Өзбекстан – Корея: исеним, дослыққа тийкарланған шериклик избе-из раўажланбақта

58

Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев Корея Республикасы Миллий Ассамблеясының Мәденият, туризм ҳәм спорт комитетиниң баслығы ҳәм “Корея-Өзбекстан” парламентлик дослық топарының басшысы Ким Гё Хон менен ушырасты.

Онда Өзбекстан-Корея қатнасықларының ҳәзирги жағдайы ҳәм оларды, соның ишинде, еки тәреплеме парламентлераралық бирге ислесиў арқалы буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланды.

Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы исеним, дослық ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўға тийкарланған узақ мүддетли шерикликти избе-из раўажландырып атырғаны атап өтилди.

Еки мәмлекет басшыларының 2025-жыл сентябрь айында БМШ Бас Ассамблеясының 78-сессиясы шеңберинде болып өткен ушырасыўы еки тәреплеме байланысларға және де түртки бергени атап өтилди.

Еки мәмлекет парламентлери арасындағы өз-ара байланыслар жаңа ҳәм турақлы өзгешеликке ийе екени айрықша атап өтилди. Парламентлер денсаўлықты сақлаў, санлы технологиялар, климат күн тәртиби, спорт ҳәм басқа да тараўларда сөйлесиўди тереңлестириў ушын үлкен потенциалға ийе екени атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында парламентлераралық бирге ислесиўди және де жеделлестириў ҳәм жоқары дәрежеде ерисилген Өзбекстан-Корея келисимлериниң өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўы үстинен парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў бойынша келисимге ерисилди.

ӨзА