Аўыл хожалығы қамсызландырыў қоры шөлкемлестириледи

“Аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў механизмин нәтийжели шөлкемлестириў ҳаққында”ғы Президент пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға бола, аўыл хожалығы қамсызландырыў системасын енгизиўдиң тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленди, соның ишинде:
– тәбийғый ҳәм техноген апатлар, өрт, зыянкеслер ҳәм кеселликлер тәсиринде өсимлик ҳәм ҳайўанларға жеткерилген зыянларды қаплап бериў;
– аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў көлемин 2030-жылға шекем басқышпа-басқыш 20 процентке арттырыў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылардың қәўип-қәтерлерин азайтыў.
Пәрманға бола, Аўыл хожалығы қамсызландырыў қоры шөлкемлестириледи.
2026-жылдан аўыл хожалығы өнимин ислеп шығарыўшылар өним жетистириў ушын жеңиллетилген кредитлерден пайдаланғанда ислеп шығарылатуғын өнимниң жоғалтылыў қәўпин алдыннан қамсызландырыў басқышпа-басқыш әмелге асырылады.
Кластер, фермер хожалықлары ҳәм басқа да аўыл хожалығы кәрханаларының жеңиллетилген кредитлер бойынша қарыздарлықлары аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыў шәртнамасы бойынша қапланбайды.
Сондай-ақ, 2025-жылдың ақырына шекем Аўыл хожалығы қамсызландырыўы мәлимлеме системасы иске қосылады, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги