Өзбекстанда ислеп шығарылған өнимлер сырт елде бәсекиге шыдамлы болыўы зәрүр

Мәмлекетимиз басшысы Ургут районындағы “Ferre Group” кәрханасының турмыслық техника ислеп шығарыў жойбарының жумысы менен танысты.
“Ургут” еркин экономикалық зонасындағы бул кәрхана кейинги жыллары елимизде исбилерменлик субъектлерине жаратылған қолайлы имканият ҳәм исенимли инвестициялық орталық нәтийжесинде шөлкемлестирилген заманагөй өндирис комплекси болып есапланады.
Дәслеп шет елден алып келинген комплектлеўши буйымлар тийкарында бир неше түрдеги турмыслық техника қуралларын жыйнаў менен жумыс баслаған кәрхана бүгинги күнге келип музлатқыш, газ плита, киши печ, шаң жутқыш ҳәм моры, басқа да үй-руўзыгершилик буйымлары, заманагөй темир есиклер ислеп шығарыў бойынша Орайлық Азияда беккем орынға ийе ири компанияға айланған.

Бул жерде “Dorsa”, “Kleo”, “Ferre” сыяқлы брендлер астында “Өзбекстанда ислеп шығарылған” белгиси менен таярланып атырған өнимлер Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Әзербайжанға экспорт етилмекте. Ишки базардағы бәсеки орталығында да “Ferre” өз орнын тапқан брендке айланған. Кәрхананың жыллық қуўатлылығы ҳәзирги ўақытта орташа 440 миллиард сумлық 250 мың дана өнимди қурап, бул көрсеткиш жыл сайын артып бармақта.
Өндирис процесинде “Embraco”, “LG”, “DOW”, “Midea” сыяқлы дүньядағы жетекши компаниялардың материаллары ҳәм комплектлеўши бөлеклеринен пайдаланылады. Бүгинги күнде кәрхана өнимлериниң локализациялаў дәрежеси дерлик 85 процентти қурайды.
Жойбардың улыўма баҳасы отыз миллион АҚШ доллары болып, сырт ел инвестициясы ҳәм банктиң жеңилликли кредитлери тартылған. Мыңға шамалас жумыс орны жаратылған. Өндирис үскенелери Германия, Түркия, Италия ҳәм Қытайдың ең соңғы маркадағы технологиялары есапланады.

Шавкат Мирзиёев бул жердеги өндирис процесин бақлады, кәрхана жуўапкерлери ҳәм қәнигелер менен сәўбетлесип, халықаралық стандартларға сәйкес өнимлердиң түрин көбейтиў ҳәм сырт ел базарындағы орнын буннан былай да беккемлеў зәрүрлигин атап өтти. Бул бағдарда мәмлекет тәрепинен жаратып берилген имканият ҳәм жеңилликлерден үнемли пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Өз брендине тийкар салып, елимиздиң абырайын дүньяға жайып атырған исбилерменлер бәрқулла қоллап-қуўатланатуғыны айтылды. Олар қосымша қун жаратып, мыңлаған адамларды турақлы дәраматқа ийе етпекте.
– Исбилерменди қоллап-қуўатламастан жаңа Өзбекстанды қурып болмайды. Егер сизлер тынымсыз изленип, бирлессеңиз, Самарқандта кәмбағал деген қатлам қалмайды. Ҳәрекетте болып, Өзбекстанның атын дүньяға танытыўдай имканиятқа ийесиз, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы “Ургут” еркин экономикалық зонасында усындай өндирис кәрханаларын көбейтиў арқалы қосымша қун жаратыў ҳәм жаңа жумыс орынларын ашыўдың әҳмийетли екенлигин атап өтип, жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Бул жерде Президент инвестициялық жойбарлар, Самарқанд ўәлаятындағы жетекши санаат кәрханаларында ислеп шығарылып атырған өнимлер көргизбеси менен танысты.
Презентацияда денсаўлықты сақлаў, таў-кән санааты, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, технопарк, пиллешилик ҳәм металлургия бағдарларындағы бир қатар жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Самарқанд қаласында Түркияның абырайлы компаниялары менен биргеликте мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында көп тармақлы емлеўхана шөлкемлестириў жойбары әмелге асырылады. Бул жойбар шеңберинде 1 мың жумыс орны жаратылады.
Булунғур районында болса Қытай компаниясы менен медициналық препаратлар ислеп шығарыўды жолға қойыў режелестирилген. Бул жойбар шеңберинде де 1 мың адамның бәнтлиги тәмийинленеди.

Сондай-ақ, Қытай компаниялары Ургут районында жипек талшығы ҳәм гезлеме ислеп шығарыў, Нурабад районында технопарк арнаўлы санаат зонасын шөлкемлестириў, Самарқанд қаласында полатты еритиўде пайдаланылатуғын химиялық еритпелер таярлаў, Пастдарғом районында көшпели имаратлар жасаў сыяқлы жойбарлар усынылды.
Жойбарларды өз ўақтында сапалы ҳәм жедел әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.

ӨзА