Жаңа темир жол линиясы Ургуттиң экономикалық раўажланыўына ҳәм абаданлығына күшли пәт береди

Президент Шавкат Мирзиёев “Самарқанд – Ургут” жаңа темир жол линиясында алып барылып атырған жумыслар менен танысты.
Бул темир жол қурылысы усы жылдың февраль айында басланған болып, улыўма узынлығы 55 километрди қурайды. Жойбар шеңберинде еки вокзал, “Ургут” экономикалық зонасында еки жүк станциясы ҳәм бир қатар көпирлер қурылды. Итибарлы тәрепи, бул линияны келешекте толық электрлестириў режелестирилген.

Жаңа жөнелис еки жуп қалалар аралық поезд ҳәм тоғыз жуп жүк поездының қатнаўын тәмийинлеў имканиятына ийе. Жойбарды усы жылдың ақырына шекем жуўмақлаў нәзерде тутылған. Поездлардың қатнаўы жолға қойылыўы арқалы жылына 359 мың жолаўшы ҳәм 8,2 миллион тонна жүк тасыў имканияты жаратылады.
Жөнелис Самарқанд қаласы, Жамбай, Пастдарғом, Тайлақ ҳәм Ургут районларының халқы ушын қәўипсиз ҳәм заманагөй транспорт хызметин усыныўы менен әҳмийетли. Сондай-ақ, ишки туризмниң раўажланыўына да үлкен түртки береди.

Темир жол инфраструктурасы экономиканың тийкарғы тармақларынан бири болып, бул жойбар “Ургут” еркин экономикалық зонасының потенциалын және де арттырыўға хызмет етеди. Жаңа жөнелистиң иске қосылыўы нәтийжесинде 130 жаңа жумыс орны жаратылады.
Мәмлекетимиз басшысы жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге усы жөнелисте ҳәрекетленетуғын поездда Ургутке барды.

Сапар ўақтында Президентимиз темир жол инфраструктурасын раўажландырыў, жолаўшылар ушын қолайлықларды буннан былай да арттырыў, темир жолларды электрлестириў ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыў бойынша жуўапкерлерге қосымша тапсырмалар берди. Сондай-ақ, жол бойлап әмелге асырылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларына итибар қаратты.
Ургут районы үлкен потенциалға ийе аймақ сыпатында барған сайын әҳмийетли орын ийелеп атырғаны атап өтилди. Бул жердеги халық исбилермен, исбилерменлик руўхы күшли. Мәмлекетимиз экономикасы ушын стратегиялық әҳмийетке ийе болған бундай аймақларды раўажландырыўда болса заманагөй логистика ҳәм инфраструктура шешиўши фактор есапланады.

Жаңа темир жолдың келиўи менен Ургутте экономикалық өсиўди шеклеп турған тосқынлықлар, логистикалық “тромблар” сапластырылады. Жүк тасыў тезлеседи, өнимлер базарларға арзан ҳәм өз ўақтында жеткериледи, инвесторлар ушын қолайлықлар және де артып, аймақтың бәсекиге шыдамлылығы артады.
Ең әҳмийетлиси, аймақта жаратылып атырған жаңа имканиятлар халықтың турмыс дәрежесине тиккелей унамлы тәсир көрсетеди. Инфраструктура раўажланған жерде жумыс орынлары көбейеди, хызметлер жақсыланады, исбилерменлик жеделлеседи.

Атап өтилиўинше, бул жойбар темир жол тармағын модернизациялаў ҳәм кеңейтиўге қаратылған жумыслардың әҳмийетли бөлеги есапланады. Бул процессте жумысларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў, санлы технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм қәрежетлерди оптималластырыў зәрүр екенлиги айтылды.
Сапар ўақтындағы сәўбетте мәмлекетимиз басшысы Самарқандта болып атырған социаллық-экономикалық жаңаланыўлардың адамлар турмысындағы унамлы көриниси айқын көзге тасланып атырғаны, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында, Жаңа Өзбекстанның дөретиўшилери сыпатында тәрбиялаў ҳаққында сөз етти. Ургутке шекем тартылған темир жолға тутас жерлерди өзлестириў, оларда аўыл хожалығы мәдениятын арттырыў, билимлендириў тараўында, соның ишинде, қоңсы мәмлекетлер менен халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ургут вокзалы жаңа жөнелистиң тийкарғы ноқатларынан бири. Президентимиз вокзал инфраструктурасы, хызмет көрсетиў системасы ҳәм жолаўшылар ҳәрекетин шөлкемлестириў мәселелерине итибар қаратты. Туристлер ушын қолайлықларды жақсылаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде Ургут районының белсендилери менен қызғын сөйлесиў өткерди. Сөйлесиўде аймақлардағы өзгерислер, халықтың турмыс тәризи ҳәм тынышлықтың қәдири ҳаққында пикир алысылды.

Адамлардың турмыс шараятларын жақсылаў, дәрамат ҳәм абаданлықты арттырыў, мәҳәллелерди абат етиў мәмлекетлик сиясатта тийкарғы бағдар сыпатында белгиленип атырғаны атап өтилди. Экономикадағы структуралық өзгерислер нәтийжесинде санаат, аўыл хожалығы, туризм, транспорт ҳәм энергетика тараўларында ири жойбарлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Нуранийлар бул өзгерислер халықтың турмысында сезилерли нәтийже берип атырғаны, халқымыз реформаларға жоқары баҳа берип атырғанын атап өтти.

Сондай-ақ, Президентимиз вокзал әтирапында халықтың абаданлығын ҳәм аймақтың экономикалық тартымлылығын арттырыўға қаратылған қосымша жойбарлардың презентациясы менен де танысты. Исбилерменлердиң басламасы тийкарында жақын аймақларда автовокзал, миллий шайхана, экобазар, турақ жай имаратлары, жеке меншик мектеп ҳәм бақшалар қурыў режелестирилмекте.
Бул жумыслардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде халыққа жаңа хызмет түрлери жаратылады, аймақтың социаллық инфраструктурасы жақсыланады, исбилерменлик орталығы және де жеделлеседи. Ең әҳмийетлиси, 350 ге шамалас пуқараның турақлы бәнтлиги тәмийинленип, аймақтың экономикалық өсиўине қосымша түртки бериледи.

ӨзА