Самарқанд – жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўда, инвестиция ҳәм экспортта үлгили аймақ болады

Президент Шавкат Мирзиёев социаллық-экономикалық реформалар процесслери менен танысыў ҳәм келешектеги ўазыйпаларды белсендилердиң қатнасыўында белгилеп алыў ушын 25-ноябрь күни Самарқанд ўәлаятына келди.
Мәмлекетимиз басшысы Самарқандқа сапарын дәстүрге бола, Имам Бухарий мавзолейин зыярат етиўден баслады. Қуран оқылып, пәтия етилди.

Президентимиздиң басламасы менен бул комплекс уллы муҳаддис бабамыздың ислам дүньясында тутқан жоқары абырайына, үлкен потенциалына мүнәсип тәризде қайтадан қурылды. Улыўма майданы 45 гектарды қурайтуғын аймақта үлкен мақбара, 10 мың адамға мөлшерленген мешит ҳәм ҳәкимшилик имараты, музей, кириў ҳәм шығыў әйўанлары қурылды. Зыярат етиў орнының төрт мүйешиндеги 75 метрлик минаралар оған саўлат бағышлаған.
Бул жер тек зыярат етиў емес, илим-ағартыўшылық, тәрбия ҳәм ибрат орайы болыўы, Имам Бухарийдиң уллы изленислери, билими ҳәм жетиклиги зыяратшылар, әсиресе, жаслар ушын жақсы үлги болыўы керек екенлиги итибарға алынып, комплексте инновациялық музей шөлкемлестирилди. Ол ислам дүньясында муҳаддислер султаны деп тән алынған Имам Бухарийдиң өмири ҳәм илимий мийрасы, ислам ағартыўшылығының раўажланыўына қосқан үлесин көрсетеди.
Комплекс алдын бир күнде 12 мың зыяратшыға хызмет көрсеткен болса, ҳәзир 65 мың мийманға халықаралық стандартларға сәйкес хызмет көрсетиў имканияты жаратылған.
Буннан тысқары, аймақта Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы ҳәм Ҳәдис илими мектеби жайласқан.
Зыярат етиў орны әтирапында 570 миллиард сум қаржы жумсалып, мийманханалар ҳәм саўда-сервис орынлары шөлкемлестирилди. Онда 1 төрт жулдызлы, 2 үш жулдызлы мийманханалар ҳәм 22 шаңарақлық мийман үйлери қурылған. Бул объектлер толық коммуникация тармақлары менен тәмийинленип, аймағы абаданластырылған. 2026-жылға шекем аймақта көклемзарластырыў жумысларын әмелге асырыў ҳәм автомобильлер туратуғын орынларды шөлкемлестириў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы Имам Бухарий зыярат етиў орны халқымыздың бай руўхый мийрасы ҳәм дөретиўшилик потенциалының айқын үлгиси болғанын атап өтип, комплексте ҳәзирги ўақытта алып барылып атырған соңғы абаданластырыў жумысларын сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Президентимиз Ақдәрья районы Даҳбед қалашасында жайласқан Махдуми Әъзам комплексинде әмелге асырылып атырған реконструкция жумыслары менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы усы жылдың март айында ўәлаятқа сапары ўақтында Маҳдуми Әъзам зыярат етиў орнын абаданластырыўға байланыслы жойбар менен танысқан еди.
Ҳаслы ҳәзирги Касансай районында туўылған суфий алым нақшбандия тәлийматының басшыларынан бири болған. Жас ўақытларында Ферғанадағы медреседе саўат ашып, Самарқандта Хожа Аҳрар Валийдиң шәкирти мәўлана Муҳаммед Қазый қолында пир дәрежесине жетеди. Кейин ала өзи тариқат илимине байланыслы 30 дан аслам шығарма жазған, көплеген шәкиртлер жетистирген.
Бул инсанға илим жолындағы хызметлери ушын Махдуми Әъзам атағы бериледи. Илим ҳәм дин жолындағы узақ сапарынан соң Самарқандта мәңгилик қоныс басқан.
Самарқанд ҳүкимдары болған Ялангтош Баҳодир Махдуми Әъзам қәбириниң үстинде мавзолей ҳәм бул жерде үлкен мешит, илим излениўшилери ушын медресе қурдырған. Ол қайтыс болғаннан соң өзиниң ўәсиятына бола, усы жерге жерленген. Улыўма, зыярат орнында 50 ден аслам қәбир тас сақланған болып, көпшилиги кимниң ҳүрметине қойылғаны анықланған. Бул жерде көплеген уламалар қатарында еки Аўғанстан ҳүкимдары (Шаҳ Ҳидаят ибн Шаҳ Қасим (1668-жил), Шаҳ Саодат ибн Шаҳ Ҳидаят) да жерленген.
Ойшыл жерленген зыярат орнында жойбар шеңберинде кең көлемли реконструкция жумыслары әмелге асырылмақта.
Маҳдуми Әъзам зыярат етиў орнының улыўма майданы дерлик 5 гектарды қурайды. Бул жерге келиўши зыяратшылар да көп. Оларға шараятларды жақсылаў мақсетинде Маҳдуми Әъзам мавзолейи жанында үш қабатлы заманагөй автомобиль турыў орны, кириў дәрўазасы ҳәм ҳәкимшилик имаратлар, таҳаратхана, мың адамлық мешит ҳәм қосымша әйўанлар қурылмақта.
Оңлаў жумысларынан соң бир ўақыттың өзинде 35 мың зыяратшыны қабыллаў имканияты жаратылады. Алдынлары 5 мың зыяратшы қабыл етилген.
Сондай-ақ, аймақта зыяратшыларға қосымша қолайлық жаратыў мақсетинде абаданластырыў жумыслары алып барылып, 40 тан аслам саўда ҳәм сервис объектлери шөлкемлестириледи.
Ойшыл еске алынып, Қуран оқылды. Президент зыярат орнында терек екти.
Зыярат етиў орнын буннан былай да абаданластырыў, бағда көп жыллық терек нәллерин отырғызып, зыяратшылар ушын қолайлықлар жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәмлекетимиз басшысы Самарқанд қаласындағы Ҳәзирети Ҳизр комплексинде де болып, мәмлекетимиздиң Биринши Президенти Ислам Кәримовтың мақбарасына гүл қойды.
Қуран аятлары оқылып, пәтия етилди.
Президент Шавкат Мирзиёев “Самарқанд – Ургут” жаңа темир жол линиясында алып барылып атырған жумыслар менен танысты.

Бул темир жол қурылысы усы жылдың февраль айында басланған болып, улыўма узынлығы 55 километрди қурайды. Жойбар шеңберинде еки вокзал, “Ургут” еркин экономикалық зонасында еки жүк станциясы ҳәм бир қатар көпирлер қурылды. Итибарлы тәрепи, бул линияны келешекте толық электрлестириў режелестирилген.
Жаңа жөнелис еки жуп қалалараралық поезд ҳәм тоғыз жуп жүк поездының қатнаўын тәмийинлеў имканиятына ийе. Жойбарды усы жылдың ақырына шекем жуўмақлаў нәзерде тутылған. Поездлардың қатнаўы жолға қойылыўы арқалы жылына 359 мың жолаўшы ҳәм 8,2 миллион тонна жүк тасыў имканияты жаратылады.
Жөнелис Самарқанд қаласы, Тайлақ ҳәм Ургут районларының халқы ушын қәўипсиз ҳәм заманагөй транспорт хызметин усыныўы менен әҳмийетли. Сондай-ақ, ишки туризмниң раўажланыўына да үлкен түртки береди.
Темир жол инфраструктурасы экономиканың тийкарғы тармақларынан бири болып, бул жойбар “Ургут” еркин экономикалық зонасының потенциалын және де арттырыўға хызмет етеди. Жаңа жөнелистиң иске қосылыўы нәтийжесинде 130 жаңа жумыс орны жаратылады.
Мәмлекетимиз басшысы жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге усы жөнелисте ҳәрекетленетуғын поездда Ургутке барды.

Сапар ўақтында Президентимиз темир жол инфраструктурасын раўажландырыў, жолаўшылар ушын қолайлықларды буннан былай да арттырыў, темир жолларды электрлестириў ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў бойынша жуўапкерлерге қосымша тапсырмалар берди. Сондай-ақ, жол бойлап әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларына итибар қаратты.

Ургут районы үлкен потенциалға ийе аймақ сыпатында барған сайын әҳмийетли орын ийелеп атырғаны атап өтилди. Бул жердеги халық исбилермен, исбилерменлик руўхы күшли. Мәмлекетимиз экономикасы ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болған бундай аймақларды раўажландырыўда болса заманагөй логистика ҳәм инфраструктура шешиўши фактор есапланады.
Жаңа темир жолдың келиўи менен Ургутте экономикалық өсиўди шеклеп турған тосқынлықлар, логистикалық “тромблар” сапластырылады. Жүк тасыў тезлеседи, өнимлер базарларға арзан ҳәм өз ўақтында жеткериледи, инвесторлар ушын қолайлықлар және де артып, аймақтың бәсекиге шыдамлылығы артады.
Ең әҳмийетлиси, аймақта жаратылып атырған жаңа имканиятлар халықтың турмыс дәрежесине тиккелей унамлы тәсир көрсетеди. Инфраструктура раўажланған жерде жумыс орынлары көбейеди, хызметлер жақсыланады, исбилерменлик жеделлеседи.
Атап өтилиўинше, бул жойбар темир жол тармағын модернизациялаў ҳәм кеңейтиўге қаратылған жумыслардың әҳмийетли бөлеги есапланады. Бул процессте жумысларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў, санлы технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм қәрежетлерди оптималластырыў зәрүр екенлиги айтылды.
Сапар ўақтындағы сәўбетте мәмлекетимиз басшысы Самарқандта болып атырған социаллық-экономикалық жаңаланыўлардың адамлар турмысындағы унамлы көриниси айқын көзге тасланып атырғаны, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында, Жаңа Өзбекстанның дөретиўшилери сыпатында тәрбиялаў ҳаққында сөз етти. Ургутке шекем тартылған темир жолға тутас жерлерди өзлестириў, оларда аўыл хожалығы мәдениятын арттырыў, билимлендириў тараўында, соның ишинде, қоңсы мәмлекетлер менен халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ургут вокзалы жаңа жөнелистиң тийкарғы ноқатларынан бири. Президентимиз вокзал инфраструктурасы, хызмет көрсетиў системасы ҳәм жолаўшылар ҳәрекетин шөлкемлестириў мәселелерине итибар қаратты. Туристлер ушын қолайлықларды жақсылаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде Ургут районының белсендилери менен қызғын сөйлесиў өткерди. Сөйлесиўде аймақлардағы өзгерислер, халықтың турмыс тәризи ҳәм тынышлықтың қәдири ҳаққында пикир алысылды.
Адамлардың турмыс шараятларын жақсылаў, дәрамат ҳәм абаданлықты арттырыў, мәҳәллелерди абат етиў мәмлекетлик сиясатта тийкарғы бағдар сыпатында белгиленип атырғаны атап өтилди. Экономикадағы структуралық өзгерислер нәтийжесинде санаат, аўыл хожалығы, туризм, транспорт ҳәм энергетика тараўларында ири жойбарлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Нуранийлар бул өзгерислер халықтың турмысында сезилерли нәтийже берип атырғаны, халқымыз реформаларға жоқары баҳа берип атырғанын атап өтти.
Сондай-ақ, Президентимиз вокзал әтирапында халықтың абаданлығын ҳәм аймақтың экономикалық тартымлылығын арттырыўға қаратылған қосымша жойбарлардың презентациясы менен де танысты. Исбилерменлердиң басламасы тийкарында жақын аймақларда автовокзал, шайхана, экобазар, турақ жай имаратлары, жеке меншик мектеп ҳәм бақшалар қурыў режелестирилмекте.
Бул жумыслардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде халыққа жаңа хызмет түрлери жаратылады, аймақтың социаллық инфраструктурасы жақсыланады, исбилерменлик орталығы және де жеделлеседи. Ең әҳмийетлиси, 350 ге шамалас пуқараның турақлы бәнтлиги тәмийинленип, аймақтың экономикалық өсиўине қосымша түртки бериледи.
Мәмлекетимиз басшысы Ургут районындағы “Ferre Group” кәрханасының турмыслық техника ислеп шығарыў жойбарының жумысы менен танысты.
“Ургут” еркин экономикалық зонасындағы бул кәрхана кейинги жыллары елимизде исбилерменлик субъектлерине жаратылған қолайлы имканият ҳәм исенимли инвестициялық орталық нәтийжесинде шөлкемлестирилген заманагөй өндирис комплекси болып есапланады.
Дәслеп шет елден алып келинген комплектлеўши буйымлар тийкарында бир неше түрдеги турмыслық техника қуралларын жыйнаў менен жумыс баслаған кәрхана бүгинги күнге келип музлатқыш, газ плита, киши печь, шаңжутқыш, моры ҳәм басқа да үй-руўзыгершилик буйымлары, заманагөй темир есиклер ислеп шығарыў бойынша Орайлық Азияда беккем орынға ийе ири компанияға айланған.
Бул жерде “Dorsa”, “Kleo”, “Ferre” сыяқлы брендлер астында “Өзбекстанда ислеп шығарылған” белгиси менен таярланып атырған өнимлер Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжанға экспорт етилмекте. Ишки базардағы бәсеки орталығында да “Ferre” өз орнын тапқан брендке айланған. Кәрхананың жыллық қуўатлылығы ҳәзирги ўақытта орташа 440 миллиард сумлық 250 мың дана өнимди қурап, бул көрсеткиш жыл сайын артып бармақта.
Өндирис процесинде “Embraco”, “LG”, “DOW”, “Midea” сыяқлы дүньядағы жетекши компаниялардың материаллары ҳәм комплектлеўши бөлеклеринен пайдаланылады. Бүгинги күнде кәрхана өнимлериниң локализациялаў дәрежеси дерлик 85 процентти қурайды.
Жойбардың улыўма баҳасы отыз миллион АҚШ доллары болып, сырт ел инвестициясы ҳәм банктиң жеңиллетилген кредитлери тартылған. Мыңға шамалас жумыс орны жаратылған. Өндирис үскенелери Германия, Түркия, Италия ҳәм Қытайдың ең соңғы маркадағы технологиялары есапланады.
Шавкат Мирзиёев бул жердеги өндирис процесин бақлады, кәрхана жуўапкерлери ҳәм қәнигелер менен сәўбетлесип, халықаралық стандартларға сәйкес өнимлердиң түрин көбейтиў ҳәм сырт ел базарындағы орнын буннан былай да беккемлеў зәрүрлигин атап өтти. Бул бағдарда мәмлекет тәрепинен жаратып берилген имканият ҳәм жеңилликлерден үнемли пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Өз брендине тийкар салып, елимиздиң абырайын дүньяға жайып атырған исбилерменлер бәрқулла қоллап-қуўатланатуғыны айтылды. Олар қосымша қун жаратып, мыңлаған адамларды турақлы дәраматқа ийе етпекте.
– Исбилерменди қоллап-қуўатламастан жаңа Өзбекстанды қурып болмайды. Егер сизлер тынымсыз изленип, бирлессек, Самарқандта кәмбағал деген қатлам қалмайды. Ҳәрекетте болып, Өзбекстанның атын дүньяға танытыўдай имканиятқа ийесиз, – деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы “Ургут” еркин экономикалық зонасында усындай өндирис кәрханаларын көбейтиў арқалы қосымша қун жаратыў ҳәм жаңа жумыс орынларын ашыўдың әҳмийетли екенлигин атап өтип, жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Бул жерде Президент инвестициялық жойбарлар, Самарқанд ўәлаятындағы жетекши санаат кәрханаларында ислеп шығарылып атырған өнимлер көргизбеси менен танысты.
Презентацияда денсаўлықты сақлаў, таў-кән санааты, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, технопарк, пиллешилик ҳәм металлургия бағдарларындағы бир қатар жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Самарқанд қаласында Түркияның абырайлы компаниялары менен биргеликте мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында көп тармақлы емлеўхана шөлкемлестириў жойбары әмелге асырылады. Бул жойбар шеңберинде 1 мың жумыс орны жаратылады.
Булунғур районында болса Қытай компаниясы менен медициналық препаратлар ислеп шығарыўды жолға қойыў режелестирилген. Бул жойбар шеңберинде де 1 мың адамның бәнтлиги тәмийинленеди.
Сондай-ақ, Қытай компанияларының Ургут районында жипек талшығы ҳәм гезлеме ислеп шығарыў, Нурабад районында технопарк арнаўлы санаат зонасын шөлкемлестириў, Самарқанд қаласында полатты еритиўде пайдаланылатуғын химиялық еритпелер таярлаў, Пастдарғом районында көшпели имаратлар жасаў сыяқлы жойбарлары таныстырылды.
Жойбарларды өз ўақтында сапалы ҳәм жедел әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.
Буннан соң халық депутатлары Самарқанд ўәлаятлық Кеңесиниң гезексиз сессиясы өткерилди.
Сессияда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйлеп, бәринен бурын, ўәлаят жәмиейтшилиги менен көрисип турғанынан қуўанышлы екенин атап өтти. Ўәлаятта ерисилген жетискенликлер ҳәм еле иске қосылмаған имканиятларға тоқтап өтти.
– Өзинде көп мың жыллық тарийх ҳәм қәдириятларды жәмлеген, заманагөй архитектуралық дәстүрлер тийкарында күннен-күнге шырай ашып баратырған бул уллы жер дүнья цивилизациясында өз орнын барған сайын беккемлеп бармақта, – деди Президентимиз.
Атап айтқанда, “Уллы жипек жолы” халықаралық туризм орайының қурылғаны, 40 тан аслам муқаддес зыярат орынларының абат етилгени, “Самарқанд” халықаралық аэропортының жаңадан қурылғаны, онлаған халықаралық бренд мийманханалардың жумыс баслағаны ўәлаяттың туризм потенциалын жаңа басқышқа алып шықты.
Самарқанд соңғы жылларда сиясий, экономикалық, туризм ҳәм бизнес орайына, көплеген ири халықаралық илажлар, форум ҳәм әнжуманлар ушын сөйлесиў майданына айланды.
Усы жылдың өзинде бул жерде 40 тан аслам абырайлы халықаралық әнжуман шөлкемлестирилгени, әсиресе, жақында ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы өткерилгени шынында да үлкен ўақыя болды.
Улыўма, туризм ҳәм оған уқсас тараўларға 1 миллиард доллар инвестиция киргизилгени себепли ўәлаятқа туристлер ағымы 2016-жылға салыстырғанда 7 есеге өсти, туризм хызметлериниң экспорты 600 миллион долларға жетти.
Бүгин ўәлаят тек ғана туризмдеги емес, ал санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиўдеги үлкен потенциалы менен инвестор ҳәм исбилерменлер ушын ҳақыйқый тартымлы орынға айланып бармақта.
Өткен сегиз жылда ўәлаятқа 12 миллиард доллар инвестиция киргизилди, 600 мың турақлы жумыс орны жаратылды, исбилерменлер 2 есеге көбейди.
Өндирислик кәрханалардың саны 1,5 есеге, санаат көлеми 1,7 есеге өсти. Жыллық айланысы 100 миллиард сумнан асқан кәрханалардың саны 81 ге жетти. 55 мәмлекеттен сырт ел инвесторлары жумыс баслады, сырт ел қатнасыўындағы кәрханалардың саны 700 ге шамаласты.
Хызметлер жылына орташа 15 проценттен өсип атыр, быйыл сервис көлеми 75 триллион сумға жетеди.
Сондай-ақ, 2024-жыл ҳәм усы жылдың 10 айында 15 миллион квадрат метрлик турақ жай ҳәм коммерциялық объектлер қурылды. Самарқандлы қурылысшылар республика бойынша жылына 4,5 миллион квадрат метрлик имарат-объектлер қурмақта.
Ўәлаяттың жалпы аймақлық өними 2016-жылы 23 триллион сумды қураған болса, быйыл 120 триллион сумға жетиўи күтилмекте.
Адамлар ўәлаятта әмелге асырылған жумыслар есабынан шаңарағында үлкен унамлы өзгерислер болғанын айтпақта.
Мәселен, өткен дәўирде 2 триллион сумлық 3 мың 200 километр ишимлик суўы ҳәм канализация тармақлары қурылды.
– Бир сөз бенен айтқанда, Самарқандты халық ҳәм исбилерменлер ушын да, туристлер ҳәм инвесторлар ушын да тартымлы аймаққа айландыра алдық, – деди Президентимиз.
Республика районлары ишинде халқы ең көп Ургутте 600 мыңнан аслам адам жасап атыр.
– Ургут районы узақ жыллардан берли ўәлаят аўыл хожалығында жетекши. Қыр ҳәм таслақ жерде “Ургут” еркин экономикалық зонасын шөлкемлестиргенимиз, 860 миллион долларлық 74 жойбардың иске қосылғаны нәтийжесинде Ургут санаатласқан аймаққа айланды, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Санааттың раўажланыўы саўда ҳәм сервиске де үлкен түртки берди. Ҳәзир Ургут ўәлаят санаатында үшинши, хызмет көрсетиўде болса төртинши орында.
Бүгин Ургутте және бир тарийхый ўақыя – 55 километр темир жол линиясы иске қосылды. Бул тармақты электрлестириў жумыслары келеси жылы толық жуўмақланады. Бул, бәринен бурын, халыққа және де қолайлы шараят жаратыў менен бирге санаат, аўыл хожалығы ҳәм сервисте жаңа имканиятлар есигин ашып береди.
Аймақтағы халық турақ жай, канализация, ишимлик суўы, мектеп, бақша, емлеўхана, бизнес инфраструктурасы менен байланыслы мәселелердиң шешимин узақ ўақыттан берли күтип атырғаны көрсетип өтилди. Соның ушын Президентимиз Ургут орайына “Жаңа Өзбекстан” көринисин алып кирип, елимиздеги ең заманагөй ҳәм көркем қалалардан бирине айландырыў бойынша айрықша қарарға қол қойды.
Районның Төменги Камангаран мәҳәллесиндеги “Жаңа Өзбекстан” массивине тутас аймақтан 90 гектар қосымша жер ажыратылып, заманагөй урбанизация тийкарында 100 мың халыққа мөлшерленген экоқала қурылатуғыны жәрияланды.
Жаңа қалада жол, суў, канализация, электр, мектеп, бақша, емлеўхана ҳәм басқа да инфраструктура объектлерин қурыў, исбилерменлик жойбарлары ушын 50 миллион доллар ажыратылады.
Жаңа қаланың 3 гектар майданында районның 35 шөлкеми ушын бирден-бир ҳәкимшилик орай қурып бериледи. Олардың босап қалған имаратлары болса бизнес ушын жеке меншик секторға усыныс етиледи.
Және бир жаңалық – Ақдәрья, Пайариқ, Пастдарғом, Тайлақ ҳәм Самарқанд районларындағы 17,5 мың гектар аймақ Самарқанд қаласына қосып бериледи. Соның есабынан Самарқанд қаласының халқы 604 мыңнан 882 мыңға артады.
Сонлықтан, халқы ҳәм дәраматы күннен-күнге өсип баратырған Самарқанд қаласында заманагөй турақ жайларға болған талапты тәмийинлеў ушын 3 ири массив таңлап алынды. Соның ишинде, “Ширин” массивинде 180 мың, “Темир жол арты” аймағында 100 мың, “Қарасуў-2” массивинде 30 мың халық ушын 700 ден аслам заманагөй көп қабатлы турақ жайлар қурылады.
Бул жерлерде мектеп, бақша, жоқары оқыў орны ҳәм емлеўхана, заманагөй бизнес ҳәм саўда орайы, мийманхана ҳәм ресторан, кеўилашар орынлар да қурылады. Испания инвесторлары менен жеке меншик шериклик тийкарында бул 3 массивтиң канализация системасы жаңаланады.
Қалада жүк транспорты ҳәрекетин азайтыў мақсетинде Ақдәрья, Тайлақ ҳәм Самарқанд районынан өтетуғын магистраль жол бойында 4 логистика орайы қурылады.
Мәмлекетимиз басшысы Ургут мысалында имканиятларды таллап, министрлер ҳәм ҳәкимлер алдына келеси жыл ушын анық ўазыйпаларды қойды.
Сессияда шөлкемлестириў мәселеси де көрип шығылды.
– Биз елимизде инсан қәдирин улығлаў, экономиканы турақлы өсириў арқалы халықтың абаданлығын арттырыў бойынша үлкен шеклер ҳәм режелерди алып атырмыз. Бул жумысларды шөлкемлестириў ушын ўәлаятқа заманагөй пикирлейтуғын, машқалаларды системалы таллап, инновациялық шешим бере алатуғын потенциаллы басшы керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Президентимиз Самарқанд ўәлаяты ҳәкими лаўазымына ҳәким ўазыйпасын атқарып киятырған Адиз Бобоевтың кандидатурасын усыныс етти.
Ўәлаят белсендилери, депутатлардың талабан ҳаққындағы пикирлери тыңланғаннан соң, ўәлаят ҳәкимин тайынлаў мәселеси даўысқа қойылды. Даўыс бериў нәтийжелерине бола, Адиз Бобоев ўәлаят ҳәкими етип тастыйықланды.
Президентимиз жаңа ҳәкимге ол жумыс орнын жаратыўы, кәмбағаллықты қысқартыў, инвестиция ҳәм экспортты көбейтиў, өзине түсер баҳаны азайтыў ҳәм энергияны үнемлеўди арттырыў бойынша Самарқандты үлгили аймаққа айландырыўы шәрт екенлигин көрсетип өтти.
Мәжилис жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлердиң есабатларын ҳәм режелерин тыңлады.
Президент Шавкат Мирзиёев ўәлаятқа сапары даўамында Санлы денсаўлықты сақлаў орайы ҳәм Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медицина орайының Самарқанд филиалларының жумысы менен танысты.
Соңғы бир жылда мәмлекетимизде медицинаны санластырыў жумыслары пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди. Бул жумысларды жолға қойыў мақсетинде Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасында Санлы денсаўлықты сақлаў орайы ашылды.
Бул орайдың Самарқандтағы филиалында алып барылып атырған жумыслар мәмлекетимиз басшысына таныстырылды. Ўәлаяттағы медицина мәкемелеринде санластырыў жумысларының барысы, кеселликлер, наўқаслар ҳәм дәри қураллары ҳаққындағы мағлыўматларды жыйнаў және оларды қайта ислеў ушын қолланылып атырған бағдарламалық шешимлер ҳәм жасалма интеллект технологиялары, булардың барлығы әмелде қандай нәтийжелер берип атырғаны ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Соның ишинде, тараўда DMED бирден-бир электрон мәлимлеме платформасы иске қосылып, оған 36 миллионнан аслам халықтың медициналық мағлыўматлары киргизилди. Тез медициналық жәрдем хызметинде электрон басқарыў жолға қойылып, шақырықларға жетип барыў ўақты қысқармақта.
Сондай-ақ, “Электрон рецепт” системасының жумысы жолға қойылыўы нәтийжесинде артықша дәри жазыў жағдайлары 40 процентке азайды, дәри-дәрмақлардың айланысы ашық-айдын болды.
Елимиз бойлап мәмлекетлик медицина мәкемелери заманагөй мәлимлеме-коммуникация үскенелери менен тәмийинленди, бирден-бир санлы инфраструктура қәлиплестирилди. Үш мыңнан аслам медицина мәкемеси локал тармақ пенен тәмийинленди. Мыңлаған жаңа компьютерлер сатып алынып, техникалық база жаңаланды.
Президентимиз санластырыў арқалы денсаўлықты сақлаўға байланыслы барлық аналитикалық мағлыўматларға ийе болыў мәмлекет ушын әҳмийетли екенин, бул – медицинаны раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеў, тараўда қаржы ҳәм ресурсларды дурыс бөлистириў, дәри-дәрмақ айланысын тәртипке салыў ҳәм коррупция жағдайларына шек қойыўдың әҳмийетли қуралы екенин атап өтти. Жуўапкерлерге бул бағдардағы жумысларды системалы даўам еттириў бойынша көрсетпелер берди.
– Наўқаслар ағымын, кеселликлер структурасын, емлеўдиң сапасын терең таллап барсақ, биз системаның нәтийжесин және де арттыра аламыз, – деди Президентимиз.
Дәри-дәрмақ қуралларын бериўди ашық-айдын ҳәм системалы етиў, сондай-ақ, лицензиялаў процесслерин әпиўайыластырыў мәселелери де көрип шығылды.
Елимизде жүрек-қан тамыр кеселликлерин ерте анықлаў ҳәм жоқары технологиялы медициналық хызметлерди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Барлық аймақларда болғаны сыяқлы Кардиология илимий-әмелий медицина орайының Самарқанд филиалы да түп-тийкарынан жаңаланып, заманагөй көриниске ийе болды.
Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги шараятлар менен танысты.
Орайды раўажландырыў ушын жәми 52 миллиард сум қаратылып, кең көлемли реконструкция жумыслары әмелге асырылды. Бүгинги күнде орай 100 орынлық емлеў орнына айланған болып, 262 түрдеги медициналық үскенелер менен тәмийинленген.
Хызметлердиң қамтып алыныўын кеңейтиў мақсетинде мобиль диагностика системасы жолға қойылып, жети мыңға шамалас наўқасқа коронарография әмелияты өткерилди. Жойбар шеңберинде реанимация бөлими, ситуациялық орай ҳәм күтиў залы да заманагөй усылда қурылды.
Орайда Самарқанд мәмлекетлик медицина университети менен биргеликте кадрлар таярлаўға да айрықша итибар қаратылмақта. Кардиохирургия бағдарында клиникалық ординатура жумысы жолға қойылып, жергиликли қәнигелердиң маманлығы арттырылмақта.
Жаңа имканиятлар себепли жоқары технологиялы медициналық хызметлер көлеми сезилерли кеңейди. Атап айтқанда, жүрек-қан тамыр операцияларының саны жыл даўамында 383 тен 590 ға шекем артты.
Мәмлекетимиз басшысына “Инфаркт ҳәм инсультқа қарсы гүресиў” миллий бағдарламасының презентациясы даўамында жүрек-қан тамыр ҳәм цереброваскуляр кеселликлер бойынша статистика, 5 жыллық кеселлениў динамикасы, Европа стандартларына сәйкес миллий бағдарламалар және тәжирийбе-сынақ жойбарының нәтийжелери ҳаққында мәлимлеме берилди.
Бул кеселликлерди ерте анықлаў, алдын алыў ҳәм емлеў бойынша ислеп шығылған наўқасларды бағдарлаў (маршрутизация) системасы таныстырылды.
Президентимиз бундай орайлар медициналық хызмет сапасын ҳәм халықтың саламатлығын жақсылаўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын, Самарқандта жаратылған тәжирийбени басқа аймақларда да ғалаба ен жайдырыў зәрүрлигин атап өтти.
Соның менен мәмлекетимиз басшысының Самарқанд ўәлаятына сапары жуўмақланды.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Ғолиб ҲАСАНОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршылары