Өзбекстанда ҳаял-қызларға қарсы санлы зорлыққа шек қойыў бойынша 16 күнлик кампания басланды

Ҳәр жылы 25-ноябрь – Ҳаял-қызларға қарсы зорлыққа шек қойыў халықаралық күнинен баслап 10-декабрь – Инсан ҳуқықлары күнине шекем дүнья бойлап “Гендер тийкарындағы зорлыққа қарсы 16 күнлик белсендилик” глобал кампаниясы өткериледи.
Бул баслама шеңберинде быйыл БМШ тәрепинен “Ҳаял-қызларға қарсы санлы зорлықты сапластырыў ушын бирлесейик” темасында кампания шөлкемлестирилиўи белгилеп берилген.
Өзбекстанда да бул глобаллық баслама дәстүрий түрде қоллап-қуўатланып, мәмлекет көлеминде түрли бағдарлардағы илажлар ҳәм сөйлесиўлер арқалы кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында өткерилип келинбекте.
2025-жыл 24-ноябрь күни Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссияның басшылығында, БМШ структуралары менен биргеликте “Ҳаял-қызларға қарсы санлы зорлықты сапластырыў ушын бирлесейик” кампаниясына старт берилди.
Илажды ашқан Сенат Баслығы Танзила Норбоева ҳаял-қызларды ҳәр қандай зорлықтан, атап айтқанда, санлы мәкандағы қәўип-қәтерлерден қорғаў бойынша алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтип, зорлыққа қарсы гүрес үзликсиз процесс екенин атап өтти. Оның айтыўынша, айырым зыянлы стереотиплер жәмийетте дәстүр сыпатында талқыланыўы мүмкин, бирақ инсан ҳуқықларын бузатуғын бундай түсиниклерди сапластырыў әҳмийетли ўазыйпа есапланады. “Ҳеш қандай стереотип зорлықты ақлай алмайды,” – деп атап өтти.
Илажда министрликлер ҳәм уйымлар, ҳуқық қорғаў уйымлары, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери, халықаралық экспертлер ҳәм БМШтың Өзбекстандағы агентликлериниң хызметкерлери қатнасты.
Сондай-ақ, БМШтың Өзбекстандағы турақлы координаторы Сабин Махл мәмлекетте шаңарақтағы зорлықты жынаят деп белгилеў, қорғаў хызметлерин күшейтиў сыяқлы реформалар санлы зорлыққа қарсы гүресиў ушын әҳмийетли база жарататуғынын атап өтип, санластырыў артып барған сайын нызам ҳәм хызметлерди де жетилистириў зәрүрлигин атап өтти.
“БМШ-ҳаял-қызлар” структурасы Орайлық Азия Муўапықластырыўшы офисиниң басшысы Жерен Гувен Гуреш глобал санластырыў тез өсиўине қарамастан, дүньяда онлайн зорлық ҳәм технологиялар арқалы зорлық жағдайларының үлкен бөлеги жасырын түрде қалып атырғанын атап өтти. Оның сөзлерине бола, 2025-жылға шекем 117 мәмлекет санлы зорлыққа қарсы илажлар көрип атырған болса да, бул трансмиллий қәўипке жуўаплар елеге шекем тарқалған ҳәм муўапықластырылмаған ҳалда қалмақта.
Илаж қатнасыўшылары санлы мәканларды барлық ҳаял-қызлар ушын қәўипсиз, саламат ҳәм имканиятлар жарататуғын орталыққа айландырыў ушын муўапықластырылған ҳәрекетлерди күшейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, санлы зорлыққа қарсы гүресиў бойынша усыныс ҳәм басламалар да билдирилди.
Кампания шеңберинде 25-ноябрьден 10-декабрьге шекем мәмлекеттиң барлық аймақларында “Ҳаял-қызларға қарсы санлы зорлықты сапластырыў ушын бирлесейик” темасында түрли илажлар, сөйлесиў майданлары, оқыў семинарлары ҳәм мәлимлеме кампаниялары өткериледи, – деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги