Президент: Самарқанд барлық тараўда методикалық ўәлаят болыўы керек

56

Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Халық депутатлары Самарқанд ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтпекте.

Имам Бухарий мавзолейи аймағы 45 гектарға шекем кеңейтилип, 10 мың адамлық мешит, инновациялық музей қурылды, әтирапында онлаған мийманхана ҳәм мийман үйлери қурылмақта.

Егер Индонезия, Малайзиядан алдынғы туристлик компаниялар алып келинип, мийманханалар басқарыўға берилип, өз-ара пайдалы бирге ислесиў жолға қойылса, туристлер ағымы және де кескин көбейетуғыны атап өтилди.

Бүгин ўәлаят тек ғана туризмде емес, ал санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиўдеги үлкен потенциалы менен инвестор ҳәм исбилерменлер ушын ҳақыйқый тартымлы орынға айланып бармақта.

– Енди Самарқанд – жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, инвестиция, экспорт, улыўма барлық тараўда методикалық ўәлаят болыўы керек. Буның ушын район ҳәкимлери өз аймағының өзгешелигинен келип шығып, штатларын таллап, нәтийжесизлерин қысқартып, сырт елден заманагөй менеджерлер, қәнигелер алып келип, жаңаша ислеўге өтиўи зәрүр, – деди мәмлекетимиз басшысы.

ӨзА