәмлекетимиз басшысы.
Реформалардың дәслепки күнлеринен-ақ барлық тараўлар қатарында дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға да үлкен итибар қаратылмақта.

Соңғы сегиз жылда бюджеттен спортқа берилип атырған жыллық қаржы 250 миллиард сумнан 3 триллион сумға артты, спорт тренерлериниң орташа мийнет ҳақысы 7 есеге көбейди, 250 ден аслам ири спорт объектлери жаңадан қурылды, 100 ге шамаласы реконструкцияланды.
Мәҳәллелерде, әсиресе, шетки аўылларда 2 мыңға шамалас спорт майданшалары қурылды, 14 Олимпиада ҳәм Паралимпиада орайлары толық заманагөй инфраструктура менен тәмийинленди.
Бул жумыслар елимиздиң абырайлы халықаралық жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисиўи ҳәм спорты жоқары раўажланған мәмлекетлер қатарынан орын алыўына беккем тийкар жаратпақта.
Соның ишинде, Париж Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында мәрт ҳәм баҳадыр споротшыларымыз ҳақыйқый мәртлик көрсетип, 13-орынды ийеледи. Мине, усындай табыслы жүристиң даўамы сыпатында быйылғы жылы жасларымыз жәҳән универсиадасында да 13-орынды, Бахрейнде өткерилген Жаслар ойынлары ҳәм Саудия Арабстанындағы Ислам тилеклеслиги жарысларында сыйлы 2-орынды ийеледи.
Әсиресе, ул-қызларымыз жәҳән, Азия ҳәм Олимпиада ойынларында 50 ден аслам рекорд нәтийжелерге ерискени елимиздиң халықаралық Олимпиада ҳәрекетиндеги орнын ҳәм абырайын анық көрсетип тур.

Футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизгени халқымыз 34 жыл күткен тарийхый ўақыя болды.
– Жаңа Өзбекстанның спорт тарийхын, әлбетте, жүзлеген ерк-ықрары беккем, мәрт ҳәм жигерли, жоқары интеллектуаллық потенциалға ийе ул-қызларымыз жаратпақта. Мине, усындай қаҳарман спортшыларымызға абырай болсын! Олардың басы үстинде Ўатанымыз байрағы ҳәмийше мақтаныш пенен желбиреп турсын! – деди Президентимиз.
Бүгинги күнде дүньяда барлық тараўлар қатарында спорт әлеминде де кескин гүрес ҳәм бәсеки болып атырғаны атап өтилди. Бул болса абырайлы халықаралық спорт жарыслары, соның ишинде, Олимпиада ойынларына таярлық системасын және де жетилистириўди талап етпекте.
Бул жумысларды ең төменги буўын болған мәҳәлледен баслаў ушын усы жылы бес басқышлы ғалабалық спорт жарыслары менен 15 миллион халық қамтып алынды. Адаптив спортқа берилип атырған итибар себепли кейинги үш жылда параспортшылардың саны дерлик жети есеге артып, 70 мыңнан аслам майыплығы болған шахслар ғалабалық спортқа тартылды.
Тараўды санластырыў ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў есабынан барлық 10 мың мектеп ҳәм 9 мың мәҳәлледеги ул-қызлар өз потенциалын көрсетиў имканиятына ийе болды.

Енди ең қәбилетли жасларды селекциялаў ҳәм оларды үлкен спортқа бағдарлаў бойынша пүткиллей жаңа система – Президент Олимпиадасы ойынлары басланбақта.
Жарыстың районлық ҳәм ўәлаятлық басқышларында улыўма билим бериў мектеплериндеги спорт дөгереклери, жеке меншик спорт клублары ҳәм 310 спорт мектебинен 100 мыңнан аслам жасларымыз қатнасты.
Ең жоқары нәтийжеге ерискен 3 мыңнан аслам ул-қызлар Президент олимпиадасына келди. Олар спорттың 10 бағдары бойынша өз-ара беллесиўлерди баслады.
Жеңимпазлар арнаўлы саўғалар ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады. Ең тийкарғысы, олар сайланды командаларға тиккелей бағдарланады.
Жоқары дәрежедеги таярлықты даўам еттириў ушын олар Олимпиада ҳәм Паралимпиада орайларына қабыл етиледи ҳәм ҳәр бирине стипендия бериледи.

Бир сөз бенен айтқанда, буннан былай ҳәр жылы өткерилетуғын Президент олимпиадасы жаңа талантларды ашып, нәтийжели селекция системасына айланады.
Келеси жылдан баслап, суў спорты, велоспорт, триатлон, қылышласыў ҳәм командалық ойынлар бойынша да жарыслар өткерилип, Президент олимпиадасындағы спорт түрлери 20 ға жеткериледи.
2026-жылы 46-Пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасы, 2027-жылы 20 жасқа шекемги футболшылар арасында Жәҳән чемпионаты ҳәм 2029-жылы Жаслар Азия ойынлары Өзбекстанда өткериледи.
– Бундай ири жарыслар халқымыз, әсиресе, жасларымыз ушын үлкен байрам, үлкен шеберлик мектеби болады, мәмлекетимиздиң дослық ҳәм бирге ислесиў ели сыпатында халықаралық абырайын және де арттырады. Президент Олимпиадасы системасы болса бундай жарысларға бай спортшыларды таңлап алыўға, атап айтқанда, 2028-жылы Лос-Анжелесте өтетуғын Олимпиада ойынлары ушын ҳәр бир аймақтан лицензиялар санын көбейтиўге хызмет ететуғынына гүман жоқ, – деди Президентимиз.
Мәмлекетимиз басшысы жыллы хабарды жәриялаў ушын шығып сөйлеген сөзинде тәнепис алды. Шахмат бойынша Жәҳән кубоги финалында гроссмейстеримиз Жавоҳир Синдоров жеңиске ерискени ҳаққындағы жаңалық гүўлеген қол шаппатлаўлар менен күтип алынды.

Сөзин даўам еттирип, Президентимиз спорттың тәрбиялық әҳмийетине тоқтап өтти. Ҳәр қыйлы зыянлы идея ҳәм тәсирлер күшейип баратырған ҳәзирги қыйын дәўирде жас әўладымызды ҳәр тәреплеме саламат етип тәрбиялаў шешиўши әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
– Мен бул бағдарда спортты тәрбиядан, тәрбияны болса спорттан ажыратып көз алдына келтире алмайтуғын сиздей ҳүрметли спортшылар, ветеранларымыз ҳәм устаз-тренерлерге сүйенемен, – деди Президентимиз.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында Олимпиада қатнасыўшыларына әўмет ҳәм табыслар тиледи.

Стадионға Өзбекстан байрағы алып шығылды ҳәм көтерилди, мәмлекетимиз гимни атқарылды.
Олимпиада факели жағылып, үлкен спорт байрамы басланды. Илаж театрластырылған мәдений бағдарлама менен даўам етти.
Мәресимнен соң Президент Шавкат Мирзиёев шахматшымыз Жавоҳир Синдоров пенен телефон арқалы сөйлести.
Мәмлекетимиз басшысы гроссмейстеримизди Ҳиндстанда өткен шахмат бойынша жәҳән кубогинде ерискен жеңиси менен өзиниң атынан ҳәм барлық ўатанласларымыздың атынан қызғын қутлықлап, бул тарийхый ўақыя пүткил халқымызды қуўандырғанын атап өтти. Жас спортшымызға келеси жылы Кипрде болып өтетуғын Талабанлар турниринде табыслар тиледи.
ӨзА