Студентлер жалғыз кекселерден хабар алды

60

Елимиз бойлап даўам етип атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде «Таза қала» акциясы өткерилди.

Акция шеңберинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти ҳәм студент-жаслары тәрепинен жәмийетлик аўызбиршилик ҳәм мийрим-шәпәәт дәстүрлерин еле де беккемлеў мақсетинде қайырқомлық илажы шөлкемлестирилди.

Усы ийгиликли баслама шеңберинде студент-жаслар мәҳәллелерде жасайтуғын жалғыз кекселердиң жағдайынан хабар алып, олардың турақ жайлары ҳәм оның әтирапындағы жумысларды ислеўге көмеклести.

Илаж даўамында студентлер үй әтирапын тәртипке келтириў, тазалаў, шығындыларды алып таслаў сыяқлы жумысларды атқарып, кекселер менен сәўбетлести ҳәм олардың дуўа-пәтиясын алды.



Бул акция кекселер ушын қолайлық жаратып ғана қоймастан, студентлерде мийрим-шәпәәт, жуўапкершилик сезимлерин күшейтип, пуқаралық позициясын беккемлеўге хызмет етти.

Бундай илажлар алдағы ўақытларда да даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги