“Доҳадағы кинофестиваль ғәрезсиз ҳәм авторлық киноның ең әҳмийетли майданларынан бири болып, өзине тән көзқараслар ҳәм исенимли көркем позицияға ийе болған режиссёрлардың өз пикирлерин билдириў имканиятын береди
36

Фестиваль бағдарламасынан онлаған мәмлекетлерден фильмлер орын алған; жас авторлар ҳәм жергиликли кинодөретиўшилерге айрықша итибар қаратылған болып, олар ушын арнаўлы бөлимлер ҳәм таңлаў бағдарламалары шөлкемлестирилген.



Кеше Қатар пайтахтының дыққатқа ылайық мәдений орынларында болып өтип атырған усы фестивальға бардым. Заманагөй кино – әҳмийетли кейпият ҳәм мәнислерди сәўлелендириў, соның менен бирге, жәмийетимизди ҳәзирги ўақытта қандай темалар тәшўишке салып атырғанын түсиниў усылы болып есапланады,” – деп жазады Саида Мирзиёева өзиниң телеграм каналында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги